БИРГЕ ИСЛЕСИЎ ШЕҢБЕРИ КЕҢЕЙМЕКТЕ
Елимизде мәҳәллелердиң жәмийеттеги орны ҳәм ролин күшейтиў, халықтың күнделикли машқалалары менен ислесиў ҳәм тәсиршең жәмийетлик қадағалаўды әмелге асырыўдағы дәрежесин жоқарылатыў бағдарында да бир қатар илажлар шөлкемлестирилмекте.
Атап айтқанда, өткен жылы өткерилген пуқаралар жыйынлары баслықларын сайлаўдан кейин республикамыздағы 424 пуқаралар жыйынларында 32 мыңнан аслам пуқаралар жыйынларының жәмийетлик структуралары ҳәм комиссия ағзалары, соннан 6320 «Социаллық қоллап-қуўатлаў ҳәм жәмийетлик қадағалаў бойынша комиссия»сының ағзалары сайланған.
— Олар ушын өз ўазыйпаларын орынлаўына бағышланған семинарлар шөлкемлестирилди. Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм нураныйларды қоллап-қуўатлаў министрлиги тәрепинен таярланған мәҳәллелердеги жәмийетлик қадағалаўды нәтийжели шөлкемлестириў ҳәм әмелге асырыў бойынша қолланбалар тарқатылды,-дейди Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм нураныйларды қоллап-қуўатлаў министрлигиниң мәлимлеме хызмети баслығы Д.Сабурова.
2022-жыл даўамында «Үш әўлад ушырасыўы» принципи тийкарында «Кексе әўлад ушырасыўлары», «Жаслар нураныйлар итибарында» бағдарындағы илажлар өткерилип, оларға 4476 нураный ҳәм ветеранлар, 3359 жәмийетлик белсендилер, 7173 жас, 604 жазыўшы, шайыр, илимпаз, мәденият хызметкери ҳәм зыялылар, 731 спортшы, дийқан, өнермент, 446 Мәмлекетлик атақ ҳәм сыйлықлардың ийелери, 212 кәрхана басшылары қатнасты.
Жәми 261 илаж өткерилип, соның 26сы аўылларда, 103и мәҳәллелерде, 8и аўыр аймақлы мәҳәллелерде, 106сы билимлендириў мәкемелеринде, 18и кәрхана ҳәм шөлкемлерде өткерилди.
Сондай-ақ, орынларда ветеранларды қоллап-қуўатлаў жумысларын кеңейтиўге қаратылған мәнзилли бағдарламалар ислеп шығылып, республикамыздағы 1,4 мыңнан аслам басқалардың қараўына мүтәж ҳәм жалғыз баслы кекселердиң ҳәр жылы санаторийлерде дем алып саўалланыўы шөлкемлестирилмекте. Денсаўлықты сақлаў министрлиги медициналық-социаллық хызметлер агентлиги системасындағы санаторийлерде 112 жалғыз баслы кекселер ҳәм майыплығы болған шахслар санаторийлерде бийпул емленди. Ал, 58и кәсиплик аўқамларына тийисли ҳәм басқа да санаторийлерде емленип, 15,8 миллион сум қаржы жумсалды.
«Нураный» қоры Қарақалпақстан Республикасы бөлими тәрепинен биринши мәўсимде 102, екинши мәўсимде 200, жәми 302 жалғыз баслы ҳәм жеке жасаўшы кекселер Тақыятас районындағы «Урыс ҳәм мийнет ветеранлары, майыплығы бар ҳәм кекселер санаторийинде бийпул емленди. Бул ушын 434,8 миллион сум қаржы жумсалды.
Денсаўлықты сақлаў министрлиги тәрепинен шараяты аўыр ҳәм кем тәмийинленген 35800 ден аслам нураный медициналық тексериўден өткерилип, соннан 17933и амбулатор шараятта, 17314и дәри-дәрмақ пенен тәмийинленди. 162 нураныйға протез-ортопедия қурылмалары менен тәмийинлеў бойынша социаллық хызметлерге мағлыўматлар берилип, 338и протез-ортопедия қурылмалары менен тәмийинленди. Хирургиялық әмелиятқа мүтәж 36 кексе анықланып, соннан 19 нураныйға хирургиялық әмелият өткерилген.
Кекселер арасында саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў, олардың спорт пенен турақлы шуғылланыўын шөлкемлестириў мақсетинде «Саламатлық ушын бес мың адым» акциясы шеңберинде, 2134 илаж өткерилди. Оларға 61500ден аслам нураныйлардың қатнасыўына ерисилди.
«Бир нураный он жасқа устаз» жойбары бойынша тастыйықланған қоспа бағдарламаға муўапық бүгинги күнге шекем 774 нураный 6158 тәрбиясы аўыр, руўхый жәрдемге мүтәж, жәмлеспеген жумыссыз жасларға бириктирилди. Өткен ўақыт ишинде нураныйлар тәрепинен 55 жастың оқыўға тиклениўи (контракт пуллары төлениўи), 3747 жастың жумысқа орналасыўына, 964 жасқа жер ажыратылыўына жәрдем берилип, 215 тәрбиясы аўыр жастың ата-аналары менен сәўбетлесиўлер өткерилди.
Нураныйлар менен бирге ислесиўдиң бундай усыллары өз нәтийжелерин бермекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.