Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 21:49:53, 26.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

УФАДАН ҚОС МЕДАЛЬ МЕНЕН

Бүгин елимиз бойлап өтип атырған ҳәр бир күн халқымыз турмысында қуўанышлы хабар ҳәм жаңалықларға толы болмақта. Әсиресе, мәмлекетимизде жас әўладтың спорт пенен турақлы шуғылланыўына қаратылып атырған дыққат-итибар ҳәм ғамқорлықтың нәтийжесинде олар ҳәрқыйлы көлемдеги спорт жарысларында сыйлы орынларды ийелеп, елимизди пүткил дүньяға танытпақта. Усындай хошхабар жақында Россия­ның Уфа қаласында өткерилген жаўынгерлик спорт түрлери бойынша II Евразия ойынларында өзиниң тастыйықлаўын тапты.

Атап айтқанда, негизи хожелиши, Нөкис спорт колледжиниң 2-курс оқыўшысы Дүрдана Бекбаўлиева Өзбекстан сайланды командасы қурамында белбеўли гүрес бо­йынша 66 килограмм салмақта классикалық ҳәм еркин усылларда еки мәрте қола медалын қолға киргизип, өзиниң тренерлери ҳәм ата-анасын шексиз қуўанышқа бөледи.

­ Белбеўли гүрестиң классикалық усылында дәслеп қазақстанлы, соңынан қытайлы ҳәм россиялы палўанларды жеңип, ярым финалда ҳиндстанлы қызға 2:1 есабында утылып қалдым, - дейди Дүрдана. ­ Ал, еркин усылда болса, Қытай ҳәм Тәжикстан мәмлекетиниң спортшыларын жеңип, түркменстанлы қарсыласымнан жеңилиске ушырадым ҳәм қола медальды қолға киргиздим. Сырт елдеги дәслепки жарысым болғанлықтан азырақ албырағаным, ҳаўа райының организмиме унамсыз тәсири себепли чемпион атана алмадым. Алдағы ўақытлары ата-анам, тренерим ҳәм Ўатанымның абырайын еле де жоқарылатыў ушын тынымсыз шуғылланып, жеңимпазлықты қолға киргиземен, - дейди ол күле шырай менен.

Әлбетте, спортта жеңимпазлық аңсатлықта қолға киргизилмейди. Буның ушын спортшы ҳәм оның тренеринен тынымсыз мийнет ҳәм пидайылық талап етиледи. Сондай-ақ, усы орында Дүрдананың өзиниң қәлеген спорт түри менен шуғылланыўына қолайлы имканият жаратқан ҳәм оны ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаған ата-анасының да бул жеңиске қосқан үлесин айрықша атап өтиўимиз тийис. Бизлер де өз гезегинде елимиз байрағын көклерге көтерген спортшыны, оның ата-анасы Назарбай Сейдахметов, Саятхан Бекбаўлиева, тренерлери Өсербай ҳәм Нурлыбек Ережеповларды бул табысы менен қызғын қутлықлап, оларға «көзайдын» айтамыз.

Фарида МУСЛАТДИНОВА,

Нөкис компьютер ҳәм хабар технологиялары кәсип-өнер колледжи оқыўшысы.

СҮЎРЕТТЕ: Д.Бекбаўлиева өз жақынлары менен бирге.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF