Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 15:03:26, 07.12.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ҚОЛЛАРЫ ДӘРТ КӨРМЕСИН

«Қолда бардың қәдири жоқ» дегениндей, қара жерди қайра-қайра басып жүрген гезлеримизде бийбаҳа байлығымыз болған денсаўлығымыздың қәдирине жете бермейтуғынымыз бар гәп.

Қашан пәтикке телмирип, кеселлик жанымызға батқанда ғана барып үмит толы көзлеримизди ақ халатлы кәсип ийелери болған медицина хызметкерлерине тигемиз. Аўырыўдың батпанлап кирип, мысқаллап шығатуғынын усындайда ғана түсинемиз.

Буннан үш жыл бурын телевизордан футбол тамашалап отырып, музлатқышта турған аўқатты жылытпай жей қойып едим. Бийпәрўалығым басыма жетип, бул ҳәрекетимниң изи созылмалы демқыспаға айланып кетти. Соннан берли пайтахтымыздағы 3-санлы поликлиника дерлик «екинши үйим»е айланды, десем де болады. Поликлиниканың бас шыпакери Гүлпәрий Камалова, емлеўши шыпакер Гүлбәҳәр Алламбергенова, сондай-ақ, бул жерде ислеўши мийирбийкелер ҳәр барғанымда жыллы сөзлери менен қарсы алып, тийисли емлерди буйырғанлы берли бир нәўийе тәўирмен. Олардың турақлы қадағалаўында болыўымның арқасында үйимнен кирип-шығып жүрмен.

Усы мақалам арқалы жоқарыда атлары аталған медицина хызметкерлерине, сондай-ақ, Республикалық қыстаўлы медициналық жәрдем илимий орайы Нөкис филиалының шыпакерлери менен мийирбийкелерине миннетдаршылығымды билдиргим келеди. Илайым, олардың қоллары ҳеш қашан дәрт көрмесин!

 

Каримулла МЕДЕТОВ,

мийнет ветераны,

Нөкис қаласы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF