ПУҚАРАЛАРҒА ЖӘРДЕМ КӨРСЕТИЛДИ
Өзбекстан «Мәҳәлле» қайырқомлық жәмийетлик фонды Нөкис қалалық бөлимшеси тәрепинен өткен жыл даўамында кем тәмийинленген, социаллық қорғаўға мүтәж, «Темир дәптер», «Ҳаял-қызлар дәптери» ҳәм «Жаслар дәптери»не киргизилген пуқараларды социаллық қорғаў бағдарында бир қатар жумыслар әмелге асырылды.
Атап айтқанда, 573 пуқараға жәми 4 миллиард 178 миллион сумға шамалас материаллық жәрдем көрсетилди. Буннан тысқары, 155 ҳаял-қыздың бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде электр печи ушын тийисли қаржы ажыратылды. «Ата мәкан» мәкан пуқаралар жыйынының материаллық-техникалық базасын беккемлеў мақсетинде 1 дана көп функциялы принтер үскенесин алыўы ушын қаржылай жәрдем берилди. Нөкис қаласындағы мәкан пуқаралар жыйынларының 26 хызметкерине материаллық жәрдем көрсетилди.
Өткен жыл даўамында «Мәҳәлле» қайырқомлық жәмийетлик фонды Нөкис қалалық бөлимшеси жанындағы «Сақаўат ҳәм көмек» қоры есабынан халық депутатлары Нөкис қалалық Кеңесиниң қарарлары тийкарында кем тәмийинленген, социаллық қорғаўға мүтәж, «Темир дәптер», «Ҳаял-қызлар дәптери» ҳәм «Жаслар дәптери»не киргизилген пуқараларға материаллық жәрдемлер көрсетилди. Атап айтқанда, 1818 пуқараға материаллық жәрдем көрсетилип, 70 ҳаял-қыздың бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде тигиў машинасы, 600 пуқараға ысытыў үскенесин алып бериў ушын қаржы ажыратылды. Соның менен бирге, 899 шаңарақ азық-аўқат өнимлери менен тәмийинленди.
«Мәҳәлле» қайырқомлық жәмийетлик фонды Нөкис қалалық бөлимшеси тәрепинен бундай қайырқомлық илажлары даўам етпекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.