Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 14:55:08, 08.05.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

МОЙНАҚТАН УШАТУҒЫН САМОЛЕТЛАР ПӘРЎАЗЫ

Мойнақшыларға самолётта ушыў таң емес, географиялық жайласыў жағдайына қарай жергиликли жөнелислерден «Қаражар», «Қазақдәрья», Нөкиске  «АН-2», Ташкентке «ЯК-40» самолётлары ушып-қонып, алысын жақын еткен.

Мәденият — Мойнақтан басланып, өндирислик ислеп шығарыў, халық хожалығының барлық тармақлары жоқары пәтлер менен раўажланған үлкеге айланыўы ушын ҳаўа транспорты, жолаўшы тасыўшы самолётларсыз көз алдымызға келтириўимиз қыйын еди.

Усы мақсетте, 1940-жыллардан баслап самолётлар ушқаны менен соң үзилиспеге түскен Мойнақ аэропортын Президентимиз Ш.Мирзиёевтың басламасына тийкар қайта оңлаўға ири муғдарда қаржы ажыратылып, жумыслар жедел басланып кеткен. Үлкен истиң басы-қасында турған, Трансжолқурылыс магистралдың баслығы Бахтияр Маткаримовқа ҳармасын айттық. Жол қурылысына көбирек мийнет сиңдирген Бахтияр Нөкис, Ташкент қалаларындағы, әсиресе, «Жипек жол»ға жалғас Үстирт тегислигине асфальт жоллар салыўда белсендилик көрсетипти.

— Мойнақтың ески аэропорт комплексин қайта қурыў жумысларына усы жылдың февраль айында киристик. Узынлығы 2300 метр­лик, ени 40, шетлери қосып есапланса 60 метрлик ушып қоныў майданшасына топырақ үйиў, үстине бир неше қатлам қум, шағыл таслар жайып нығызлаў, асфальтлаў жумысларына 200 ден аслам адам күшлери, жүзден зыят арнаўлы техникалар қатнаспақта. Саатына 150 тонна жоқары сападағы асфальт өнимлерин таярлаўшы  заводты Әндижаннан көширип әкелдик. Сапа көрсеткишине айрықша дыққат бөлинип «Жураът ҳамроқ инвест»тиң баслығы Ә.Ҳамраев, Ташкент, Самар­қанд, Үргениш ҳәм Нөкис халықаралық аэропортларының қурылысларының сапа көрсеткишлерине жуўапкер болған С.Мәмешев, А.Хилалов, С.Шәрипбаевлар өз хызмет ўазыйпаларын талап дәрежесинде атқарған. 

— Жағысын таслап қашқан теңиз бойындағы Мойнаққа барып ислеўге жәмәәт ағзаларының барлығы дерлик тилек билдирди,-деп шыжғырған ыссыда төселген асфальтларды нығызлап атырған 8  техниканың жумысларын шөлкемлестириўши Жалғас Мәўленбердиев.

— Өз тилимиз бенен айт­қанда «коток»шылардан Э.Эгамбердиев, Б.Ембергенов, С.Қудайбергенов, Қ.Төреевлер, асфальт төсеўши механизмди басқарыўшы Ҳ.Бабажановлардың ислери мақтаўға ылайық,-деп  Жалғас тершиген маңлайын жеңи менен сыпырды.

Самолётлардың ушып-қоныў майданшасынан перронға шекем барыўшы жолдағы үйин-үйин қумды Японлардың қуўатлы «Комат-су» тракторы менен жайып тегислеп атырған У.Қалбаев, Қ.Жолдасбаевлардың ис өнимдарлығы жоқары.

Аэропорт комплексиниң қайта оңлаў жумыслары жақын айлар ишинде питкен соң ҳаўа жоллары қатнасығы басланып, жергиликли халыққа жеңилликлер туўылады. Сырт еллерден келетуғын туристлер ағымы өз-өзинен көбейери сөзсиз. Мойнақтағы ең заманагөй архитектуралық үлгиде салынып атырған аэровокзалда диктордың «Ташкент, Нөкис қалаларына ушыўшы жолаўшылардың самолётқа миниўин сораймыз» деген жағымлы даўысын еситетуғын күнлер жақын қалды.

 

Ө.ӨТЕЎЛИЕВ,

өз хабаршымыз.

Мойнақ районы.

СҮЎРЕТTЕ: (солдан оңға қарай) магистрал баслығы Б.Маткаримов, жумыстың сапа көрсеткишлерин қадағалаўшы Ә.Ҳамраев, С.Мәмешов ҳәм жолшы Ж.Мәўленбердиевлар ис басында.

Автордың түсирген сүўрети.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF