Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 07:04:27, 19.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

МӘМЛЕКЕТЛИК БАСҚАРЫЎДА АШЫҚЛЫҚ СИСТЕМАСЫ

Мәмлекетимиз басшысы Олий Мажлис ҳәм Өзбекстан халқына жоллаған Мурәжатында 2023-жылға мөл­шерленген 6 тийкарғы бағдарларды белгилеп берди.

Солардан биринши бағдар сыпатында, ықшам ҳәм нәтийжели мәмлекетлик басқарыў системасына өтиўди усыныс етип, ҳәкимшилик реформалар ҳаққындағы Пәрманды қабыллағанлығын айтып өтти.

Пәрманда гөзленген тий­карғы мақсет, Жаңа Өзбекстан шараятында заманагөй талап­ларға жуўап беретуғын ықшам мәмлекетлик басқарыўы системасын қәлиплестириў, қарар қабыл етиў ҳәм мәселени көрип шығыў процесслерин әпиўайы­ластырыў арқалы мәмлекетлик шөлкемлери басшыларының жуўапкершилигин арттырыў ҳәм олардың искерлигин нәтийжеликке бағдарлаў.

Пәрман менен министрлик, комитет, агентлик ҳәм инспекцияларды өз ишине алатуғын республика атқарыўшы ҳәки­мият уйымларының бирден-бир системасы белгиленди.

Соның менен бирге, өткен жыл декабрь айында Президентимиз тәрепинен «Жаңа Өзбекстан ҳәкимшилик реформалары шеңберинде республика атқарыўшы ҳәкимият уйымлары искерлигин нәтийжели шөлкем­лестириў ис-илажлары ҳаққында»ғы қарар қабылланды.

Усы қарар менен, Мәмлекетлик басқарыўда ашықлық дәрежесин еле де арттырыў санлы технологияларды енгизиў, санластырылған мәмлекетлик басқарыў моделине өтиў мақсетинде 2023-жыл 1-январьдан баслап сынаў ретинде ең дәслеп Әдиллик министрлиги системасында кеңселик буйрық, қарар  ҳәм бийликлерди  “E-qaror” элек­трон система арқалы қабыл етиў ҳәм жәриялаў әмелияты енгизилмекте. Кейинирек болса, 2023-жыл 1-июньге шекем сынаў нәтийжелери бойынша 2023-жыл 1-сентябрьден баслап барлық республика атқарыўшы ҳәкимият уйымларында система арқалы қабыл етиў ҳәм жәриялаў әмелиятын енгизиў нәзерде тутылмақта.

Усы система ең дәслеп, 2020-жыл апрель айында Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Конституция ҳәм нызам үстинлигин тәмийинлеў,  усы бағдарда жәмийетшилик қадағалаўды күшейттириў ҳәм жәмийетте ҳуқықый мәдениятты жетилистириў бойынша қосымша ис-илажлар ҳаққында»ғы 2019-жыл 13-декабрьдеги қарарында белгиленген ўазыйпаларды орынлаў ҳәм жергиликли атқарыўшы ҳәкимият уйымлары тәрепинен пуқаралар  ҳәм исбилерменлик искерлигине тийисли шешимлер қабыл етиў процесиниң  ашықлығын тәмийинлеў мақсетинде 2021-жыл 1-январьға шекем сынаў ретинде иске түсирилген еди.

«E-qaror» электрон системаны енгизиў бойынша өткерилген  эксперимент нәтийжесинде жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының шешимлери ҳәм бийликлерин қабыл етиў (шығарыў) мүддетлери қысқарғанлығы, оларды ислеп шығыўда инсан факторы ҳәм араласыўы кемейгенлиги, сондай-ақ, шешимлер ҳәм бийликлер менен  халықтың турақлы рәўиште танысыў мүмкиншилиги жаратылды.

Сол себеп, 2021-жыл 1-июльден баслап ҳуқықый эксперимент нәтийжелери тийкарында «E-qaror» электрон системасы республикамыздың барлық дәрежедеги жергиликли атқарыўшы ҳәкимият уйымларында енгизилди.

«3-1a494» электрон системасының тийкарғы мақсети, атқарыў ҳәкимияты уйымларында коррупция жағдайларының алдын алыў, пуқаралардың еркин мәлимлеме алыўға тийисли конс­титуциялық ҳуқықларын әмелге асырыўда мүмкиншилик жаратыў, ҳүжжетлерди қабыл етиў процесиниң ашықлығы, нызамлылығы, бирдейликтиң тәми­йинлениўи ҳәм  жәмийетшилик қадағалаўды күшейттириўден ибарат.

С.Мамбеткадыров,

Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министри.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF