Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 17:22:19, 09.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

КАДАСТР ХЫЗМЕТИ: ЖЫЛ ЖУЎМАҒЫ ҲӘМ ЎАЗЫЙПАЛАР

Соңғы жылларда мәмлекетимизде кадастр тараўына айрықша итибар берилмекте. Президентимиздиң 2022-жыл 20-октябрь күнги «Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик салық комитети жанындағы Кадастр агент­лиги жумысын және де жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы  қарарының қабыл етилиўи буның ай­қын дәлил.

Сондай-ақ, көшпес мүлкке болған ҳуқықларды мәмлекетлик дизимнен өткериў қатнасықларын тәртипке салыў тараўында «Көшпес мүлкке болған ҳуқықларды мәмлекетлик дизимнен өткериў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы нызамының қабыл етилиўи тараўдың 2022-жылы ерискен ең үлкен табысларынан бири болды.

Басқармамыз тәрепинен өткен жылы Қарақалпақстан Республикасының социаллық-экономикалық жақтан раўажланыўы, жерге қатнасықлардың тәртипке салыныўы да халыққа мәмлекетлик кадастр хызметлерин көрсетиўде нәтийжели жумыслар әмелге асырылды.

Атап айтқанда, халыққа мәмлекетлик кадастр хызметин көрсетиў бойынша 2021-жылда 50 мың 600 көшпес мүлк объектине кадастр паспортын бериў хызмети көрсетилген болса, 2022-жылда 59 мың 823 хызмет көрсетилип, алдынғы жылға салыстырғанда 15 процент көбирек хызмет көрсетилди.

Көшпес мүлкке болған ҳуқықларды мәмлекетлик дизимнен өткериў хызметин көрсетиўде де 2022-жылға салыстырғанда өсим бақланды. 2021-жылда 48 мың 387 мәмлекетлик дизимнен өткериў хызмети көрсетилген болса, өткен жылда 56 мың 736 мәмлекетлик дизимнен өткериў хызмети көрсетилип, 2021-жылға салыстырғанда 15 процентке көбирек хызмет көрсетилди. Сондай-ақ, мәмлекетлик кадастрлар палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы ҳәм Қарақалпақстан Республикасы автомобиль жоллары бас бас­қармасы тәрепинен алып барыл­ған жумыслар нәтийжесинде халықаралық, мәмлекетлик ҳәм жергиликли әҳмийетке ийе улыўма пайдаланыўдағы 4 мың 254 километр, яғный, 4 мың 746га автомобиль жолы толық мәмлекетлик дизимнен өткерилип, кадастр паспортлары қәлиплестирилди.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2022-жыл 14-февральдағы «Аўыл  хожалығына мөлшерленбеген жер участкаларын меншиклестириў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасының Нызамын әмелге асырыў ҳаққында»ғы қарарына муўапық қалалық ҳәм районлық қурылыс бөлимлери менен биргеликте исбилерменлик ҳәм қала қурылысы  жумысын алып барыўы ушын 1986, жәми 282,83 гектар бос жер майданы элек­трон аукцион саўдаға шығарылған болса, соннан 475 жер участ­касы, жеке тәртиптеги турақ жайлар қурылысы ушын 223, жәми 8,9 гектар жер майданлары электрон аукцион саўдаға шығарылған болса, соннан 63 жер орны реализацияланды. Ийеликтеги, пайдаланыўдағы аўыл хожалығына мөлшерленбеген жер участкаларын меншиклестириў бо­йынша 179 жер участкасының топокартасы таярланып меншиклестириўге келисим берилди.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2021-жыл 27-августтағы «Жер участкаларын мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик зәрүрликлери ушын турақлы пайдаланыўға ажыратыўдың ҳәкимшилик регламентин тастыйықлаў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасының Нызамын әмелге асырыў ҳаққында»ғы қарарына  муўапық, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик зәрүрликлери ушын 525, жәми 5408,9 гектар жер участкасын ажыратыў материаллары таярлаў хызмети көрсетилди.

Өткен жыл даўамында Өзбекстан Республикасы Президентиниң виртуал ҳәм халық қабыллаўханалары арқалы, сондай-ақ, басқа шөлкемлерден келип түскен жәми 1116 мүрәжат көрип шығылды. Соның менен бирге, Министрлер Кабинетиниң 2020-жыл 11-ноябрьдеги «Өзбекстан Республикасында 2023-жылы халықты дизимге алыўға таярлық көриў ҳәм оны өткериў илажлары ҳаққында»ғы 710-санлы қарарына тийкарланып, халықты дизимге алыў ушын зәрүр болған 423 пуқаралар жыйынының картографиялық материалларын таярлаў жумыслары толығы менен орынланды ҳәм аймақлық статистика басқармасына тапсырыў-қабыллаў актине муўапық тапсырылды.

Буннан тысқары, 423 пуқаралар жыйынының картасы таярланып, Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм нураныйларды қоллап-қуўатлаў минис­трлиги, сондай-ақ, аймақлық ҳәкимликлер тәрепинен тас­тыйықланды.

Узақбай ЖӘЛЕЛОВ,

Мәмлекетлик кадастрлары палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасының баслығы.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF