Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 19:23:32, 26.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

РУСТАМ ЖАҢАБАЕВ АНТ БЕРДИ

Индонезияда болып өткен XVIII Азия ойынларында аўыр атлетика бойынша қола медальды қолға киргизип, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жылдағы «XVIII Азия ойынларының жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийелерин сыйлықлаў ҳаққында»ғы Бийлигине муўапық, Қарақалпақстан Республикасының Нөкис қаласынан 5 ханалы жай менен сыйлықланған Рустам Жаңабаев Нөкис гарнизонындағы мобилизациялық шақырыў резерви батальонында әскерий хызметин өтеди.

Ҳақыйқатында да, елимиз сайланды командасы қурамында мәмлекетимиз байрағын бәлент желбиретип атыр­ған Рустам Жаңабаев кейинги жылларда бир қатар жарысларда қатнасып, сыйлы орынларды қолға киргизиўге миясар болды. Еле жас болыўына қарамастан, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мақтанышына айланған Рус­там 25 жасына шекем үлкен жолды басып өтиўге үлгерди. 2016-жылдың 14-17-декабрь күнлери Катардың Доха қаласында аўыр атлетика бойынша Азия кубогы ҳәм IV Халықаралық Катар кубогында 105 килограммнан артық салмақ категориясында үш алтын ҳәм бир гүмис медальды қолға киргизип, Азия кубогы жеңимпазына айланды.

2017-жылы Әзербайжанның Баку қаласында өткерилген Ислам бирлиги ойынларында чемпион болған ол сол жылы Түркменстанның Ашхабад қаласында жабық объектлерде ҳәм қол урысы өнери бойынша V Азия ойынларында сыйлы орынды қолға киргизип, ҳүкиметимиз тәрепинен «Nеxia» автомобили менен сыйлықланды.

2018-жылдың ноябрь айын­да Түркменстан пайтахты Ашхабад қаласында болып өткен жәҳән чемпионатында 109 кг. салмақ категориясында 2 қола медальды қолға киргизди.

Рустам ҳәзирги күнде 2020-жылы Японияның Токио қаласында өткерилетуғын XXXII жазғы олимпиада ойынларына қызғын таярлық көрмекте. Әскерий хызметтен соң ол Өзбекстан Миллий гвардиясы қатарында хызмет етиў нийети бар екенлигин айрықша атап өтти.

Мобилизациялық шақырыў резервинде хызметтиң белгиленген мүддетин өтеген жигитлердиң әскерий ант бериў мәресиминде Рустам Жаңабаев сыяқлы жүзлеген жигитлер елимизди көздиң қарашығындай қорғаўға ўәде берди.

 

Арқа-Батыс әскерий округиниң баспасөз хызмети.

СҮЎРЕТТЕ: Рустам ЖАҢАБАЕВ.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF