Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 01:09:09, 26.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

МАҚСЕТ — ЖАСЛАРДЫ ИЙГИЛИКЛИ ИСЛЕРГЕ БАҒДАРЛАЎ

Ҳәммемизге мәлим, усы жыл 19-мартта өткерилген видеоселектор мәжилисинде мәмлекетимиз басшысы социаллық, руўхый-ағартыўшылық тараўларындағы жумысларды жаңа система тийкарында жолға қойыў бо­йынша бес әҳмийетли басламаны алға қойған еди.

Бул ийгиликли басламалар жасларды көркем-өнер, спорт ҳәм компьютер дөгереклерине кеңнен тартыў, китап­қумарлық мәдениятын арттырыў, сондай-ақ, ҳаял-қызлардың кәсип-өнер ийелеўине айрықша итибар қаратылғанлығы менен әҳми­йетли болып табылады.

Өткен жума Өзбекстан Жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси басламасы менен Беруний районында «Бес баслама ­ бес имканият» сүрени тийкарында акция шөлкемлестирилди. Оған Өзбекстан Жаслар аўқамы қала ҳәм районлық Кеңеслериниң жетекшилери, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Илаж жуўырыў марафоны менен басланды. Буннан соң Өзбекстан Жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси баслығының биринши орынбасары И.Абдикаликов сөзге шығып, Президентимиз алға қойған бес әҳмийетли басламаның мазмунына айрықша тоқтап өтти.

 Акцияда «Беруний ­ мениң нәзеримде» сүўретлеў таңлаўы, спорттың көркем гимнастика, муайтай ҳәм жүзиў түрлеринен жарыслар, сондай-ақ, «Камалак» сәрдарлары ушын «Сәрдар шеберлиги», «Мәлимлеме технологиялары ҳәм интернеттен нәтийжели пайдаланыў», «Исбилермен ҳаял», «Исбилерменлик сырлары», «Жаслар жынаятқа қарсы» «Сиз сүйген қаҳарманлар», «Шаңарақ психологиясы» атамаларында семинар-тренинг ҳәм шеберлик сабақлары өткерилди.

«Ниҳол» сыйлығының ийеси Шыраз Турсынбаевтың көркем-өнер тараўының опера жөнелиси бойынша өткен шеберлик сабағы берунийли жасларда айрықша тәсир қалдырды. Әсиресе, «Майсараның ҳийлеси» ариясын жанлы ҳаўазда атқарғаны ушырасыўға өзгеше заўық бағышлады. Сондай-ақ, ол  өзиниң көркем өнер тараўына кирип келиўиндеги дәслепки қәдемлери, устазлары ҳәм жетискенликлери ҳаққында жыйналғанлар менен ортақласты.

Буннан басқа, акция шеңберинде Беруний турмыс ҳәм экономика кәсип-өнер колледжиниң 3-курс оқыўшысы, «Пахтакор» мәкан пуқаралар жыйыны аймағында жасаўшы Эльмира Төлегенованың жеке үй китапханасына 200ге шамалас китаплар саўға етилди. Қуўанарлысы, «Мен жумыс­қа орналастым» жойбары шеңберинде усы күнниң өзинде бес ҳаял-қыздың бәнтлиги тәмийинленип, оларға мийнет дәптершелери тапсырылды.

­ Өткен жылы Беруний жеңил санаат кәсип-өнер колледжин питкерген едим, - дейди Ш.Мадримова. ­Бүгин Жаслар аўқамы республикалық Кеңесиниң көмеги менен кондитер өнимлерин ислеп шығаратуғын «Севара ой» жуўапкершилиги шекленген жәми­йетине жумысқа орна­ластым. Жумыслы болғанымнан қуўанышлыман. Хал­қымыз дастурханын кондитер өнимлери менен толтырыўда аянбай хызмет етемен...

Илаж соңында акция шеңберинде өткерилген бир қатар спорт жарыслары ҳәм таңлаўларда өз белсендилигин көрсеткен жасларға шөлкемлестириўшилер тәрепинен арнаўлы диплом ҳәм  саўғалар тапсырылды. Фестиваль көркем өнер шеберлери тәрепинен таяр­ланған гала-концерт бағдарламасы менен жуўмақланды.

 

А.ОРАЗОВ, 

арнаўлы хабаршымыз.

Беруний районы.

 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF