Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 09:54:51, 26.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

«УЛЛЫ  ҚОРҒАННЫҢ ЖАРАТЫЎШЫЛАРЫ  ИЗЗЕТТЕ»

Ҳәр жылы мәмлекетимизде «Халықаралық шаңарақ күни» мүнәсибети менен бир қатар илажлар, байрамлар менен белгиленеди. Быйылғы жылы да орынларда ҳәр қыйлы илажлар, таңлаўлар, дөңгелек стол ҳәм ушырасыў кешелери болып өтти.

Мине, усындай илажлардың бири Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты жанындағы Халық билимлендириў хызметкерлерин қайта таярлаў ҳәм олардың тәжирийбесин арттырыў аймақлық ора­йында болып өтти.

Нөкис қалалық Ҳаял-қызлар комитети ҳәм басқа да бир қатар мәпдар мәкемелер менен биргеликте 16-май «Миллий қәдириятлар күни», «Шаңарақ ­ қәдириятлар бесиги» атамасындағы руўхый-ағартыўшылық илажы ҳәм «Уллы қорғанның жаратыўшылары иззетте» атлы 35, 40, 50 ҳәм оннан да артық жыллар даўамында татыўлықта жасап атырған, перзентлерин шаңараққа, Ўатанға садық руўхында саламат ҳәм бәркамал етип тәрбиялап атырған шаңарақ ўәкиллериниң қатнасыўында шөлкемлестирилген бул байрам кешесине мийнет нураныйлары, үлгили шаңарақ ийелери, мәкан пуқаралар жыйынынан мәс­лә­ҳәт­шилер, оқыў­шы жаслар, олардың ата-аналары, устазлары қатнасты.

Илажда қатнасқан Нөкис қаласы ҳәкиминиң орынбасары, қалалық Ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы Г.Абибуллаева сөзге шығып, бул илаждың жәмийет ушын, шаңарақ ушын әҳмийети, шаңарақлардың беккемлиги ҳәм аўызбиршилиги мәмлекетимиздиң раўажланыўы ушын қаншелли әҳмийетли екенлигине тоқтады. Соның менен бирге «Оила» илимий-әмелий изертлеў орайы Қарақалпақстан Республикасы басқармасының баслығы М.Өтепбергенов, Нөкис қалалық ПҲАЖ бөлиминиң баслығы С.Пирназаровалар усы илажға қатнасып отырған үлгили шаңарақлардың қатары хал­қымыз арасында еле де көбейиўин, усындай илаж оқыўшылар ҳәм олардың ата-аналары ушын үлкен тәрбиялық әҳмийетке ийе екенлигин айтып өтти.

­ Кеше ғана университетте студентлик жылларды бирге өткерип жүрген болсақ, жыллардың зымырап өтиўин қараң. Минекей, 38 жылдан берли биргеликте шаңарақ деп аталған муқаддес қорғанның татыўлығын сақлаўға тырысып киятырмыз. Шүкиршилигимиз көп, усы жылларды биз биргеликте мазмунлы өткере алдық деп айта аламыз. 4 ул, 2 қызды камалға келтирип, олардан 12 ақлық көрдик. Шаңарағымыз спортшылар шаңарағы қатарында болып, елеге шекем валейбол ойнап турамыз. Өзим «Қарлығаш» балалар бақшасын 20 жыл бас­қарып, напақаға шыққан болсам, өмирлик жолдасым Тутыныўшылар ҳуқықын қорғаў жәмийетиниң баслығы болып ҳүрметли дем алысқа шықты.

Шаңарақ ­ жәмийетимиздиң басланғыш буўыны, халқымыздың салт-дәстүрлери ҳәм қәдириятларын өзинде сақлаўшы муқаддес мәскан. Жақсы ислер шаңарақтан басланып, оннан мәҳәллеге көшеди, жәмийетке кирип барады. Жасап атырған мәканымыздағы ҳәр қандай мәселелер бизди бийпарық қалдырмайды. Жәмийетимизде шаңарақлардың беккем болыўы ушын өз турмыслық пикир-кеңеслеримизди айтыўды жасы үлкенлик ўазыйпамыз деп билемиз,- дейди «Сәрбиназ» мәкан пуқаралар жы­йыны аймағында жасаўшы үлгили шаңарақлардың бири Усман Маткаримов ҳәм Феруза Маткаримовалар.

Илаж барысында пайтахтымыздағы ҳәр бир мәкан пуқаралар жыйыны аймағында жасаўшы усындай үлгили шаңарақларға Нөкис қаласы ҳәкимлигиниң «Ҳүрмет жарлығы», «Алғыснама»сы ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.

 

Г.ЖҮГИНИСОВА,

арнаўлы

хабаршымыз.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF