Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 09:54:28, 20.05.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ДИАНАНЫҢ МОСКВАДАҒЫ ТАБЫСЫ

Усы жылдың 28-апрелинен 3-майына шекемги аралықта Россия Федерациясының пайтахты Москва қаласында VI «DANCE CONTINENT» Халықаралық хореография өнери таңлаўы болып өтти.

Қуўанарлы жери, бурынғы аўқам республикаларынан 1,5 мыңнан аслам жас талант ийелери қатнасқан бул абырайлы таңлаўда Өзбекстан Республикасынан қатнас­қан Шоманай районлық 16-санлы улыўма билим бериў мектебиниң 4-класс оқыўшысы Диана Абатбаева сыйлы 2-орынды ийеледи.

Таңлаўда Диана тәрепинен атқарылған қарақалпақша «Суўға барған қыз», хорезмше «Нарын-нарын» аяқ ойынлары илаж қатнасыўшылары ҳәм төрешилердиң жоқары баҳаларына ылайық болды. Оның бундай табыс­қа ерисиўинде устазлары Дәмехан Ибрагимова, Есназар Халмуратов, Алмагүл Халилаева, сондай-ақ, Москва қаласына барып-қайтыўына қәўендерлик еткен ҳәм қоллап-қуўатлаған Шоманай районы ҳәкимлиги менен Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы жәмәәтлериниң хызметлерин айрықша атап өтиў керек.

Көркем өнер деп атал­ған кең дүньяға дәслепки қәдемин усылайынша сәтли баслаған Диана Абатбаеваны халқымыз ҳәм республикамыздың кең жәмийетшилиги атынан қызғын қутлықлап, алдағы дөретиўшилик ислеринде табыслар тилеймиз.

 

С.ЖАНИЕВ.

СҮЎРЕТТЕ: Диана Абатбаева.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF