Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 19:47:30, 06.05.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ҲУҚЫҚБУЗАРЛЫҚЛАР ПРОФИЛАКТИКАСЫНА БАҒЫШЛАНДЫ

Бүгинги күни елимизде тынышлық ҳәм турақлылықты тәмийинлеў, жаслар арасында жынаятшылықтың алдын алыў ең әҳми­йетли мәселелердиң бири болып табылады.

Себеби, өз-ара татыўлық ҳүким сүрген елде алға илгерилеў ҳәм раўажланыўлар болады.

Жақында Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети жанындағы академиялық лицейде Өзбекстан Республикасы Президентиниң 20l8-жыл 4-декабрьдеги «Қарақалпақстан Республикасында жәми­йетлик тәртипти сақлаў ҳәм ҳуқықбузарлықлар профилактикасы системасы нәтийжелилигин арттырыў бойынша илажлар ҳаққында»ғы Бийлигине тийкарланып, жаслар арасында жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыўға бағышланған мәжилис болып өтти. Оған Қарақалпақстан Республикасы Қорғаныў ислери басқармасы, Нөкис әскерий прокуратурасының жуўапкер хызметкерлери ҳәм лицей жәмәәти қатнасты.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Қор­ғаныў ислери басқармасының жасларды шақырыққа шекем таярлаў бөлими баслығы, подполковник Д.Шокаримов, Нөкис әскерий прокурорының аға жәрдемшиси С.Қалендеров, қалалық қорғаныў ислери бөлими баслығы, подполковник А.Серге­баев, лицей оқытыўшысы М.Сайыповлар шығып сөйлеп, Ҳүрметли Президентимиз Ш.Мирзиёевтиң тиккелей басшылығында мәмлекетимизде заман талабына сай ҳәм дүнья жүзилик стандартларға толық жуўап беретуғын Қураллы Күшлерди дүзиў, елимизде қәўипсизлик ҳәм турақлылықты тәмийинлеў бойынша алып барылып атырған кең көлемли реформаларға тоқтап өтти. Сондай-ақ, келешекте Ўатанымызды көздиң қарашығындай қорғаў, жынаятшылықтың алдын алыў ҳәр бир жас әўладтың әдиўли ўазыйпасы екенлигин, сонлықтан бүгин бәршемиз бәрҳа сергек ҳәм қырағы болыўымыз кереклигин айрықша атап көрсетти.

Мәжилис соңында оқыўшылар өзлерин қызықтырған мәселелер бойынша баянатшыларға саўаллар берип, тийисли жуўаплар алды

 

Қ.ӘМЕТОВ,

Нөкис қалалық қорғаныў ислери бөлиминиң ЖШШТ бөлимшеси баслығы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF