Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 10:50:51, 26.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

КОРРУПЦИЯ — ЖӘМИЙЕТ ДУШПАНЫ

Коррупция машқаласы бүгинги күнде пуқаралық жәмийетиниң раўажланыўына тосқынлық ететуғын тийкарғы факторлардың бири. Себеби, коррупция машқаласының турмысымызда ушырасыўы — нызам үстемлигин тәмийинлеў, демократиялық реформалардың нәтийжели әмелге асырылыўына ҳәм инсан ҳуқықлары қорғалыўын тәмийинлеўге қәўип туўдырады.

Жақында Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде усы жылдың 27-май күни Президентимиз тәрепинен қабыл етилген «Өзбекстан Республикасында коррупцияға қарсы гүресиў системасын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы Пәрманының мазмунын кең жәмийетшиликке жеткериў мақсетинде илаж шөлкемлестирилди.

Илажды Қарақалпақстан Республикасы Жо­қарғы Кеңесиниң комитет баслығы С.Турманов басқарып барды.

Оған Қарақалпақстандағы бәрше жоқары оқыў орынларының басшылары, профессор-оқытыўшылар, студент-жаслар ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Илажда Өзбекстан Республикасы Сенатының суд-ҳуқық мәселелери ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў комитетиниң баслығы Б.Матмуратов, Өзбекстан Қаҳарманы, археолог Ғ.Хожаниязов, Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы жанындағы экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў департаменти Қарақалпақстан Республикасы басқармасының баслығы, әдиллик кеңесшиси А.Юлдашевлар шығып сөйлеп, бүгинги күнде коррупцияға қарсы гүрес ҳәм оның алдын алыўға дүнья жүзинде, соның ишинде Өзбекстан Республикасында да айрықша дыққат қаратылғанлығын, БМШ тәрепинен қабыл етилген «Коррупцияға қарсы Конвенцияға» мәмлекетимиз қосылғанлығын, коррупцияға қарсы гүрес алып барыў мақсетинде Өзбекстан Республикасында «Коррупцияға қарсы гүресиў ҳаққында»ғы Нызам қабыл етилгенлигин, коррупция пуқаралардың нызамлы ҳуқық ҳәм еркинликлерине зыян келтиретуғынлығын, мәмлекеттиң экономикалық раўажланыўына кери тәсир ететуғынлығын айрықша атап өтти.

Илаж өз-ара пикир алмасыўлар ҳәм сораў-жуўаплар менен даўам етти.

 

 

Р.АРЗИЕВ,

ҚМУ Баспасөз хаткери.

СҮЎРЕТЛЕРДЕ: илаждан көринислер.

Б.Ибрагимовтың түсирген сүўретлери.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF