ГРАНТ ЖОЙБАРЫНЫҢ ЖУЎМАҚЛАНЫЎЫНА БАҒЫШЛАНДЫ
«Қарақалпақстан мәденияты» газетасы редакциясы Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси жанындағы мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтларын қоллап-қуўатлаў жәмийетлик фонды тәрепинен өткерилген таңлаўда «Мәҳәлледен танылған талант» жойбары менен қатнасып, жеңимпаз болған еди.
Қарақалпақ мәмлекетлик Жас тамашагөйлер театрында усы жойбардың жуўмақланыўына ҳәм жойбар шеңберинде өткерилген «Мәҳәлледен танылған талант» онлайн таңлаўының жеңимпазларын сыйлықлаўға бағышланған илаж болып өтти.
Оған таңлаў шөлкемлестириўшилери, қатнасыўшылары менен ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты. Илажда шығып сөйлеўшилер жойбар ҳәм оның шеңберинде өткерилген таңлаўдың әҳмийетине кең түрде тоқтап өтти.
Атап өтилгениндей, «Инсан қәдирин улығлаў ҳәм белсенди мәҳәлле» жылы мәмлекетлик бағдарламасын орынлаў арқалы мәҳәллелердеги социаллық жәрдемге мүтәжлиги болған халық қатламы, әсиресе, ҳаял-қызлар ҳәм жаслардың қызығыўшылығы менен мақсетлерин үйрениў, олардың дөретиўшилигин қоллап-қуўатлаў арқалы кең жәмийетшиликке таныстырыў мақсетинде өткерилген таңлаўда «Бақсышылық», «Қосықшылық», «Көркем оқыў», «Хореография» бағдарлары бойынша жеңимпазлар анықланып, олар шөлкемлестириўшилер тәрепинен баҳалы саўғалар ҳәм диплом менен сыйлықланды.
— Мен Хожели районы «Мустақиллиқ» мәкан пуқаралар жыйынында тураман. 10 жастаман. Усы таңлаўға «Бақсышылық» бағдары бойынша қатнасып, жеңимпаз болдым. Устазларыма ҳәм таңлаў шөлкемлестириўшилерине миннетдаршылық билдиремен, - дейди Азиз Жақсымуратов.
— Бул таңлаў республикамыздың шетки аймақларындағы аўылларда жасаўшы жаслардың талантларын жүзеге шығарыўда хызмет етип қоймастан, олардың алдағы табысларына қанат бағышлайды,-дейди «Хореография» бағдары бойынша жеңимпазы, қанлыкөлши Камалатдин Берниязов.
Өткен жылдың август айынан басланып, 6 басқышта өткерилген онлайн таңлаўларға «Тынышлық — уллы байлық», «Миллетлераралық татыўлық — уллы қәдирият», «Ғәрезсиз ел перзентимен», «Дөретиўшилигимде Ўатан тымсалы» идеяларын өзинде жәмлеген еки жүз елиўден аслам дөретиўшилик жумысы келип түсти. Олар қәнигелерден дүзилген төрешилер қурамы тәрепинен үйренилип шығылып, жеңимпазлар анықланды.
Илаж соңында грант жойбарын әмелге асырыўда жақыннан жәрдем берген қәнигелерге газета редакциясы тәрепинен миннетдаршылық билдирилип, таңлаў жеңимпазларының атқарыўында концерт бағдарламасы қойып берилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.