Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 15:15:22, 08.10.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ПЕРЗЕНТ ТӘРБИЯСЫНДАҒЫ ӘҲМИЙЕТЛИ ЎАЗЫЙПАЛАР

Жас әўладты тәрбиялаўдың биринши ҳәм әҳмийетли буўыны бол­ған мектепке шекемги билимлендириў системасын түптийкарынан жетилистириўге бүгинги күнде Президентимиз тәрепинен айрықша итибар қаратылмақта.

Бул бағдарда арнаўлы пәрман ҳәм қарарлар қабыл етилип,  сол тийкарда мектепке шекемги билимлендириў мәкемелерин заман талапларына сай рәўиште шөлкемлестириў ўазыйпалары белгиленип алынды.

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтындағы «Мектепке шекемги ҳәм баслаўыш тәлим» факультети пүткил Қарақалпақстан ҳәм Өзбекстан ўәлаятларына жоқары дәрежедеги тәрбияшы ҳәм педагогларды таярлап беретуғын оқыў орны бол­ғанлықтан, институттың мәжилислер залында «Мектепке шекемги билимлендириўди жетилистириўде инновациялық реформалар ҳәм перспективалар» атамасында республикалық илимий-теориялық конференция болып өтти.

Конференцияның мақсети — ҳәзирги күнде мектепке шекемги билимлендириў системасындағы мектепке шекемги жастағы балалардың тәлим-тәрбиясына қойылып атыр­ған талаплар, билимлендириў системасын жетилистириўде ушырасып атырған машқалалар ҳәм оның шешимлери ҳаққындағы әҳмийетли мәселелерге байланыслы мектепке шекемги билимлендириў мәкемелеринде бүгинги күнде алып барылып атыр­ған жумысларды, жоқары оқыў орынларында илимий жаңалықларды талқылаў, үйрениў ҳәм нәтийжелерин әмелиятқа енгизиў жолларын усыныўдан ибарат.

Республикамыздың жоқары оқыў орынлары профессор-оқытыўшылары, үлкен илимий хызметкер-излениўшилер, магистрантлар, студентлер, педагог кадрларды қайта таярлаў ҳәм тәжирийбесин арттырыў институтлары менен биргеликте ҳәзирги заман педагогика ҳәм психология илиминиң әҳмийетли мәселелери, сондай-ақ, тәлим-тәрбия машқалалары бойынша өз-ара тәжирийбе алмасыў конференцияның тий­карғы ўазыйпаларының бири болды.

Онда усы тараў бойынша қәнигелердиң илимий мийнетлериниң көргизбеси шөлкемлестирилип, қатнасыўшылар дыққатына усынылды.

Конференция барысында Мектепке шекемги билимлендириў министри Ж.Уснатдинованың «Қарақалпақстан Республикасында мектепке шекемги билимлендириўди жетилистириўдеги реформалар ҳәм перспективалар», филология илимлериниң кандидаты, профессор Қ.Қощановтың  «Мектепке шекемги жастағы балалар ушын «Қәўипсизлик әлипбеси»н дөретиў зәрүрлиги», 12-санлы МШБМ методисти Ж.Айтмуратованың «Дәслепки қәдем» бағдарламасы тийкарында мектепке шекемги билимлендириў мәкемелеринде орайларды шөлкемлестириў» ҳәм «Мектепке шекемги жастағы баланың интелектиниң ҳәм логикалық пикирлеўиниң әҳмийети» темасында «Мектепке шекемги тәлим» кафедрасының баслығы, педагогика илимлериниң кандидаты, доцент Г.Жумашева ҳәм басқа да қәнигелердиң усы тараўға байланыслы таярлаған баянатлары оқылып, сораў-жуўаплар, пикир-усыныслар билдирилди.  

Конференция өз жумысын «Мектепке шекемги билимлендириў мәкемелеринде инновациялық технологияларды пайдаланыў усыллары», «Билимлендириўди жетилистириў келешегиF машқала, шешим ҳәм нәтийжелилик» ҳәм «Мектепке шекемги билимлендириў мәкемелери шаңарақ, мектеп ҳәм мәҳәлле менен бирге ислесиўдеги орталықты жаратыўдың зәрүр шараятлары» деген 3 секцияға бөлинген ҳалда даўам етти. 

Конференцияда сөз етилген мәселелер республикамызда мектепке шекемги билимлендириў сис­темасының сапасын жаңа басқышларға көтерилиўинде әҳмийетли қәдем бола алады деп исенемиз. 

 

Г.ЖҮГИНИСОВА,

арнаўлы

хабаршымыз.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF