Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 00:12:27, 31.10.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

АЎЫР АЙМАҚЛАР ЖАҢАЛАНБАҚТА

Бүгинги күни халқымыз турмысында унамлы өзгерис ҳәм жаңаланыўлар жүз бермекте. Әлбетте, бүгинги күни республикамыздың қайсы бир аймағына бармаң, ири қурылыс жумыслардың алып барылып атырғанлығының гүўасы боламыз.

Бул болса, республикамыздағы қурылыс, абаданластырыў, мәҳәллелердиң инфраструктурасын жақсылаў арқалы халықтың турмысының жақсыланыўына мүнәсип  шараятлар жаратып бериў бағдарындағы жумысларға каратылып атырған итибардың айқын көриниси. Аймақларда неше жыллардан берли пуқаралардың наразылықларына себеп болып атырған машқалалар өз шешимин таппақта. Аўыл ҳәм мәҳәллелерде «Абат аўыл» ҳәм «Абат мәҳәлле» мәмлекетлик бағдарламасы тийкарында әмелге асырылып атырған жумыслар аймақлардың абат мәҳәллеге айланыўына алып келмекте. Итибарлы тәрепи, пуқараларға ҳәр тәреплеме қолайлылықлар жаратыў бағдарындағы бундай ислерге бүгинги күни де итибар қаратылып аўыр аймақлар жаңаланған мәкан­ға айланбақта. Бир ғана Нөкис қаласы мысалында алып қарайтуғын болсақ, пайтахтымыздағы жети мәкан пуқаралар жыйынын «Шымбай гузары» мәҳәллеси үлгисиндеги абат мәҳәллеге айландырыў бойынша ўазыйпалар белгиленген еди. Әлбетте, бул ўазыйпалардың өз ўақтында ҳәм сапалы алып барылыўында мәмлекетимиз басшысының тапсырмасы менен шараяты аўыр болған жети мәкан пуқаралар жыйыны таңлап алынып, бул аймақларда халықтың жасаў жағдайларын, олардың турмыс шараятын жақсылаў мақсетинде белгиленген муғдарда қаржы ажыратылған еди. Бул тийкарда бүгинги күни де қурылыс ҳәм ҳәм абаданластырыў жумыслары даўам еттирилмекте. Қаламыздағы «Жеке терек» мәкан пуқаралар жыйыны мысалында айтатуғын болсақ, 6,4 км. ишки жолларды оңлаў, «Қумар ана», «Гүлабат», «Теңге шашқан», «Даналар», «Абатлық», «Ҳақ жол», «Жеке терек» 2-3-4, «Ақаба» ҳәм басқа да бир қатар көшелер толығы менен жуўмақланды. Сондай-ақ , «Жеке терек» 1 көшесине  900 метр бетон төсеў жумыслары, «Меҳригиё» көшесин асфальтлаў жумыслары толығы менен алып барылды. 9,8 км. аралыққа электр тармақларында оңлаў, 1 дана трансформатор жаңадан, дерлик барлық көшелерге жақтыландырыўшы лампалар қойылды. Сондай-ақ, тәбийғый газ, ишимлик суў тәмийнаты бойынша да қайта оңлаў жумыслары алып барылды. Және де айтып өтиўимиз керек, аймаққа қараслы көшелерде жайласқан үйлердиң сыртқы тәрепин ҳәклеў жумыслары алып барылды. Бағдарлама тийкарында 19 ҳәжетхана, 10 малхана қайта оңланды. Биз аймақта болғанымызда аймақтың ҳақыйқый жаңаланғанлығын өз көзимиз бенен көрип қуўандық. Көп жыллардан берли жаўын-шашын болғанда бираз қыйыншылықлардың гүўасы болған пуқаралардың машқалалары өз шешимин тапты. Әлбетте, бундай жаңаланған аймақта жасаўшы пуқаралардың кеўил-кейпияты пүткиллей өзгеше екенлиги өз-өзинен көринип тур.

— Бундай өзгерислерди ҳеш күтпеген едик. Суў, газ, электр тармақлары жаңадан қурылды. Енди үзилис жоқ, есабы. Әсиресе, жоллардың оңланыўы бизди жүдә қуўандырмақта. Бурын тас қараңғы болған көшелеримиз, енди жақтыландырылды. Биз айырым нураныйлар кешқурын ҳәм ерте таңда усы жақтыда жүрип бираз айланамыз. Аймақларды усындай дәрежеге жеткерген басшыларға, әсиресе, Президентимизге рахмет, - дейди қуўанышын биз бенен бөлискен аймақтағы «Жеке терек»  көшеси, 69-жай турғыны Кенесбай аға Қыдырбаев.

— Аймағымыз орайындағы кишкенелер ушын балалар майданшасының қурылыўы, әсиресе, бизиң балаларымыз ушын жүдә пайдалы болды. Сондай-ақ, мына ағаш базар жанынан светофордың қурылыўы да  аймақ хал­қының көптен күткен әрманларының бири еди. Қулласы, аймағымызда өзгерис жүдә көп, -дейди усы аймақ тур­ғынларының бири Жазийра Жүгинисова биз бенен пикирин бөлисип.

Ҳақыйқатында да бүгин аймақ көриниси пүткиллей өзгермекте. Ҳәзирги күнде мәкан пуқаралар жы­йынында халық саны 5325, хожалық саны 1399  ды қурайды. Бағдарлама тийкарындағы бундай унамлы жумыслар басқа да  мәҳәллелерде даўам етпекте.

Г.САПАРОВА,

арнаўлы хабаршымыз.

СҮЎРЕТТЕ: мәҳәлледеги балалар майданшасының көриниси.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF