БЕЛТАЎ: ИШИМЛИК СУЎ МАШҚАЛАСЫ ШЕШИМ ТАППАҚТА
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев Тахтакөпир районы Белтаў аўыл пуқаралар жыйыны аймағында артезиан қудықларын қазыў ҳәм аймақ турғынларын ишимлик суў менен тәмийинлеў бағдарында алып барылып атырған жумысларды барып көрди.
Республикамыздың алыс аймақларында жасаўшы пуқараларды ишимлик суўы менен тәмийинлеў, олардың күнделикли турмысында пайдаланыўы ушын суў жеткерип берилиўин жолға қойыў мақсетинде Жоқарғы Кеңес Баслығының басламасы менен республикамызға 9 дана бурғылаўшы техника, яғный 4 дана УРБ 25 маркалы ҳәм 6 дана УРБ 600 маркалы жоқары технологиялы үскене алып келинген еди.
Бүгинги күнде Белтаў аўыл пуқаралар жыйыны турғынларын суў менен тәмийинлеў мақсетинде тереңлиги 480-520 метрлик артезиан қудықлары қазылып, душшы жер асты суўлары шығарылыўы жолға қойылған.
Сондай-ақ, аймақта жаңа егислик жерлерин ашыў мақсетинде 2,5 мың гектар жер майданы таярланып атыр. Бул ушын зәрүрли барлық техникалар мобилизация етилген. Усы егислик майданларына тамшылатып суўғарыў жолы менен суў жеткерип берилиўин тәмийинлеў мақсетинде 12 орында жасалма суў сақлаўшы бассейн қазыў жумыслары да жеделлик пенен алып барылмақта. Жасалма бассейнлер артезиан қудықлары арқалы суў менен ғамланады ҳәм аўыл хожалығы ушын жумсалады.
Әмелге асырылып атырған бундай жумыслар нәтийжесинде аўыл турғынлары суў менен тәмийинленеди, ең баслысы, жаңа жерлер ашылыўы арқалы аўыл халқы ушын жаңа жумыс орынлары да жаратылып, турмыс абаданлығы жақсыланады. Быйылғы жылдың өзинде жаңадан ашылып атырған жерлерде үлкен майданда бағ жаратылып, аўыл хожалығы өнимлерин егиў жумыслары алып барылыўы белгиленген.
Басланған жумысларды бир күнде тоқтатпастан даўам еттириў, буның ушын зәрүр болған барлық имканиятларды иске қосыў бойынша тапсырмалар берди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.