Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 06:10:08, 08.12.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЭКСПОРТ  ЖУМЫСЫН  ҚАРЖЫЛАНДЫРЫЎ  ҲӘМ  ҚАМСЫЗЛАНДЫРЫЎДЫ ҚОРҒАЎ  МЕХАНИЗМЛЕРИН  КЕҢЕЙТИЎ  ИЛАЖЛАРЫ  ҲАҚҚЫНДА

Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 20-декабрьдеги «Экспортқа жәрдемлесиў ҳәм оны хошаметлеўди  күшейтиў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-4069-санлы қарарына муўапық, сондай-ақ, экспорт ҳәм экспорталды қаржыландырыў, экспорт кредитлери ҳәм тәўекелшиликлерин қамсызландырыў механизмлерин нәтийжели енгизиў ушын зәрүр шараятлар жаратыў мақсетинде:

  1. Өзбекстан Республикасы Инвес­тициялар ҳәм сыртқы саўда минис­трлиги, Қаржы министрлиги және Экономика ҳәм санаат министрлигиниң экспорт етиўшилерди мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў тәртибин орнатыў ҳаққындағы усынысларына келисим берилсин, оған муўапық Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Исбилерменлик жумысын раўажландырыўды қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик қоры (кейинги орынларда — Қор) экспорт етиўшилерге:

коммерциялық банклердиң экс­порталды кредитлер, соның ишинде, айланыс қаржыларды толтырыў ушын берилген кредитлер бойынша процент қәрежетлерин қаплаўға, миллий валютадағы кредитлер бойынша — Өзбекстан Республикасы Орайлық банктиң қайта қаржыландырыў ставкасынан артқан бөлегинде, бирақ 10 процентлик пункттен көп болмаған муғдарда, сырт ел валютасындағы кредитлер бо­йынша — коммерциялық банклер тәрепинен белгиленген ставканың 40 проценти, бирақ 4 процентлик пункт­тен артпаған муғдарда компенсация усынады;

коммерциялық банклердиң кредитлери, соның ишинде, экспорталды кредитлер бойынша кредит суммасының 50 процентке шекем, бирақ 4 миллиард сумнан артпаған муғдарда кепиллик береди.

Усы бәнтте нәзерде тутылған қоллап-қуўатлаў илажлары Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 29-ноябрьдеги  «Жергиликли ислеп шығарыўшылардың экспорт потенциалын буннан былай да хошаметлеў илажлары ҳаққында»ғы ПП-5587-санлы Пәрманы 1-қосымшасында көрсетилген шийки зат товарларының экспортына енгизилмейтуғыны белгиленсин.

Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги Қордың буйыртпалары тийкарында 2019-2020-жыллар даўамында усы бәнтте көрсетилген мақсетлер ушын Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджетинен 50 миллиард сумға шекем муғдарда қаржы ажыратсын.

  1. Өзбекстан банклер ассоциациясы коммерциялық банклер менен биргеликте экспорт етиўши кәрханаларды, соның ишинде, айланыс қаржыларды толтырыў ушын кредит бериў арқалы қаржыландырыў түрлерин кеңейтсин.
  2. Жергиликли экспорт етиўши кәрханалар (олардың ўәкилликли ўәкиллери)ға қосымшадағы дизимге муўапық өнимлерди экспорт етиўде темир жол транспортында тасыў қаржыларын 50 процентке шекем болған муғдарда компенсациялаўға субсидиялар усыныў механизми енгизилсин.

Усы бәнтте нәзерде тутылған қоллап-қуўатлаў илажы қоңсы мәмлекетлерге экспорт етилетуғын өнимлерге енгизилмейтуғыны, нызам ҳүжжетлеринде нәзерде тутылған жағдайлар буған кирмейтуғыны белгиленсин.

Өзбекстан Республикасы Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги жанындағы Экспортты хошаметлеў агентлиги (кейинги орынларда — Агент­лик) өнимди экспортқа тасыў қәрежетлериниң бир бөлегин компенсациялаў  ушын Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджетиниң қаржылары есабынан субсидиялар төлеў бойынша ўәкилликли уйым етип белгиленсин.

Өзбекстан Республикасы Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлигине Қаржы министрлиги және Экономика ҳәм санаат министрлиги менен келисилген ҳалда усы бәнт пенен тастыйықланған дизимге өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳуқықы берилсин.

  1. Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық товарлар (жумыслар, хызметлер)ды, соның ишинде, комиссионер (исенимли ўәкил) арқалы реализацияланыўдан түскен улыўма түсиминде есап дәўириниң жуўмағы бо­йынша таяр өнимниң экспорт үлеси 50 проценттен жоқары болған юридикалық шахсларға олардың арзалары бойынша экспортқа мөлшерленген өнимди ислеп шығарыўда пайдаланылатуғын шийки зат, комплектли буйым­лар ҳәм материаллардың импортында қосымша қун салығын төлеўди бажыхана декларациясы қабыл етилген күннен баслап 120 күнге кешиктириў имканияты бериледи.

Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги, Мәмлекетлик бажыхана комитети ҳәм Мәмлекетлик салық комитети еки ай мүддетте экспорт етиўши кәрханаларға қосымша қун салығын төлеўди кешиктириў имканиятын бериў тәртибин ислеп шықсын ҳәм тас­тыйықласын.

  1. Агентликке де республикамыздағы ҳәм сырт елдеги халықаралық стандартластырыў ҳәм сертификат­ластырыў системаларын енгизиў, миллий өнимди сырт мәмлекетлердиң ўәкилликли уйымларында дизимнен өткериў, сондай-ақ, көргизбе стендлерин шөлкемлестириў ҳәм халықаралық көргизбе-ярмаркаларында қатнасыў, презентациялар және реклама кампанияларын өткериў, соның ишинде, дәстүрий миллий өнимлер ҳәм брендлерди потенциал базарларда алға қойыў бойынша экспорт етиўши шөлкемлерге финанслық жәрдем бериў ўазыйпасы жүкленгенлиги мағлыўмат ушын қабыл етилсин.

Агентлик еки ай мүддетте экспорт етиўши шөлкемлерге усы финанслық жәрдемди бериў мехинизмин ислеп шықсын ҳәм тастыйықлаў ушын Министрлер Кабинетине киргизсин, онда исбилерменлик субъектлериниң сырт мәмлекетлерде зәрүр лицензиялар, рухсатнамалар, сертификатлар алыў, сондай-ақ, дизимнен өткериў жыйымлары ҳәм халықаралық тендерлер және таңлаўларда қатнасыўға байланыслы басқа да төлем қәрежетлериниң бир бөлегин төлеўди нәзерде тутсын.

  1. 2019-жыл 1-июньнен баслап тири ҳалдағы таўық, қоян ҳәм балық және оларды сойып исленген өнимлердиң экспорты ушын Өзбекстан Республикасы Президенти ҳәм Министрлер Кабинетиниң рухсаты талап етилмейтуғыны белгиленсин.
  2. Өзбекстан Республикасы Инвес­тициялар ҳәм сыртқы саўда минис­трлиги және «Өзбекинвест» экспорт-импорт миллий қамсызландырыў компаниясы (кейинги орынларда «Өзбекинвест» ЭИМҚК) директорлар Кеңесиниң:

«Өзбекинвест» ЭИМҚК устав капиталын компанияның өз капиталы есабынан 221,6 миллиард сумға шекем көбейтиў;

«Өзбекинвест» ЭИМҚК структурасында экспорталды ҳәм экспортты қамсызландырыў мәселелери бойынша бас директордың биринши орынбасары лаўазымын енгизиў ҳаққындағы усыныслары мақуллансын.

  1. «Өзбекинвест» ЭИМҚКның экс­портты қамсызландырыў арқалы қоллап-қуўатлаў хызметлери комплекси қарыйдардың кредитин, қысқа мүддетли дебитор қарыздарлықты, өнимди жеткерип беретуғын кредитти, тасты­йықланған аккредитивти, экспорт етиўшиниң айланыс қаржыларын толтырыў кредитин, экспорт факторингин қамсызландырыўды ҳәм экспортты қамсызландырыў арқалы қоллап-қуўатлаўдың басқа да қуралларын өз ишине алатуғыны;

қаржы жылында экспорт контракт­лары ҳәм кредитлерин қамсызландырыўдың барлық шәртнамалары бойынша (шийки зат болмаған өнимниң экс­порт бөлегинде) қамсызландырыў төлемин төлеўдиң улыўма көлеми «Өзбекинвест» ЭИМҚК өз капиталының 10 процентинен артып кеткен жағдайда, «Өзбекинвест» ЭИМҚК өз капиталының 10 процентинен артып кеткен муғдардағы жоғалтыўлары оның устав қорын арттырыў арқалы Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети қаржылары есабынан компенсацияланатуғыны белгиленсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Инвес­тициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги:

еки ай мүддетте Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги менен биргеликте «Өзбекинвест» ЭИМҚК жумысын буннан былай да жетилистириў ҳаққында тийисли ҳүкимет қарары жойбарының белгиленген тәртипте ислеп шығылыўын ҳәм Министрлер Кабинетине киргизилиўин;

бир ай мүддетте Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги ҳәм Транспорт министрлиги менен биргеликте хабар берилгенлик факти көрсетилип тәмийинлейтуғын мәлимлеме системаларынан пайдаланған ҳалда, буйыртпаларды, соның ишинде, 2019-жыл 1-майдан берли әмелге асырыл­ған өнимниң экспорты бойынша қабыл етиў ҳәм көрип шығыў механизмин нәзерде тутатуғын, өним алып барылатуғын мәмлекет ҳәм субсидия усыныўдың ең көп мүддетинен келип шығып, өнимди экспорт етиўде тасыў қәрежетлерин Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети қаржылары есабынан компенсациялаў тәртиби ҳаққындағы режени тастыйықлаў ушын Министрлер Кабинетине киргизиўди;

2019-жыл 1-августқа шекем Мәлимлеме-коммуникация технологияларын раўажландырыў қоры ҳәм Агентликтиң қаржылары есабынан сыртқы экономикалық жумыс тараўында мәмлекетлик хызметлердиң интерактив түрде усынылыўын, сондай-ақ, мәмлекетлик тил, рус тили ҳәм басқа да шет тиллерде толық мағлыўматлардан пайдаланыў имканиятын тәмийинлейтуғын, элек­трон саўда майданшалары ҳәм мәпдар министрликлер және уйымлардың мәлимлеме системалары менен интеграцияласқан Сыртқы экономикалық мағлыўматлар порталын жаратыў ҳәм иске қосыўды;

бир ай мүддетте мәпдар минис­трликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте Сыртқы экономикалық мағлыўматлар порталын жүргизиў ҳәм жуўапкер уйымлар тәрепинен Порталға ти­йисли мағлыўматлар өз ўақтында киргизилиўи үстинен мониторингти әмелге асырыў тәртиби ҳаққындағы реже тастыйықланыўын;

бир ай мүддетте «Өзагроэкспортбанк» АКБ тийкарында экспорт ҳәм импортты қаржыландырыў бойынша қәнигелескен банкти шөлкемлестириў бойынша усыныс киргизилиўин тәми­йинлесин.

  1. Өзбекстан Республикасы Транспорт министрлиги Монополияға қарсы гүресиў комитети менен биргеликте бир ай мүддетте «Uzbekistan airways» АЖ ҳәм «Өзбекстан темир жоллары» АЖның экспорт жүклерин тасыў тарифлерин сын көзқарастан қайта көрип шықсын.
  2. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 17-октябрьдеги «Мийўе-овощ өнимлерин сыртқы базарларға шығарыў нәтийжелилигин арт­тырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы ПҚ-3978-санлы қарарының 6 ҳәм 7-бәнтлери, 14-бәнтиниң жетинши абзацы өз күшин жойытқан деп есаплансын.
  3. Өзбекстан Республикасы Инвес­тициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги еки ай мүддетте мәпдар министрликлер, уйымлар ҳәм шөлкемлер менен биргеликте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Өзбекстан Республикасы Минис­трлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  4. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа, Өзбекстан Республикасы Бас минис­триниң орынбасарлары Ж.А.Қўчқо­ровқа ҳәм Э.М.Ғаниевке жүкленсин.

 

    Өзбекстан Республикасы Президенти   Ш.МИРЗИЁЕВ.

    Ташкент қаласы, 2019-жыл 24-май.

 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF