Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 09:04:39, 20.05.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

УРЫС ҲӘМ МИЙНЕТ ВЕТЕРАНЫНЫҢ ЕСТЕЛИГИНЕ БАҒЫШЛАНДЫ

1994-жылдан берли ҳәр жылы Қорғаныўға көмеклесиўши «Ватанпарвар» шөлкеминиң Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң режесине тийкарланып, урыс ҳәм мийнет ветераны, гвардия аға лейтенанты Мурат Махмудовтың естелигине бағышланып, спорттың жазғы биатлон түринен жас өспиримлер арасында спорт жарысын өткериў дәстүрге айланып келмекте.

Бы­йылғы жылы да бул дәстүр даўам етилип, усы жылдың 7-май күни Қорғаныўға көмеклесиўши «Ватанпарвар» шөлкеми Хожели районлық Кеңеси оқыў-спорт техника клубы тәрепинен усы ра­йондағы 1-санлы балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебиниң стадионында 2000-2001-жылларда туўылған ер ҳәм қыз балалар арасында жазғы биатлон бойынша республика бириншилиги өткерилди. Спорт жарысының ашылыў мәресимине Қорғаныўға көмеклесиўши «Ватанпарвар» шөлкеминиң Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси, Хожели ра­йонлық «Нураный» қоры, Қорғаныў ислери бөлими, мәденият ҳәм спорт бөлими, мийнет ҳәм спорт ветеранлары ҳәм қәўендер мәкеме басшылары, урыс ветераны М.Махмудовтың балалары қатнасты.

Жарыста Хожели ра­йонлық «Нураный» қоры баслығы И.Дощанов, ра­йонлық Қорғаныў ислери бөлиминиң жасларды әскерий шақырыққа шекем таярлаў бөлиминиң баслығы, Қураллы Күшлер Ветеранлар кеңеси районлық бөлими баслығы Ө.Нуржанов, Қорғаныўға көмеклесиўши «Ватанпарвар» шөлкеминиң Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси баслығының орынбасары М.Шамуратовлар шығып сөйлеп, жарыс қатнасыўшыларына табыслар тиледи. Жарысқа районлардан 10 команда (20 ер бала ҳәм 20 қыз балалар) қатнасты. Буннан соң спорт жарысына старт берилип, қатнасыўшылар 3000 метр аралыққа жуўырыў ҳәм ҳаўа мылтығынан жатып ҳәм түргелип турып, 10 дана оқ атыў шәртлери бойынша өз-ара беллести. Қатнасыўшылардың жарыс даўамында алған нәтийжелери жуўапкер төрешилер тәрепинен әдил баҳаланып барылды.

Жарыс жуўмағында ер балалар арасында Ш.Жумабаев биринши, Д.Дәўлетов екинши, Д.Абдураимов үшинши орынларды, қыз балалар арасында Р.Қойланова биринши, Г.Жумабаева екинши, Ш.Гүлманова үшинши орынларды, командалар арасында Төрткүл районы биринши, Әмиўдәрья ра­йоны екинши, Беруний районы командалары ағзалары үшинши орынларды ийеледи. 

Жарыс жеңимпазлары Қорғаныўға көмеклесиўши «Ватанпарвар» шөлкеминиң Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси, Қорғаныўға көмеклесиўши «Ватанпарвар» шөлкеми Хожели районлық Кеңеси оқыў-спорт техника клубы тәрепинен I, II, III дәрежели дипломлар ҳәм медальлар менен сыйлықланды. Сондай-ақ, Хожели районы Қорғаныў ислери бөлими тәрепинен жарысқа қатнасқан барлық командаларға дипломлар тапсырылды.

 

С.ОРАЗЫМБЕТОВ,

өз хабаршымыз.

Хожели районы.

СҮЎРЕТТЕ: жарыстан көринис.

Автордың түсирген сүўрети.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF