Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 13:37:24, 26.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЖУМЫСЛАР  ЖУЎАПКЕРШИЛИГИ ЖАНЛАНАЖАҚ

6-июль күни Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары, Республика Ҳаял-қызлар комитети баслығы Элмира Боситхонова Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёев тәрепинен Олий Мажлис Сенатының жигирмаланшы жалпы мәжилисинде белгилеп берилген ўазыйпалардың орынланыўын ҳәм Ҳаял-қызлар комитети хызметиниң әпиўайы ҳәм халықшыл болыўын тәми­йинлеў, усы тараў жумысларын системалы шөлкемлестириў, халық, әсиресе, ҳаял-қызлардың жасаў шараятын жақсылаўдағы тәсирин күшейтиў мақсетинде республикамызда болды.

Мәмлекетимизде ҳаял-қызлардың социаллық-сиясий ҳәм социаллық белсендилигин арттырыў, олардың ҳәр қыйлы тараўларда өзлериниң қәбилет ҳәм имканиятларын жүзеге шығарыўы ушын шараятлар жаратыў, ҳуқық ҳәм нызамлы мәплерине сөзсиз әмел етилиўин тәмийинлеў, аналықты ҳәм балалықты ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, сондай-ақ, шаңарақ институтын беккемлеў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.

Ҳаял-қызларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, олар менен мақсетли ислерди шөлкемлестириў, шаңарақларда руўхый әдеп-икрамлылық орталығын беккемлеўге тосқынлық етип атырған машқала ҳәм кемшиликлерди сапластырыў мақсетинде бир қатар илажлар әмелге асырылмақта.

БЕРУНИЙЛИЛЕРГЕ СӘТЛИ КЕЛГЕН САПАР

Республикамызға болған сапары ушын дүзилген «Жол карта»ға муўапық, Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары, Республика Ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы Элмира Боситхонова ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары, Республика Ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы З.Ибрагимовалар қатнасыўында дәслеп Беруний районындағы Жаслар орайында Беруний, Төрткүл ҳәм Елликқала районы ҳаял-қызлары менен көшпели қабыллаў өткерилди. Онда усы 3 районнан келген ҳаял-қызлардың тилек-өтинишлери, машқалалары тыңланып, нызам шеңберинде үйренип шығылды.

Ушырасыў соңында тийисли тараў басшыларына мүрәжатлар бойынша оператив түрде жумысшы топар дүзип, көтерилген мәселелердиң шешими бойынша Өзбекстан Республикасы Ҳаял-қызлар комитетине мағлыўмат берилиўи тапсырылды.

Усы күнниң өзинде мүрәжатлар шешимин таўып, Беруний районында социаллық қорғаўға мүтәж, аўыр шараятта жасап атыр­ған, майыплылығы болған, турақ жайға мүтәж ҳаял-қызларға жаңа үйлердиң гилтлери салтанатлы түрде тапсырылды.

— Мине, бүгин берунийли 18 кем тәми­йинленген, бағыўшысын жоғалтқан, жал­ғыз өзи ержетпеген перзентлерин тәрбиялап атырған, және де майып перзентине бәнт болып, оған айрықша күтим менен қарап атырған аналар шексиз қуўанышқа бөленип атыр.

Олар арасында бир неше жыллар даўамында ижарама-ижара жүрип, өзлериниң үйлерине ийе болмаған ҳаял-қызларымыз да бар болып, бүгин олар заманагөй, барлық қолайлылықларға ийе болған өз жайларына көшип өтти.

Ҳаял-қызлар комитетиниң жәрдеми менен басланғыш төлеминиң төлеп берилгенлигинен ҳәм мәмлекетимизде ҳаял-қызларды социаллық жақтан қорғаў бойынша иске асырылып атырған бундай инсаныйлық ислерден шексиз миннетдар екенлигин олардың ҳәр биринен еситип, гүўасы болмақтамыз, -дейди Беруний районлық Ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы Роза Машарипова.

Пайтахтымыздағы Жас тамашагөйлер театрында Өзбекстан Ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў жәмийетлик қоры тәрепинен ажыратылған медициналық реабилитация қураллары, яғный, 70 арбаша, 44 ҳаса таяқ, 4 ходунок, 4 көзи әззилер ушын арнаўлы ҳаса, 4 қолтық таяқ, 4 тирсекли ҳаса таяқ республикамыздағы имканияты шекленген ҳаял-қызларға  тапсырылды.

Буннан соң қалалық ҳәм районлық ҳаял-қызлар комитети баслықлары, мәкан пуқаралар жыйынларындағы қәнигелер, турмыслық тәжирийбеси мол қәйин енелер, жеңилликли үй алыў бахтына миясар болған ҳаяллар ҳәм ҳаял-қызлар комитети басланғыш шөлкемлериниң баслықларының қатнасыўында семинар-тренинг өткерилди.

Онда Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары, Республика Ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы Э.Боситхонова күн тәртибиндеги мәселелер бо­йынша баянат оқыды. Өз баянатында Қарақалпақстан Республикасы Ҳаял-қызлар комитетиниң жумыслары Өзбекстан көлеминдеги басқа ўәлаятларға салыстыр­ғанда алдынғы қатарда екенлиги, бунда республика басшыларының қоллап-қуўатлаўы ҳәм қосшыларының зәбердес екенлиги үлги ретинде айтып өтилди.

Семинар барысында шаңарақ орталығын саўалландырыўға үлес қосып атырған шаңарақлар менен жумыс алып барыўшы қәнигелерди хошаметлеў, өз-ара шаңарақлық мүнәсибетлерди беккемлеп атырған белсендилер, кейўанылар менен қәйин енелер де дыққаттан шетте қалмады.

Қарақалпақстан Республикасы Ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы З.Ибрагимова тәрепинен Тахтакөпир районы «Тахтакөпир» аўыл пуқаралар жыйынынан үлгили қәйин ене Айнагүл Сапарбаева, Нөкис районынан үлгили қәйин ене Гүлнара Қурбаниязова, Хожели районы «Күн нуры» мәкан пуқаралар жыйынының қәнигеси Гүлхан Бабаева, Нөкис қаласынан «Наўқан бағ» мәкан пуқаралар жы­йынының қәнигеси Замира Айтбаеваларға ҳәр тәреплеме үлгили хызметлери ушын «Алғыснама» ҳәм қымбат баҳалы саўғалар салтанатлы жағдайда тапсырылды.

***

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң руўхыйлық залында бүгинги күнниң талабынан келип шыққан ҳалда Зульфия атындағы мәмлекетлик сыйлықтың ийелери, усы сыйлыққа талабан қызлар, тәрбиясы аўыр имканияты шекленген қызлар менен жүзбе-жүз сәўбетлесиў өткерилди.

Онда қызларды социаллық-сиясий белсендиликке тартыў, жуўапкершилигин күшейтиў, машқалаларын шешиўге жәрдемлесиў мәселелери бойынша Өзбекстан Республикасы Ҳаял-қызлар комитетиниң Баспасөз хаткери — «Дугоналар» журналының Бас редактор орынбасары Гүлжамал Асқарова сөзге шықты. Ол өз сөзинде сыйлықланғанларды, ал, енди сыйлық алыўға талабан болып жүрген қызларды, аймақтағы социаллық жәрдемге мүтәж, имканияты шекленген, белсенди болмаған жас қызларды «Қызларжан» клубы әтирапына бирлестириў, олар арасында өз-ара дослық мүнәсибетлерин күшейтиў кереклигин ескертти.

Соң сыйлыққа миясар болған қарақалпақстанлы бәрше қызларды бирме-бир атап, олардың табыслары ҳәм бүгинги күндеги жумыс процесслери менен жый­нал­ғанларды таныстырып өтти.

Өз гезегинде лауреатлар атынан Г.Ақымбетова ҳәм З.Палўаниязовалар сөзге шығып, өзлерине билдирилген исеним ҳәм жуўапкершиликке мүнәсип болатуғынлығын, елимиз басшысының ҳаял-қызларға қарат­қан итибарына ылайық хызмет атқаратуғынлығын исенимли түрде өз пикирлери менен баян етти.

***

Ҳаял — исбилермен, оқытыўшы, экономист, сия­сатшы, мәденият ҳәм көркем өнер хызметкери. Ең баслысы, олар әўладларды тутастырыўшылар болып табылады. Жәмийетимиздиң илгерилеўи ҳәм социаллық жағдайы менен жақыннан танысыў мақсетинде оның қатнасыўшылары болған ҳәр қыйлы тараўларда жемисли мийнет етип атырған белсенди ҳаял-қызлар, яғный, барлық сиясий партиялардың «Ҳаяллар қанаты» басшылары, «Нураный» қорының ағзалары болған ҳаяллар, Жаслар аўқамының қызлары менен де университетте ушырасыў шөлкемлестирилди.

Онда ҳаял-қызлардың жәмийеттеги роли, сиясий белсендилиги, шаңарақта руўхый орталықты жақсылаў, беккемлигин тәмийинлеў, перзент тәрбиясы ҳаққындағы мәселелер бо­йынша пикирлер ортаға тасланды.

— Ҳаял-қызлар турмысы, әмелге асырылған жумыслар, жетискенликлер ҳаққында толып-тасып айта аламыз. Нәзеримде, ҳаял-қызлар менен және де тығызырақ жақынласыўымыз, биригиўимиз талап етилмекте. Имканияты болғанынша, сизлердиң ҳәр бир мийнетиңиз бизлерге жетип келсе биз, әлбетте, қуўанамыз,-деди Э.Боситхонова.

Мәмлекетимиз басшысы тәрепинен ҳаял-қызларға билдирилген айрықша исеним, социаллық-сиясий турмыстағы белсендилигин арт­тырыў, сайлаў алды ҳәрекетлерин муўапықластырыў, алдағы ўақытлары болып өтетуғын сайлаўларда ҳаял-қызлардың белсендилигин күшейтип, олар арасынан мүнәсип талабанларды усыныў ҳәм таярлаў ўазыйпалары алдымызда турғанлығын атап өтти.

Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары, Республика Ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы Э.Боситхонованың пикирлерин мақуллап ҳәм қоллап-қуўатлап Өзбекстан Қаҳарманы Онесия Сайтова, университеттиң ҳаял-қызлар комитети басланғыш шөл­кеминиң баслығы Ин­жайым Сейтназарова, университет оқытыўшысы, экономика илимлериниң кандидаты Гүлнара Өтемуратова, Қоңырат районлық ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы Жәмила Әметовалар сөзге шықты.

Әлбетте, бунда ҳаял-қызларымыз өзлериниң әмелий ислери менен өзин көрсетиўи, ҳәр бир аймаққа еринбестен барып, өзин таныстырыўы, мақсетли илажларды шөлкемлестириўи кереклиги айрықша тапсырма ретинде айтылды.

***

Президентимиз тәрепинен алға сүрилген «Бес унамлы баслама»ның ҳаял-қызлар бәнтлигин тәмийинлеўге байланыслы бесинши басламасы университетте қалайынша басшылыққа алынғанлығын көриў мақсетинде илаж қатнасыўшылары оқыў орнының жатақханасына қарай жол алды.

Мийманлар «Қызларжан» клубы, «Шебер қоллар» дөгереги, «Шаңарақ мәсләҳәт орайы», «Миллий кестешилик» ҳәм «Қол өнери» дөгереклериниң ҳәр бириниң жумыслары менен жақыннан таныс­ты. Бул жерде қызлардың дөгерек жумысларынан мақсетли пайдаланыўы ушын барлық қолайлылықлар ҳәм имканиятлар жаратылғанлығының гүўасы болды.

— Қарақалпақ зергерлик нағыслары көздиң жаўын алып турыўының себеби ҳәм өзгешелиги неде екен десем, қызларымызға буларды муқыятлап, еринбестен үйретиў дәрежеси күшли екен. Енди аңладым,-дейди Э.Боситхонова университеттиң қурылыс факультети 4-архитектура қәнигелигиниң студенти Гәўҳар Әзербаеваның қол мийнетинен дөрелген өнерине жоқары баҳасын берип.

***

Әзелден халқымызда шаңарақ — муқаддес есапланған. Мәмлекетимиз Президенти шаңарақларды беккемлеўге айрықша итибар қаратып атырған бир пайытта айы­рым шаңарақларда кеўилсизликлердиң келип шығыўы ашынарлы жағдай, әлбетте. Илаж барысында мийманлар Қарақалпақстан Республикасы Ҳаял-қызлар комитети жанындағы «Ҳаяллар социаллық-бейимлесиў орайы»нда болып, бул жердеги шараятлар менен танысты.

Айтып өтиў орынлы, бул орай Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 2-июль күнги «Социаллық реабилитация етиў ҳәм бейимлестириў, сондай-ақ, шаңарақлық-турмыслық зорлық ислетиўдиң алдын алыў системасын жетилистириў илажлары ҳаққындағы» 3827-санлы қарары тийкарында ашылып, бүгинги күнде орай тәрепинен ҳәр қыйлы машқаласы бар социаллық қорғаўға мүтәж ҳаялларға әмелий жәрдемлер көрсетилмекте.

Бул жерде бир қатар ҳаял-қызларды Өзбекстан Республикасы Ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы Э.Боситхонова қабыллап, олардың мүрәжатларын тыңлады. Жумысқа қайта тиклениў, бақша мәселеси ҳәм майып перзентин бағыў ушын мәмлекет тәрепинен берилетуғын материаллық жеңилликлер, жәрдемлер ҳәм басқа да мәселелер бо­йынша мүрәжат еткен ҳаял-қызлар жақын күнлерде мүрәжаты унамлы шешимин табатуғынлығына исеними артты ҳәм миннетдаршылығын билдирди.

***

Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен айтылған «Егер ҳаял, ана бахытлы болса, шаңарақ бахытлы болады, шаңарақ бахытлы болса, пүткил жәмийет, мәмлекет беккем ҳәм турақлы болады» деген пикирлери әйне турмыслық тәжирийбениң көриниси екенлигинен дерек береди.

Пайтахтымыздағы 8-санлы шаңарақ поликлиникасында болған ушырасыўда Өзбекстан Республикасы Ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы Э.Боситхонова «Ҳаяллар мәсләҳәтханасы»ның жумысы, бул жерге бириктирилген шыпакердиң ўазыйпасы нелерден ибарат екенлиги, дийўалға илдирилген «Хабарнама»ның надурыс исленгенлиги, жумыслар талапқа сай шөлкемлес­тирилмегенлиги, ҳәмиледар ҳаялларды ер адамларға араластырмастан өз алдына күтип отыратуғын орын болыў кереклиги, олар бул жерге келип көп ўақыт гезек күтип отырмаўы, егер соған туўры келип қалса олар ушын шәртли түрде чай, кофе бериў хызметлери көрсетилип, олар тар­қатпа материаллар менен танысып, билимлерин байы­тыўы тийис екенлигин қатаң бирме-бир түсиндирип берди.

Ана-бала саламатлығын беккемлеў, ҳәмиледар ҳаялларды ўақтында медициналық тексериўлерден өткериў ҳәм олардың ҳәр бириниң турмыс шараятын үйренип шығыў мәселелери қатаң тапсырылды.

Соң ҳәптениң ҳәр екинши күни ҳәмиледарларды қабыллаў, бул бойынша ҳәр ҳәпте жуўмағы бойынша мониторинг ислеў, улыўма республикада бул бағдардағы системаны жақсы жол­ға қойыў кереклигин ес­керт­ти.

Поликлиникадағы «Қызлар саламатлығы» ханасы менен танысар екен, бул жерде де жағдай ашынарлы аўҳалда екенлигине күйинди. Жумысларды жақсы шөлкемлестириў ушын бириншиден, қызлар арасында пуқта медициналық тексериўлерди өткериў, екиншиден, мектеплерде волонтер (кеўилли) қызларды қамтыў, үшиншиден, кеселлиги барларды саўалландырыў, яғный, ҳеш бир қыз итибардан шетте қалмаўы шәрт, деп тапсырма берди. Соның менен бирге, ҳәптениң ҳәр жума күни мектеплерде илажлар өткериў, мәҳәллелерде «Саламатлық мектеби»ниң ағзаларының искерлигин күшейтиў кереклиги айтылды.

 

«ҚАРАҚАЛПАҚ КИЙИМЛЕРИНИҢ ҲӘР БИРИ КӨРКЕМ ӨНЕР ДҮРДАНАСЫ»

деп Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары, Республика Ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы Э.Боситхонова тәрепинен жоқары баҳа берилген бул пикирлер Қарақалпақстан Республикасы «Зыяда-Нур» Исбилерменлик ҳәм бәнтликти тәмийинлеў  оқыў орайында айтылды. Себеби, бул жерге кире беристеги ҳәр түрли реңдеги таўарларға миллий нағысларымыз бенен безетилип тигилген көйлеклер ерксиз дыққатыңды тартады.

Бүгин баслы дыққат-итибар орайында турған мәселелердиң бири — бул ҳаял-қызлардың, анығырағы үйде отырған ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм оларды исбилерменликке үйретиў менен бирге кәсипке бағдарлаў болып табылады.

Қарақалпақстан Республикасы «Зыяда-Нур» Исбилерменлик ҳәм бәнтликти тәмийинлеў  оқыў орайы мине усындай ўазыйпаларды өз жуўапкершилигине алған.

Мийманларға орай баслығы Зыяда Өтеназарова тәрепинен орайдың жумыслары жақыннан таныстырылды. Илаж қатнасыўшылары ҳаял-қызлардың исбилерменлик басламаларын қоллап-қуўатлаў, бәнтлигин тәмийинлеў, мәмлекетимизде әмелге асырылып атыр­ған экономикалық  реформаларда олардың белсене қатнасыўын тәми­йинлеў, ҳаял-қызларда исбилерменлик көнликпелерин қәлиплестириўде орайдың айрықша хызмети бар екенлигинен хабардар болды.

Орайдың тийкарғы ўазыйпалары узақ ўақыт бала күтими менен байланыслы дем алыста болған, аўыр экономикалық жағдайға түсип қалған ҳаялларды мийнет базарында талап ететуғын кәсиплер бойынша қайта таярлаў ҳәм олардың жумысқа жайласыўына жәрдемлесиўден ибарат.

Жуўмақлап айтқанда, сиясий партиялар, жәмийетлик шөлкемлер ҳәм Ҳаял-қызлар комитетлериниң бирликтеги жумысларын жанландырыў, ҳаяллардың сайлаўларда талабан ҳәм даўыс бериўши сыпатында белсене қатнасыўын тәми­йинлеў, Мәмлекетимиз басшысының сөзи менен айтқанда «Ҳәзирги күнде ҳәр бир ҳаял-қыз демократиялық процесслердиң бақлаўшысы емес, ал, белсенди ҳәм инталы қатнасыўшысына айланыўы»ның илажларын көриў сыяқлы мәселелерде усыныс ҳәм көрсетпелер, бағдарлар берилди.

Сондай-ақ, илаж барысында ҳаялларымызға улыўма жараспайтуғын унамсыз иллетлер, яғный, ҳаял-қызлар арасында ҳуқықбузарлықлар, атап айтқанда, жынаятшылық, адам саўдасы, шаңарақлық ажырасыўлар, ерте некениң, өз жанына қаслық етиў жағдайларының алдын алыў бойынша тараўда әмелге асырылыўы тийис болған анық ўазыйпалар белгилеп алынды.

 

Г.ЖҮГИНИСОВА,

арнаўлы

хабаршымыз.

СҮЎРЕТTЕ: Илаж барысынан көринис.

М.ҲӘБИБУЛЛАЕВтың түсирген сүўрети.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF