ШАРЎАЛАРДАН ХАБАР АЛЫНДЫ
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев Тахтакөпир районындағы алыс Қоңыраткөл аймағында жайласқан, қаракөлшиликке қәнигелескен «Жети нура» фермер хожалығынан хабар алды.
Шарўашылық әзелден халқымыздың күнделикли турмысында үлкен әҳмийетке ийе тараў болып, түйе, жылқы, қара мал менен бирге қой-ешкилер төрт түликтиң бири сыпатында қаралған. Ҳәзирги ўақытта да аўыллық жерлердиң көпшилик халқы турмысында шарўашылық өз әҳмийетин жойтпаған. Бүгинги күнде де республикамызда бул бағдар жаңаша көринисте яғный, кластер, шарўашылық фермер хожалығы сыяқлы бағдарларда раўажланып атыр.
Усенов Орынбасар басшылығындағы фермер хожалығы жумыслары көзден өткерилип, оларға зәрүрли азық-аўқат өнимлери тапсырылды. Қаракөлшиликке қәнигелескен фермер хожалығында 500 бастан аслам қой бағылып атырған болып, оның сапалы сур ҳәм гөш өнимлерин жеткерип бериўдеги әҳмийети айрықша. Буннан тысқары, қара мал ҳәм ешки бағыў да қосымша жолға қойылған.
Жоқарғы Кеңес Баслығы фермер хожалығы жумыслары менен жақыннан танысып, өз гезегинде, елимизде шарўашылық, соның ишинде қаракөлшилик бағдарын еле де раўажландырыў кереклигин атап өтти.
Соның менен бирге шарўаларды сапалы ҳәм арзан от-жем менен тәмийинлеў бойынша жуўапкерлерге тапсырмалар берилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.