Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 00:30:44, 27.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЖУРНАЛИСТЛЕР  СЫНАЎ  ЛАБОРАТОРИЯЛАРЫ  МЕНЕН  ТАНЫСТЫ

Жақында Қарақалпақстан сынаў ҳәм сертификатластырыў орайы мәмлекетлик кәрханасы тәрепинен тараў хызметкерлери ҳәм  ғалаба хабар қураллары ўәкиллериниң қатнасында медиа­тур шөлкемлестирилди.

Дәслеп медиатур қатнасыўшылары менен ушырасыў болып өтти. Онда «Өзстандарт» агентлигиниң жәмийетшилик ҳәм ғалаба хабар қураллары менен байланыс бөлими баслығы А.Расулов, Қарақалпақстан сынаў ҳәм сертификатластырыў орайы мәмлекетлик кәрханасы директоры Ч.Худайбергенов ҳәм усы кәрхананың лаборатория баслығы Т.Арзыўовалар сөзге шығып, тараўда жүргизилип атырған жумыслар, сондай-ақ, орай жанындағы сынаў лабораториясы  тәрепинен әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында айрықша тоқтап өтти.

Илажда атап өтилгениндей, бүгинги күнде орайда физика-химиялық сынаў, кем қуўатлы электр үскенелерин сынаў, автотранспорт ҳәм автотранспорт қуралларын сынаў, сондай-ақ, нефть-газ өнимлерин сынаў лабораториялары халқымызға хызмет көрсетип келмекте. Кәрхана тәрепинен усы жылдың май айына шекем 948 сынаў баянламасы ҳәм 437 муўапықлық сертификатлары рәсмийлестирилип берилди. Сондай-ақ, өткен жылы сынаў лабораториясы заманагөй жаңа үскенелер менен тәмийинленип, 14 түрдеги аўыл хожалығы өнимлерин сынаў бойынша халықаралық аккредитациядан өткерилди. Әлбетте, бул жаңа технологиялар экспорт етилген өнимлерге берилген сынаўлардың сапа жағынан тән алыныўына, соның менен бирге, күнделикли турмысымызда пайдаланып киятырған азық-аўқат ҳәм басқа да өнимлердиң қәўипсизлигин тәмийинлеўде әҳмийетли болып табылады.    

Буннан соң журналистлер орай жанындағы аккредитациядан өткен ҳәм халықаралық сынаў лабораториясында болып, бул жердеги лаборатория жумыслары менен жақыннан танысты.

Медиатур соңында қатнасыўшылар «Panaev Farms» фермер хожалығы ҳәм «Нөкис Полимер» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң өндирислик кәрханасына саяхат етти.

Илажды өткериўден гөзленген тийкарғы мақсет — орай тәрепинен көрсетилетуғын хызметлер, өнимлерди сертификатластырыў, өлшеў ҳәм сынаў лабораториялары менен танысыў ҳәм  ислеп шығарыў кәрханалары менен биргеликте әмелге асырылып атырған жумыслар, исбилерменлик  субъектлери ушын жаратылған имканиятларды халыққа жеткериў болып табылады.

А.ОРАЗОВ,

арнаўлы хабаршымыз.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF