БАҚСЫШЫЛЫҚ КӨРКЕМ ӨНЕРИН БУННАН БЫЛАЙ ДА РАЎАЖЛАНДЫРЫЎ ИЛАЖЛАРЫ ҲАҚҚЫНДА
Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары
Халқымыздың миллий өзлигин, ески тарийхын ҳәм тилин, оның турмыс тәризин, дәстүр ҳәм үрп-әдетлерин өзинде жәмлейтуғын, улыўмаинсаныйлық мәденияттың ажыралмас бөлеги сыпатында тән алынған бақсышылық көркем өнери белгили бақсы-шайырларымыз, фольклорист илимпазларымыздың пидайы мийнети, дөретиўшилик ой-пикири менен әсирлерден-әсирлерге өтип келмекте.
Халқымыздың жоқары көркемлик даналығы менен жаратылған бул бийбаҳа көркем өнерди қәстерлеп сақлаў ҳәм раўажландырыў бойынша елимизде бир қатар жумыслар әмелге асырылмақта. Бул бағдарда елимизде «Алпамыс» дәстанының мың жыллығы кеңнен белгиленгени, Термиз қаласында бул уллы көркем естеликтиң ҳүрметине, Самарқанд қаласында белгили бақсыларымыздың естелигине бағышланған естелик комплекслери жаратылғаны, мәмлекетимиз тәрепинен «Өзбекстан Республикасы халық бақсысы» ҳүрметли атағы шөлкемлестирилгенин атап өтиў керек.
Бүгинги күнде Термиз қаласында бақсышылық мектеби, республикамыздағы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеплеринде фольклор класслары жумыс алып бармақта. Елимизде көп томлық «Қарақалпақ фольклоры» топламлары басып шығарылды, 100 томлық «Өзбек халық дөретиўшилиги естеликлери» топламы басып шығарылмақта. Бақсы-шайырлар тәрепинен атқарылып атырған дөретпелерди жазып алыў, оларды илимий үйрениў жумыслары даўам етпекте.
Жақында Термиз қаласында биринши мәрте өткерилген Халықаралық бақсышылық көркем өнери фестивалы халықаралық көлемдеги ири мәдений ўақыя сыпатында кеңнен белгиленгени айрықша итибарға ылайық.
Ҳәзирги ўақытта бүгинги глобалласыў дәўиринде коммерциялық қуралға айланған «ғалабалық мәденият», шоу-бизнесиниң кери тәсири барған сайын күшейип атырған бир шараятта фольклор көркем өнерине итибар ҳәм қызығыўшылық төменлеп атырғаны, көп жерлерде умытылып, қорғаўға мүтәж болып турғаны көзге тасланбақта.
Халқымыз мәдениятының сарқылмас булағы болған бақсышылық көркем өнерин буннан былай да раўажландырыў, оның миллий мәдениятымыздағы ҳәм көркем өнеримиздеги орнын және әҳмийетин арттырыў, жас әўладты миллий өзликти аңлаў, Ўатанға садықлық, тарийхый мийрасқа ҳүрмет руўхында тәрбиялаў мақсетинде:
- Өзбекстан Республикасы Мәденият министрлиги, Илимлер академиясы, Жазыўшылар аўқамы ҳәм Сурхандәрья ўәлаяты ҳәкимлигиниң Термиз қаласында мәмлекетлик мәкеме тәризинде Республикалық Бақсышылық көркем өнери орайын (кейинги орынларда — Орай) және оның жанында юридикалық шахс статусына ийе болған Бақсышылық көркем өнерин раўажландырыў қорын (кейинги орынларда — Қор) дүзиў ҳаққындағы усыныслары мақуллансын.
- Орайдың тийкарғы ўазыйпалары етип төмендегилер белгиленсин:
бақсышылық көркем өнериниң илимий-теориялық ҳәм әмелий тийкарларын терең үйрениў ҳәм беккемлеў;
тараўда қәлиплескен дөретиўшилик мектеплердиң өзине тән атқарыў усыллары, «устаз-шәкирт» дәстүрлерин қайта тиклеў ҳәм раўажландырыў;
бақсы-шайырлар, фольклорист илимпазлар, оқытыўшы ҳәм қәнигелердиң дөретиўшилик ҳәм илимий жумысын қоллап-қуўатлаў;
мәденият орайлары, балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеплери ҳәм басқа да билимлендириў мәкемелери жанында бақсышылық көркем өнери дөгереклерин шөлкемлестириў;
бақсы-шайырлардың дөретиўшилигине кең жол ашып бериў, ғалабалық байрамлар ҳәм мәдений илажларда олардың белсене қатнасыўын тәмийинлеў;
бақсышылық көркем өнериниң сайланды үлгилерин топлаў ҳәм фондын жаратыў, олардың аудио ҳәм видео вариантларын көбейтиў, бул тараўды елимизде ҳәм дүньяда кеңнен үгит-нәсиятлаў ушын мәлимлеме-коммуникация технологияларынан, телевидение ҳәм интернеттиң имканиятларынан нәтийжели пайдаланыў;
бақсышылық көркем өнери бағдарында халықаралық бирге ислесиўди күшейтиў, бул бағдарда өз-ара тәжирийбе алмасыўды жолға қойыў, соның ишинде, ҳәр қыйлы халықаралық әнжуманлар ҳәм таңлаўлар, концертлер ҳәм шеберлик сабақларын шөлкемлестириў.
- Қордың тийкарғы ўазыйпалары етип төмендегилер белгиленсин:
қаржылық ҳәм шөлкемлестириў бағдарларында комплексли илажларды әмелге асырыў тийкарында бақсышылық көркем өнерин буннан былай да раўажландырыўға жәрдемлесиў;
мәмлекетимизде жумыс алып барып атырған бақсы-шайыр, жазыўшы ҳәм жыраўларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў;
мәденият министрлиги системасындағы мәкемелерди бақсышылық көркем өнерине байланыслы зәрүр әдебиятлар, оқыў қолланбалар ҳәм күнделикли басылымлар менен тәмийинлеў;
мәденият ҳәм көркем өнер мәкемелери жанындағы бақсышылық дөгереклериниң материаллық-техникалық базасын беккемлеў, оларды зәрүр саз-әсбаплар ҳәм үскенелер менен тәмийинлеў;
бақсышылық көркем өнери менен байланыслы илимий-изертлеўлер, басылым жумыслары және комплексли илимий экспедицияларды қаржыландырыў;
бақсышылық көркем өнерине байланыслы қәўендерликти раўажландырыў, тараўға сырт ел инвестицияларын ҳәм грантларын тартыў;
нызамшылықта белгиленген дәреклерден түсетуғын қаржыларды топлаў, олардан мақсетли ҳәм нәтийжели пайдаланыўды тәмийинлеў.
- Төмендегилер:
Бақсышылық көркем өнерин буннан былай да раўажландырыў бойынша илажлар режеси 1-қосымшаға;
Республикалық Бақсышылық көркем өнери орайының структуралық қурамы 2-қосымшаға;
Республикалық Бақсышылық көркем өнери орайы жанындағы Бақсышылық көркем өнерин раўажландырыў қоры Кеңесиниң қурамы 3-қосымшаға;
Республикалық Бақсышылық көркем өнери орайы жанындағы Бақсышылық көркем өнерин раўажландырыў қоры атқарыўшы дирекциясының структурасы 4-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
Өзбекстан Республикасы мәденият министрине, зәрүрлик болғанда, Орай ҳәм қордың структураларына хызметкерлердиң белгиленген улыўма саны шеңберинде өзгерислер киргизиў ҳуқықы берилсин.
- Өзбекстан Республикасы Мәденият министрлиги:
еки ай мүддетте Орай ҳәм қордың жумысын шөлкемлестириў ҳаққындағы қарардың жойбарын Министрлер Кабинетине киргизсин. Бунда Қордың қаржыларын қәлиплестириў дәреклери нәзерде тутылсын;
Қаржы министрлиги, Инвестициялар ҳәм саўда министрлиги, Экономика ҳәм санаат министрлиги және Сурхандәрья ўәлаяты ҳәкимлиги менен биргеликте еки ай мүддетте Термиз қаласындағы бақсышылық мектеби тийкарында бақсышылық көркем өнерине қәнигелестирилген Республикалық мектеп-интернатын шөлкемлестириў бойынша Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин;
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери менен биргеликте бақсышылық көркем өнерин раўажландырыў ушын зәрүр болған саз-әсбапларын (домбыра, сыбызғы, шынқобыз, қошнай, ғажирнай, баламан, қобыз сыяқлылар) ислеп шығаратуғын усталардың жумысын қоллап-қуўатлаў, устаханалар ушын орын ажыратыў, арнаўлы ағаш ҳәм металл өнимлери менен тәмийинлеў илажларын белгилесин;
Өзбекстан композиторлары ҳәм мелодистлери аўқамы менен биргеликте бақсы-шайыр, жыраў ҳәм ақынлар тәрепинен атқарылатуғын шығармалардың намаларын ноталастырыў жумысларын басқышпа-басқыш әмелге асырсын;
ЮНЕСКО жумыслары бойынша Өзбекстан Республикасы Миллий комиссиясы менен биргеликте өзбек халқының ески ҳәм бийтәкирар көркем өнери үлгиси болған бақсышылық көркем өнерин ЮНЕСКОның Инсаният материаллық емес мәдений мийрасының репрезентативлик дизимине киргизиў бойынша илажларын әмелге асырсын;
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери менен биргеликте Қарақалпақстан Республикасы, Сурхандәрья, Қашқадәрья, Хорезм ўәлаятларында бақсышылық көркем өнери мәмлекетлик ансамбльлерин, усы көркем өнер түри раўажланған басқа да аймақларда болса ўәлаят ансамбльлерин шөлкемлестирсин;
тийисли аймақларда балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеплери жанында бақсышылық көркем өнери классларын шөлкемлестирсин;
Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги менен биргеликте бир ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныс киргизсин.
- Сурхандәрья ўәлаяты ҳәкимлиги Орай ҳәм Қор ушын имарат ажыратыў, оның материаллық-техникалық базасын беккемлеў және автотранспорт пенен тәмийинлеў илажларын көрсин.
- Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги, Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы ҳәм басқа да ғалаба хабар қуралларына устаз бақсылар ҳәм дәстаншылар, жас атқарыўшылар, бақсышылық көркем өнери дүрданасы есапланған белгили дәстанлар ҳаққында көрсетиў ҳәм еситтириўлер, мақалалар таярлаў ҳәм жәриялап барыў және усы қарарда белгиленген илажларды кеңнен сәўлелендириў усыныс етилсин.
- Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйиниң орынбасары Ф.Ш.Маҳмудовқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ.
Ташкент қаласы, 2019-жыл 14-май.