Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 08:20:04, 18.05.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

АРАЛ БОЙЫ РЕГИОНЫ РАЎАЖЛАНБАҚТА

Ҳәзирги ўақытта Президентимиз Ш.Мир­зиёевтиң тиккелей басшылығында алып барылып атырған үлкемиздиң социаллық-экономикалық тараўларын раўажландырыўға бағдарланған кең көлемли жумыслар халқымыздың турмыс шараятларының жақсыланыўына тийкар жаратпақта.

Елбасшымыздың БМШниң Бас Ассамблеясының 72-сессиясында шығып сөйлеп, дүнья мәмлекетлериниң итибарын Арал машқаласына қаратыўы нәтийжесинде өткен жылдың 15-16-декабринде Қарақалпақстанда биринши мәрте «Жаңа Мойнақ ­ жаңа имканиятлар» атамасында өткерилген инвестициялық бизнес форумында сырт ел инвесторлары да қатнасып, ислеп шығылған жойбарлар бойынша унамлы жумыслар алып барылмақта.

Мәмлекетимиз басшысының басламасы менен «Арал бойы аймағы экологиялық инновация ҳәм технологиялар» зонасы деп жәрияланды. БМШниң инсан қәўипсизлиги бо­йынша көп тәреплеме шериклик «Траст фонды»ның шөлкемлестирилиўи менен регионымызда экологиялық жағдайларды жумсартыўға бағдарланған теңиздиң қуўрап қалған бөлегинде тоғайзарлықлар жаратыў нийетлери менен басланған жумыслар дәслепки нәтийжелерин бермекте. Ҳәзирги ўақытқа шекем 500 мың гектарға шамалас майданларға шөлге шыдамлы сексеўил нәллери егилди. Мойнақ орайынан 230 км, Нөкистен 400 км узақлықта «Возрождение» атаўының «Шағала» массивинен, соң Қубла Аралдың артезиан бассейнинен 260-300 метр тереңликте душшы суў шықты ҳәм жаңа өмир басланып, Арал бойынша экологиялық жағдайлар жақсыланып, ҳайўанатлар ҳәм өсимликлер дүньясының раўажланыўына тийкар жаратты.

Усы бағдарда Қарақалпақстан Республикасында экологиялық жағдайларды және де жақсылаў, Арал бойы регионын раўажландырыў, халықтың турмыс дәрежесин жақсылаў ҳәм қолайлы шараятлар жаратыў, тастыйықланған ис-илажлар, бағдарламалардың аймақлардағы орынланыўын тәмийинлеўде жергиликли атқарыў ҳәкимияты уйымларының тиккелей қатнасын тәмийинлеўди және де арттырыў бойынша Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 23-ноябрьде «Қарақалпақстан Республикасында экологиялық жағдайды жақсылаў ҳәм Арал бойы аймағының турақлы раўажланыўын тәмийинлеў бойынша жергиликли атқарыў ҳәкимияты уйымларының жумысын жетилистириў ҳаққында»ғы қарары қабыл етилип, онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң экология, Арал бойы регионын раўажландырыў бойынша, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының биринши орынбасары, Мойнақ, Қоңырат, Қараөзек, Кегейли, Тахтакөпир районлары ҳәкимлериниң биринши орынбасарлары лаўазымларын енгизиў бойынша усыныслары мақулланды ҳәм қабыл етилди. Усы қарарда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының биринши орынбасары Мойнақ, Қоңырат, Қараөзек, Кегейли, Тахтакөпир районлары ҳәкимлериниң биринши орынбасарларынаF

- Аралбойы регионында экологиялық жағдайларды, қоршаған орталықты қорғаўды жақсылаў, биологиялық көп түрлиликти, ҳайўанатлар ҳәм өсимликлер дүньясын сақлаў;

-  инновациялық технологияларды қолланыў тийкарында Арал теңизиниң қуўрап қалған бөлеклеринде шорлан­ған жерлердиң экосистемасын жақсылаў, тоғайзарлықларды пайда етиў арқалы тиришиликти тәмийинлеў;

- Аралбойы турғынларының генофондын дүзиў бойынша тийисли илажлар ҳәм бағдарламалар ислеп шығыў;

- Аралбойы аймағында аўыл хожалығында пайдаланатуғын жерлердиң мелиоратив жағдайларын, ирригациялық системаларды қайта дүзиў, суў ресурсларынан рационал пайдаланыў бойынша заманагөй технологияларды енгизиў;

- Аралбойы регионының социаллық-экономикалық раўажланыўы, турғынлардың жасаў жағдайлары, жаңа жумыс орынларын жаратыўға бағдарланған илажларды әмелге асырыў;

- сырт еллер ҳәм халықаралық шөлкемлер менен бирге ислесиўге белсенди қатнасыў ҳәм Аралбойы регионының раўажланыўына финанслық қаржыларды енгизиў;

- Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитети, қала, районлар инспекциялары, Қарақалпақстан Республикасы Тоғай хожалығы комитети жумысларын координациялап барыў тапсырылған.

Усы қарар тийкарында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң арнаўлы қарарлары қабыл етилип, орынлаў ушын басшылыққа алынды.

Арал теңизиниң суўы қурыған майданларында «Жасыл қапламалар» ­ қорғаў тоғайзарлықларын пайда етиў бо­йынша тоғай мелиорация жумысларына өз үлеслерин қосқан елимиздиң барлық ўәлаятларынан келген 351 тракторшы ҳәм механизаторлардың ҳәр бири республика ҳүкиметиниң 2019-жыл 15-февральдағы қарары менен материаллық  хошаметленди.

Өзбекстан Республикасы Қорғаныў министрлиги тәрепинен барлық ўәлаятлардан арнаўлы әскерий жыйынға 735 резервтеги әскерий хызметке мәжбүрлер, 102 трактор ҳәм басқа техникалар алып келинди. Олар сексеўил егиў ушын 118222 гектар жер майданын таярлады, соннан 23385 гек­тарға сексеўил туқымы, 10574 гектар жерге 5 540 400 түп сексеўил ҳәм басқа да нәллер егилди.

Дүнья жүзилик денсаўлықты сақлаў шөлкеми Траст фонды қорына қосылыўды ҳәм Нөкис қаласында субрегионал офисин ашыўды режелестирмекте. Траст фондтың басқарыў комитетиниң 2019-жыл 24-январьдағы шешими менен Арал бойы регионында экологиялық қәўипсизликти тәми­йинлеў, тоғайзарлықларды раўажландырыў, денсаўлықтың қәўипсизлигин тәмийинлеў, социаллық қәўипсизликти тәмийинлеў, коммуналлық хызметлер, ишимлик суўы менен тәми­йинлеў, санитария ҳәм билим сапасын жақсылаў белгиленген.

Усы көрсетилип өтилген кең көлемли жумысларды әмелге асырыў ушын Қарақалпақстан Республикасы Минис­трлер Кеңеси, Нөкис қаласы, районлар ҳәкимшиликлери экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў субъектлери менен биргеликте нәтийжели жумыс алып бармақта.

Қайыпберген ЮСУПОВ,

Қарақалпақстан Республикасына хызмет көрсеткен аўыл хожалығы хызметкери.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF