Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 05:39:07, 10.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

МАЙЫП  ПЕРЗЕНТИ БАР  АНАЛАР  УШЫН

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң  2019-жыл1l8-марттағы 229-санлы қарары тийкарында мийнет стажына ийе болмаған, балалықтан майыплығы болған перзенти бар аналарға олар 55 жасқа толғанында Медициналық-мәсләҳәт комиссиясының жуўмағы ямаса мағлыўматнамасы бойынша социаллық напақа тайын­ланады.

Нызамшылыққа муўапық, 1 ҳәм 2-топар ма­йыпларына, жасқа тийисли ямаса бағыўшысын жоғалтқанлық напақасы та­йынланған напақа алыўшыларға, егер олар ис ҳақы төленетуғын исти орынлаўы ямаса дәраматтың басқа дерегине ийе болыўы мүнәсибети менен напақа төлеў тоқтатылатуғын еди. Қарар менен бул тәртип бийкар етилди, яғный, напақа алыўшы басқа дәрамат келтиретуғын ис пенен шуғылланыўы ямаса шуғылланбаўына қарамастан напақа төлеў даўам еттирилетуғынлығы белгилеп берилди.

Усы қарарға бола бюджеттен тысқары Пенсия қоры Хожели районлық бөлими бойынша ис стажына ийе болмаған, балалықтан майыплығы бол­ған перзенти бар жәми 9 пуқара бөлимимизге мүрәжат етти. Оларға напақа пуллары усы жылдың апрель айынан баслап 243300 сум муғдарында ҳәм ең кем ис ҳақының l0 проценти муғдарында нан­ға компенсация пуллары төлеп берилмекте. Мысал ретинде, 55 жастан өткен, бирақ, ис стажына ийе болмаған, балалықтан ма­йып перзенти бар Хожели районы «Тутзар» МПЖ турғыны Камаш Жумашоваға усы қарар тийкарында 20l9-жыл 20-март сәнесинен пуқараның арзасы қабылланып, напақа ҳәм нан компенсация пуллары таярлап берилди.

С.АЛЛАМБЕРГЕНОВ,

Бюджеттен тысқары Пенсия қоры Хожели районы бөлим баслығының орынбасары.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF