Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 03:27:32, 27.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ДЗЮДОШЫ ҚЫЗЛАРЫМЫЗДЫҢ ТАБЫСЫ

Дзюдо бойынша Россия Федерациясының Красноярск қаласында В.Н. Гулидовтың естелигине бағышланып өткерилген халықаралық турнирде республикамыздан еки спортшы Өзбекстан сайланды командасының қурамында сыйлы орынды ийеледи.

Атап айтқанда, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң студенти Гүлнур Муратбаева 48 килограмм салмақ категориясында үш россиялы, бир қазақстанлы спортшы үстинен жеңиске ерисип, алтын медаль менен сыйлықланды. Сондай-ақ, усы жарысқа Нөкис спорт колледжиниң оқыўшысы Нилуфар Ермағанбетова да қатнасып, 57 килограмм салмақта үшинши орынды ийеледи.

Бүгинги күни бул спортшылар Олимпия ҳәм миллий спорт түрлери бо­йынша Нөкис жоқары спорт шеберлиги мектебинде тренерлери Байрамбай Сатуллаев ҳәм Алишер Мамутовлардың басшылығында шынығыўлар алып бармақта.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF