Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 05:36:46, 18.05.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

СУЎ — ТИРИШИЛИК НЕГИЗИ

Республикамыздың барлық аймағындағы фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери атызларын суўғарып, егинлерин агротехникалық қәделерге сай тәрбиялап атыр.

Қәнигелер атызларды суўғарыў усылларын, суўды үнемлеў жолларын баспасөзде жәрия­лап, өз пикирлерин билдирмекте.

Қала халқы да өзиниң үй қапталындағы қыйтақ жерлериндеги егинлерин суў­ғармақта. Лекин, тилекке қарсы, таза ишимлик суўға есаплағыш орнатпай, атызына оны тынымсыз ағызып, ысырапшылыққа жол қойып төлеминен бас тартып жүрген инсанлар да арамыздан көплеп табылады. Кексе жастың жолына қәдем басқан мәҳәлде балалығымда көрген ишимлик суўдың қыйыншылығы «Түйемойын-Нөкис-Тахтакөпир» суў тармағының басланыўы, пайдаланыўға бериўде үлес қосқан ата ҳәм баланың көрсеткен хызметин ҳәм ядымда сақланған басқа да мағлыўматларды айтып,  жазыўды нийет еттим.

Өткен әсирдиң 50-жылларында мен жасаған Қазақдәрья елатында ишимлик суў үлкен машқаланың бири болды. Әсиресе, Әмиўдәрьяның толып-тасыў (вегетация) дәўиринен соң теңиздиң ашшы суўы аўылдағы кишкене дәрьяның ығынан өрине ағып, бирнеше айлар душшы суў ишиў мүмкиншилиги болмады. Аўыл басшылары Әмиў­дәрьяның қуярлығынан теңиз арқалы темир баржада айына еки мәрте ишимлик суўды алып келиўди шөлкемлестирип, халықты көп жыллар даўамында тәмийинледи. Адамлардың гезексиз алға умтылыўы, жәнжел шығарып, жаға жыртысып, шелеклерди әтирап­қа ылақтырыўы, күшлилердиң зорлығы, жас өспиримлердиң аяқ астында қалып өкирип жылағанлары умытылмас ўақыялардың бири болып ядымда сақлан­ған. Сондай-ақ, шөллеген қарамаллар мөңиреп, қой-ешкилер маңырап, темир баржада душшы суўдың келгенин сезип, жәниўарлар сөйлеп билмесе де «бир уртлам суў бериң, мийрим қансын» дегендей дәрья жағасында мойынларын созып телмирип турар еди. Ата-анамыз суўды үнемлегени соншелли, мал-жанлыққа ашшы ҳәм ишимлик суўды араластырып илажсыздан бергенин көргенмен. 1977-1982-жылларда Әмиўдәрьяда ағын суўдың муғдары аз болып, аўыл хожалық егинлерин суўғарыў, халықты таза ишимлик суў менен тәмийинлеў аўыр жағдайларға алып келди. «Сағадағы суў ишеди, аяқтағы уў ишеди» дегендей, жоқарыдағы қоңсылар қәлегенинше суўдан пайдаланып, өз ғамын ойлап, пайымызға тийисли суўды жибермей иркип турған ўақытлар көп болды. Бундай ашынарлы ҳәм унамсыз жағдайлар өзи жасаған дәўирдиң талабы ҳәм сиясатына бейимлесип хызмет ислеген елбасшысы Қәллибек аға Камаловты үлкен тәшўишлерге салды. Суўдың тек егислик жер ушын зәрүрлиги емес, келешекте халықты таза ишимлик суў менен тәми­йинлеўди ойлап оның шешилиў жолларын изледи. Бүгин Аўқам басшыларының қабыллаўында болып, суў мәселесин ортаға қойып, дурыс шешилмегенше тынышланбайтуғын еди. Бирқанша ел ағаларының қатарында «Каракалпакирсовхозстрой» аймақлық басқарма баслығы Жақсылық аға Палўановқа оның жүдә искерлигин, баслаған исин шала етпейтуғын, москвалы жасы үлкенлер менен тил табысыўын нәзерде тутып тапсырма берип, суў хожалығы министрине бир неше мәрте жумсады. Ж.Палўанов тапсырмаға муўапық ҳәмме ўәлаятларға суўды әдил бөлистириў, қатаң тәртип орнатыў, халықтың ишимлик суўға болған мүтәжлигин түсиндирип, елимизге тийисли суўдан пайын алып, ўақтында өз үлесин қосты. 1982-1983-жылларда Қарақалпақстанның 60 жыллық мерекесине таярлық, мәмлекетлик қарарлар ҳәм олардың орынланыўы, белгиленген ўазыйпалар туўралы министрлер, республика белсендилери ҳәм мәкеме басшыларының қатнасыўында айына бир мәрте мәжилис өткерилип турды. Усындай мәжилистиң биреўи белгиленген ўақытта басланбады. Арадан ярым саат өткенде Қәллибек аға Камалов жүзлери ҳәм көзлери күлип-жайнап, қуўанышлы түрде мәжилис басқаратуғын орынға жетип келди. Ҳәмме менен сәлемлесип, көпшиликтен кешиккенине кеширим сорап, күтилмеген хабарды дағазалады. Аўқамның Минис­трлер Кеңесиниң баслығы «Түйемойын-Нөкис» суў тармағын қурыў бойынша шығарған арнаўлы қарарға қол қойып, рухсат бергенин айтып, «екинши гезекте Түйемойын суўы менен барлық район хал­қын тәмийинлеймиз» деп исеним билдирип, қуўанышын бөлисти. Ел ақсақалының  Ташкент, Москва қалаларында үлкен басшылардың кабинетине қайта-қайта  кирип, ишимлик суўдың зәрүрлигин түсиндирип, тынымсыз өтинишлериниң нәтийжесинде шыққан баҳалы қарар арадан жыллар өтип ис жүзинде әмелге асты. Нөкис ҳәм районлардың халқы аўыз суў менен тәмийинленди.

Жоқарыдағы аты атал­ған суў тармағы қурылысына басқа да қурылыс трестлери менен биргеликте Полатбек Камаловтың басшылығында қәнигелестирилген «Каракал­пакир­монтаж­строй» трестиниң жумысшылары белсене қатнасты. П.КамаловF «Әкем (Қәллибек Камалов) бул қурылыстың қарарын шығарыў ушын айтарлықтай күш-қуўаты, қымбатлы ўақты, ақыл-парасатын жумсады. Оның баслаған саўаплы исин әмелге асырыўым керек» деп жеңин түрип, билегин сыбанып, трестке қараслы мәкеме басшылары менен биргеликте күни-түни тик аяқтан турып, электр кепсерлеўши, темир қубырларды жайластырыўшы, басқа да қәнигелердиң ислеген жумысларын қадағалап барды ҳәм керекли қурылыс материаллары менен үзликсиз тәмийинлеп турды. Әсиресе, бул тресттиң Нөкис-Шымбай-Тахтакөпир 102 км, Нөкис-Бердақ 24 км, Нөкис-Тақыятас 18 км суў тармағы, Тақыятас қаласында ҳәр қайсысы 10 мың кубметрлик төбеси жабық үш суў сақлағыш ҳәм суў бөлистириўши үлкен насос станцияны пайдаланыўға бериўде П.Камаловтың басшы сыпатында ислеген хызмети айрықша. Түйемойын-Нөкис ҳәм ра­йонлар аралық суў тармағы қурылысы ғәрезсизликтиң дәслепки жылларында толық тамамланды.

Ҳүрметли Президентимиз Шавкат Мирзиёев ел басшысы сыпатында дәслепки хызметин мәмлекеттиң тийкарғы байлығы ­ халқы, ал, халықтың тий­карғы байлығы ­ денсаўлығы, халық пенен қарым-қатнас жасаў, инсан мәплери жылы деген философиялық пикир менен баслады. «Абат аўыл» ҳәм «Абат мәҳәлле» бағдарламасында қурылыс ҳәм абаданластырыў жумыслары, соның ишинде халықты орайлас­қан тармақлар арқалы таза ишимлик суў менен тәми­йинлеў ўазыйпасын белгилеп берди. Таза ишимлик суў тәмийнаты ҳәм суў ақаба хызметиниң әҳмийетин есап­қа алып, арнаўлы қарарларды тастыйықлады. Усындай бағдарлама ҳәм қарарлардың нәтийжесинде Қоңырат-Мойнақ 101 километрлик суў тармағы қурылды. Орайласқан суў тармағы алыс аўыл халқын жер асты суўын тазалап бериўши үскенелер жәрдеминде суў менен тәмийинлеў жолға қойылды. Президентимиз Ш.Мирзиёевтиң өткен жылдың соңғы айында Олий Мажлиске жоллаған гезектеги Мүрәжатында 2019-жылда халықты орайласқан тармақлар арқалы таза ишимлик суў менен тәмийинлеў дәрежесин 65 проценттен 75 процентке жеткериў ушын қосымша илажлар ислеп шығарыў, сондай-ақ, суў ҳәм басқа да тәбийғый ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў дыққат-итибарымыз орайында турыў зәрүрлигин атап өтти. Әлбетте, газета бетлеринде оқығанымызда, ишимлик суў тармағын раўажландырыў жумыслары әпиўайы ўазыйпадай сезиледи, ал, экономикалық көзқарас пенен есапласақ, мәмлекеттиң көп муғдардағы қәрежети ҳәм бирқанша мийнет ресурслары жумсалатуғынын халқымыздың ҳәммеси биле бермейди. Ғалаба хабар қуралларының берген мағлыўматларында жер шарының бетиндеги суўдың тек бир проценттен артығы ишимлик суўға жарамлы, ал, дүнья жүзиниң көпшилик халқы таза ишимлик суў менен тәмийинленбеген. Республикамыз халқы тарийхый мағлыўмат бойынша 1982-жылы бир миллионға толып, санаўлы жыллардан соң еки миллионға жетеди. Демек, таза ишимлик суўға талап еки есеге артады. Президентимиз Ш.Мирзиёев басшылығында мәмлекетимиз «Түйе­мойын-Нөкис» суў тармағының екинши гезегин бағдарламаға киргизип, «Жол картасы»н ислеп шығып, бас­қышпа-басқыш әмелге асырса, халық мәпин ойлаўдың әжайып белгисиниң бири болып есапланады.

Суў ­ тиришиликтиң негизи. Тәбият инам еткен, мәмлекетимиз жаратып берген таза ишимлик суўдың қәдирине жетип, оны қәстерлеп, үнемлеп, ысырапшылыққа жол қоймай, ақыллылық пенен пайдаланыў биз инсанлар ушын баслы ўазыйпалардың бири болып есапланады.

 Аяпберген

ДӘЎЛЕТНАЗАРОВ,

нураный.

Нөкис қаласы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF