Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 05:41:08, 18.05.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ҚУРЫЛЫСТАҒЫ АЙЫРЫМ БУРЫЛЫСЛАР

Ҳүрметли Президентимиз Ш.Мирзиёевтиң тиккелей басламасы менен Арал машқалалары ақыбетлерин сапластырыў, аймақта жасап атырған халықтың турмыс дәрежесин жақсылаў бойынша айтарлықтай илажлар әмелге асырылмақта.

Экологиялық қыйыншылықтан басқалардан көре көбирек жәбир шегип атырған Мойнақ районын социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў бойынша бир қатар жойбарлар тас­тыйықланып, избе-из орынланыўы тәмийинленбекте. Бүгинги Мойнақ кешегисинен пүткиллей парқ қылады. Жаңадан қәд көтерген ҳәм реконструкцияланып пайдаланыўға тап­сырыл­ған социаллық объект­лер, турақ жайлар, жоллар, тротуарлар қаланың шырайына шырай қосып, кимниң болса да ҳәўесин келтирип, таң қалдырады. Бундай жаратыўшылық ислерди әмелге асырып атырған қурылысшы­ларға қайта-қайта рахмет айтқың келеди. Лекин...

Лекин, усындай ийгиликли қурылыс ислерине қатнасып атырған айырым қурылысшылардың намақул ҳәрекетлери, мәмлекет тәрепинен ажыратылған қаржылардың белгили бир бөлегин жеке мәпине өзлес­тириўи тәшўишке салмақта.

Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы жанындағы Экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў департаменти Қарақалпақстан Республикасы Мойнақ ра­йоны бөлиминиң жыл басынан берли ҳуқықбузарлықларды анықлаў, сондай-ақ, Мәмлекетлик инвестиция бағдарламасына киргизилген объектлерде мәмлекет тәрепинен ажыратылған қаржылардың хожалық жүргизиўши субъектлеринде анық ҳәм мақсетли сарпланыўы бағдарында бир қатар жумыслар әмелге асырылды. Жыл басынан усы күнге шекем 41 социаллық тараў объектлеринде 117961,1 миллион сумлық капитал қурылыс ҳәм реконструкция жумыслары алып барылмақта. Бөлим тәрепинен алып барылған қадағалаў жумыслары нәтийжесинде усы жөне­листе 6 жағдайда ҳуқықбузарлық анықланып, 4 жағдай бойынша ҳәкимшилик иси алып барылды.

Үйрениўлер даўамында районлық Халық билимлендириў бөлимине қараслы 3-санлы мектепте өткен жылда жергиликли бюджеттен ажыратылған қаржылар есабынан «Хаванд Бекзод Қўнғирод» жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен алып барылған қурылыс жумыслары нәтийжелери бойынша қадағалаў-өлшеў акти ҳүжжетлеринде 4965,3 мың сумлық қаржылар кәрхана басшылары тәрепинен өз мәплери ушын жумсалып, тийкарында орынланбаған жумыслар есабатларға қосып жазыл­ғанлығы анықланды ҳәм пуқара Б.Қабиловқа топлан­ған ҳүжжетли дәлийллер Ҳәкимшилик судқа жиберилип, ең кем ис ҳақының 5 есеси муғдарында жәрийма тайын­ланған.

Әне, қурылыстағы айырым намақул бурылыслардың ақыбети. 

  

К.ЕРЖАНОВ,

Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы жанындағы Экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў департаменти Қарақалпақстан Республикасы Мойнақ районы бөлими баслығы, I дәрежели юрист. 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF