Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 02:18:23, 26.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ӘЎМЕТ БИЗГЕ КҮЛИП БАҚТЫ

Елимизде дене тәрбия ҳәм спортқа айрықша итибар қаратылып, бир қатар спортшыларымыз халық­аралық жарысларда жоқары табысларды қолға киргизип келмекте.

Жақында пайтахтымыздағы 2-санлы жас өспиримлер спорт мектебинде мектеп, кәсип-өнер колледжи ҳәм лицей оқыўшылары арасында «Жас қутқарыўшылар» атамасында жарыс болып өтти. Оған республикамыз қала ҳәм ра­йонларынан 300 ден аслам оқыўшы-жаслар қатнасты. Жарыста қатнасыўшылар арқанға өрмелеў, палатка қурыў, биринши медициналық жәрдем көрсетиў, сораў-жуўап ҳәм басқа да шәртлер бойынша өз-ара күш сынасты.

Қызғын беллесиўлерге бай болған жарыста мектеплер арасында Нөкис қаласындағы 31-санлы мектеп оқыўшылары биринши орынды ийелеп, Өзбекстан көлеминде өткерилетуғын басқышқа жолламаны қолға киргизди. Сондай-ақ, кәсип-өнер колледжи ҳәм лицей оқыўшылары арасында болса, Нөкис қаласы, Қоңырат ҳәм Төрткүл ра­йоны командалары сыйлы орынларды жеңип алыўға миясар болды.

 

З.АБУТОВ,

Нөкис қаласы 31-санлы қәнигелестирилген мәмлекетлик

мектептиң дене тәрбиясы пәни муғаллими.

 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF