ИПОТЕКАЛЫҚ КРЕДИТ БАЗАРЫН РАЎАЖЛАНДЫРЫЎ ҲӘМ КЕҢЕЙТИЎГЕ БАЙЛАНЫСЛЫ ҚОСЫМША ИЛАЖЛАР ҲАҚҚЫНДА
Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы
2016-2018-жылларда ипотекалық кредит әмелиятының кеңейиўи 82 мыңнан аслам турақ жайлардың пайдаланыўға тапсырылыўын тәмийинледи, соның нәтийжесинде елимиздиң барлық аймақларындағы 400 мыңға шамалас пуқаралар турақ жай шараятларын жақсылаўға еристи.
Аўыллық жерлерде арзан турақ жайлар ҳәм қалаларда көп қабатлы жайлар, жас шаңарақларға, әскерий хызметкерлерге, бюджет шөлкемлериниң хызметкерлерине ҳәм халықтың басқа да қатламлары ушын турақ жайлар қурыў бойынша мәмлекетлик мақсетли бағдарламаларды (кейинги орынларда — мақсетли бағдарламалар) избе-из әмелге асырыў даўам етпекте. Бул мақсетлер ушын республиканың коммерциялық банклери тәрепинен жәми 10 триллион сумнан аслам ипотекалық кредитлер берилди.
Соның менен бирге, елимиздиң турақ жай секторын раўажландырыў зәрүрлиги ипотекалық кредитлерди бериў механизмлерин жетилистириў ҳәм халықтың барлық қатламлары ушын базар принциплери тийкарында ипотекалық кредитлерден пайдаланыў имканиятларын көбейтиў бойынша қосымша илажлар көриўди талап етпекте.
Халықтың турмыс дәрежесин избе-из арттырыў, ипотекалық кредит механизмлеринен пайдаланыў әмелиятын буннан былай да жетилистириў ҳәм кеңейтиў, сондай-ақ, қурылыс материалларын ислеп шығарыў санаатын ҳәм қурылыс индустриясын раўажландырыў ушын қосымша имканиятлар ҳәм жағдайлар жаратыў мақсетинде:
- Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги тәрепинен Азия раўажланыў банки (кейинги орынларда — АРБ) менен биргеликте Өзбекстанда ипотека базарын раўажландырыў бағдарламасын 2019-2021-жылларда әмелге асырыў концепциясы ислеп шығылғаны, оның шеңберинде базар принциплери тийкарында узақ мүддетли турақлы ипотекалық қаржыландырыў системасын жаратыў ушын АРБ тәрепинен 200 миллион АҚШ доллары муғдарында қарыз қаржыларын ажыратыў нәзерде тутылғаны мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
- Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги, Экономика ҳәм санаат министрлиги, Орайлық банк ҳәм коммерциялық банклердиңF
Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги тәрепинен басланғыш устав капиталы муғдары 25 миллиард сум болған акционерлик жәмийети тәризиндеги Ипотеканы қайта қаржыландырыў компаниясын (кейинги орынларда — Компания) шөлкемлестириў;
республикалық коммерциялық банклер ҳәм басқа да юридикалық шахсларға ықтыярлы түрде Компанияның шөлкемлестириўшилери болыў ҳуқықын бериў ҳаққындағы усынысларына келисим берилсин.
Төмендегилер Компанияның тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:
жергиликли ҳәм халықаралық капитал базарларда қаржы ресурсларын, соның ишинде, халықаралық финанс институтлары ҳәм сырт ел ҳүкиметлик финанс шөлкемлериниң (кейинги орынларда — ХФИ ҳәм ХҲФШ) қаржыларын тартыў ҳәм кейин ала оларды ипотекалық кредитлерди қайта қаржыландырыўға қаратыў;
халықтың арзан турақ жайларға артып атырған талабын қанаатландырыў ушын базар принциплери тийкарында коммерциялық банклерге қаржылық ресурслар бериў;
соның ишинде, ипотека баҳалы қағазларын шығарыў ҳәм оларды инвесторлар арасында жайластырыў;
ипотекалық кредит системасын жетилистириўге жәрдемлесиў, ипотека базарын раўажландырыўдың заманагөй усылларын ҳәм қуралларын енгизиў, ипотекалық кредит ҳәм ипотека баҳалы қағазлар базарында қәўиплерди азайтыў ҳәм ликвидликти арттырыў;
ипотекалық кредит ҳәм қайта қаржыландырыў тараўында, соның ишинде, сырт ел экспертлерин ҳәм қәнигелерин тартқан ҳалда методологиялық ҳәм нормативлик-ҳуқықый базасын ислеп шығыўға қатнасыў.
- Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги үш ай мүддетте Компанияның жумысын шөлкемлестириўге техникалық жәрдемлесиў (грант) қаржыларын ажыратыў мәселесин АРБ менен көрип шықсын.
- Компания тәрепинен ипотекалық кредитлерди қайта қаржыландырыў төмендеги тәртипте әмелге асырылатуғыны белгилеп қойылсын:
а) Компания акционерлердиң қаржыларын және ХФИ ҳәм ХҲФШниң қарыз қаржыларын, сондай-ақ, баҳалы қағазлар шығарыў арқалы жергиликли ҳәм халықаралық капитал базарларындағы узақ мүддетли ресурс қаржыларын тартады;
б) Компания тартылған қаржыларды Компания тәрепинен орнатылатуғын квалификациялық талапларға сәйкес келетуғын коммерциялық банклерге кредит ресурсларын ажыратыў жолы менен қайта қаржыландырады;
в) коммерциялық банклер Компания тәрепинен белгиленген шәртлерде қарыз алыўшыларға ипотекалық кредитлерди береди;
г) коммерциялық банклер ипотекалық кредитлер, ипотекалық шәртнамалар бойынша талап ҳуқықларынан ямаса гиреў хатлары бойынша ҳуқықлардан Компанияның пайдасына ўаз кешеди;
д) Компания коммерциялық банклер менен ҳуқықлары бурын Компанияға өткерип берилген ипотекалық кредитке хызмет көрсетиў шәртнамасын ямаса гиреў хатларын исенимли басқарыўға бериў шәртнамасын дүзеди;
е) коммерциялық банклер қарыз алыўлар ҳәм ипотека бериўшилер тәрепинен кредит шәртнамалары ҳәм ипотека шәртнамаларының Компания пайдасына зәрүр дәрежеде орынланыўын тәмийинлейди.
Компания тәрепинен ипотеканы қайта қаржыландырыўдың нызамшылыққа қарсы болмаған басқа түрлери де енгизилиўи мүмкин.
- Өзбекстан Республикасы Орайлық банки ипотеканы қайта қаржыландырыў шөлкемлериниң жумысын қадағалаў ҳәм тәртипке салыў тараўында ўәкилликли мәмлекетлик уйым етип белгиленсин.
- Өзбекстан Республикасында 2019-2021-жылларда ипотекалық кредит системасын раўажландырыў бойынша «Жол картасы» 1-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги және Экономика ҳәм санаат министрлигиниң:
а) 2020-жыл 1-январьдан баслап, мақсетли бағдарламалардың орынланыўы шеңберинде төмендегилер нәзерде тутылған жаңа шәртлерде ипотекалық кредитлер ажыратыў:
Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги тәрепинен қатнасатуғын банклерге ажыратылып атырған кредит ресурслары және халыққа берилип атырған ипотекалық кредитлер бойынша жеңилликли дәўирди 1 жылға шекем қысқартыў;
кредиттен пайдаланыўдың биринши 5 жылы даўамында ҳәр жылы процент ставкасын қатаң белгиленген 7 проценттен Өзбекстан Республикасы Орайлық банкиниң қайта қаржыландырыў ставкасы дәрежесине шекем басқышпа-басқыш көбейип баратуғын ставкада ҳәм кейинги дәўирде Орайлық банктиң қайта қаржыландырыў ставкасында белгилеў;
ипотекалық кредитлердиң процентлерин аннуитет төлемлери формуласы бойынша есаплаў тәртибин енгизиў (айлық төлем тийкарғы қарыз қалдығына есапланған процентлер бойынша толық төлемди және кредиттиң бир бөлегин өз ишине алады, бул сондай есаплаўды нәзерде тутады, ҳәр айлық барлық төлемлер кредит төлеўдиң пүткил дәўиринде бирдей болады);
б) нызам ҳүжжетлеринде белгиленген квалификациялық талапларына жуўап беретуғын юридикалық шахсларға мақсетли бағдарламаларды әмелге асырыўда буйыртпашы ямаса бас жумысты бөлип алыўшы сыпатында қатнасыў ҳуқықын бериў;
в) мақсетли бағдарламаларды әмелге асырыўда қатнасып атырған коммерциялық банклердиң санын көбейтиў;
г) мақсетли бағдарламаларды әмелге асырыў шеңберинде турақ жайлар ҳәм квартираларды оңлаў ҳәм реконструкциялаў ушын кредитлер бериў ҳаққындағы усыныслары мақуллансын.
- Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги Экономика ҳәм санаат министрлиги және басқа да мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте 2019-жыл 1-ноябрьге шекем мақсетли бағдарламаларды әмелге асырыў шеңберинде турақ жайларды сатып алыўға талабан физикалық шахсларды хожалығының дәраматы, қурылыс майданы, көшпес мүлк қунының баҳаларынан ҳәм басқа да шәртлерден келип шыққан ҳалда таңлап алыўдың жаңаланған тәртиби ҳәм критерияларын тастыйықлаў бойынша нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң жойбарларын Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине киргизсин.
- 2020-жыл 1-январьдан баслап мақсетли бағдарламаларды әмелге асырыў шеңберинде усынылған қосымша қун салығы бойынша әмелдеги жеңилликлер бийкар етилсин.
- Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети 2019-жыл 1-декабрьге шекем мақсетли бағдарламаларды әмелге асырыўдың нәтийжелилигин ҳәр тәреплеме баҳалаўдың және кең жәмийетшиликтиң додалаўы нәтийжелери тийкарында төмендегилер бойынша усыныслар киргизсин:
а) төмендегилердиң әмел етилиўин бийкар етиў:
бас жумысты бөлип алып ислеўши шөлкемлерге, жумысты бөлип алып ислеўши шөлкемлерге ҳәм жумыс бериўши шөлкемлерге, қурылыс материаллары, әсбап-үскенелер, қурылыс техникасы ҳәм автотранспорт ислеп шығаратуғын шөлкемлерге, сондай-ақ, оларды тасыўда қатнасатуғын шөлкемлер, жумыслар (хызмет) көрсетиў кәрханалары, соның ишинде, Өзбекстан Республикасы резидент емеслери, транспорт кәрханалары, соның ишинде, «Қишлоқ қурилиш инвест» ИК» ЖШЖ, «Ўзшаҳар қурилиш инвест» ИК, «Қишлоққурилиш лойиҳа» ЖШЖ, «Ўзсаноатэкспорт» АЖ және «Тошкент қишлоқ қурилиш сервис» ЖШЖне берилген салық жеңилликлери (қосымша қун салығынан тысқары);
физикалық шахслардың мүлк салығы бойынша жеңилликлер;
б) жеке тәртиптеги турақ жай ямаса көп қабатлы жайдағы квартираның баҳасы 300 миллион сумнан аспаған жағдайда, алынған ипотекалық кредитлерди ҳәм олар бойынша есапланған процентлерди қаплаў ушын қаратылатуғын ҳәм салық салынатуғын физикалық шахслар ҳәм олардың шаңарақ ағзаларының (бирге қарыз алыўшылар) жәми 15 миллион сумға шекем болған мийнет ҳақы ҳәм басқа да дәраматларының суммасы салық дәўири даўамында физикалық шахслардан алынатуғын дәрамат салығына тартылмаслығын нәзерде тутатуғын тәртипти орнатыў;
в) бийкар етилип атырған салық жеңилликлериниң орнына турақ жай шараятларын жақсылаўға мүтәж шахслар ҳәм нызам менен белгиленетуғын пуқаралардың басқа да категорияларына ипотекалық кредит бойынша басланғыш төлемди ҳәм (ямаса) процентин төлеў ушын субсидиялар бериў.
- Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Ж.А.Қўчқоров ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйиниң орынбасары Г.К.Саидова медиа-режени тастыйықласын ҳәм халықтың арасында кең түрде түсиник жумыслары алып барылыўын, атап айтқанда, ипотекалық кредитлер бериўдиң жаңа шәртлери және усы Пәрманда көрсетилген басқа да мәселелерди сәўлелендириў бойынша темаға байланыслы студиядағы ҳәм көшпели дүркин телекөрсетиўлер ҳәм радиоеситтириўлерди шөлкемлестирсин.
- Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги структурасында басқарыў хызметкерлериниң 12 штат бирлигин қосымша ажыратқан ҳалда Арзан турақ жай қурыў мәмлекетлик мақсетли бағдарламаларын муўапықластырыў ҳәм қаржы базары қуралларын раўажландырыў басқармасы дүзилсин.
Басқарманың тийкарғы ўазыйпалары етип төмендегилер белгиленсин:
мақсетли бағдарламалардың орынланыў нәтийжелилигин таллаўға ҳәм мониторинг етиўге қатнасыў, олар бойынша бирден-бир мағлыўматлар базасын қәлиплестириў ҳәм жүргизиў;
мақсетли бағдарламаларды әмелге асырыў илажларын қаржыландырыўды тәмийинлеў, ипотекалық кредит базарын раўажландырыўға ХФИ ҳәм ХҲФШ қаржыларын тартыўға қатнасыў;
финанс институтлары менен биргеликте баҳалы қағазларды ҳәм финанс қуралларын тәртипке салыў тараўында нормативлик-ҳуқықый базаны жетилистириў бойынша, соның ишинде, алдынғы жәҳән тәжирийбесин ҳәм корпоративлик басқарыўдың заманагөй усылларын есапқа алған ҳалда усыныслар таярлаў;
мақсетли бағдарламаларды әмелге асырыў шеңберинде алып барылып атырған илажлар, белгиленген тәртип-қағыйдалар ҳәм қолланып атырған механизмлер ҳаққында жәмийетшиликти кеңнен хабардар етиўди шөлкемлестириў.
- 2019-жыл 1-январьға шекем қурылысына руқсат етилген турақ жай фонды объектлерин (2017-2021-жылларда аўыллық жерлерде жаңаланған үлги жойбарлар бойынша арзан турақ жайлар қурыў бағдарламасына, 2017-2020-жылларда қалаларда арзан көп квартиралы жайларды қурыў ҳәм реконструкциялаў бағдарламасына киргизилген объектлер буған кирмейди) бирлемши турақ жай базарында реализациялаў обороты 2020-жылдың 1-январына шекем қосымша қун салығынан азат етилсин.
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң айырым нызам ҳүжжетлерине 2-қосымшаға муўапық өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилсин.
- Усы Пәрманның 2-қосымшасының 3-бәнти «б» киши бәнтинде нәзерде тутылған өзгерис 2019-жыл 1-октябрьден күшке киретуғыны белгилеп қойылсын.
16.Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги, Орайлық банки мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Ж.А.Қўчқоровқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйиниң орынбасары Г.К.Саидоваға жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ.
Ташкент қаласы, 2019-жыл 13-май.