Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 17:54:30, 26.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЖҮРЕКЛЕРДИ ТЕБИРЕНДИРГЕН ҚОС ҚУЎАНЫШ

Бийғам балалықтың қуўаныш, ойын-күлкисине ҳеш нәрсе жетпейди. Елимизде байрамларға сыйлы саўғалар менен келиў әдетий түске айланған.

Үш ай бурын, Қанлыкөл районы орайына кире берис­теги бос жатырған ашық майданға ең заманагөй архитектуралық үлгидеги мың орынлық стадион салынып, халықаралық Балаларды қорғаў күни  ­ байрамы ҳүрметине пайдаланыўға берилгенине жас өспиримлер шексиз қуўа­нышқа бөленди. Республикамыздың көпшилик районлары орайларына усындай қурылыс-сметалық нырқы 6 млрд. сумлық стадионларды қысқа ўақыт ишинде сапалы қурып питкериўде жуўапкершилиги шекленген «Бахыт-Миратдин» қурылыс шөлкеминиң баслығы Бахыт Салатдинов басқарған жәмәәттиң мийнетлери айрықша.

Қанлыкөл районының спортшылары Қарақалпақстан ҳәм Өзбекстан Республикалары көлеминде өткерилип киятырған чемпионат ҳәм кубоклар жарысларында жетекши орынларды ийелеп келмекте. Балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебинде жоқары ҳәм орта маманлықтағы 26 тренер 1417 жас өспиримди өзлери қызыққан спорттың 13, атап айтқанда, 9 олимпиада спорт түрлери менен турақлы шуғылландырып, олардың арасынан чемпионлар, жоқары разрядлы спортшыларды тәрбиялап шығармақта.

Жаз паслының жадыраған ашық аспанлы байрам күни, стадионды пайдаланыўға тапсырыў мәресиминде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов жыйналғанларды қос байрам, қос қуўанышлары менен қутлықлап, жас спортшыларға Президентимиз саў­ғаларын инам етти.

Қурылысшылар «Жай­ҳун» деп ат алған стадионның дәстүрий «алтын гилтин» Балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебиниң директоры Б.Атабаевқа тапсырды.

Байрам салтанатлары басланып, жасалма көгис газонда Қанлыкөл ҳәм Хожели районларының жас өспиримлер, нураный футболшылардың жолдаслық ушырасыўлары, бақша балалары менен мектеп оқыўшылары, район ҳәм республика көркем өнер ғайраткерлериниң концерт бағдарламалары менен уласып кетти.

Ө.ӨТЕЎЛИЕВ,

өз хабаршымыз.

Қанлыкөл районы.

 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF