Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 14:12:55, 08.10.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЖАС АЛЫМНЫҢ ЖЕТИСКЕНЛИГИ

Султанов Юсупбек Файзуллаевич 2013-2017-жыллары Ташкент мәмлекетлик аграр университети Нөкис филиалы аўыл хожалық менеджменти ҳәм зоотехника факультети бакалавр, 2017-2018-жыллары «Ўзнаслчилик» кәрханасы Қарақалпақстан бөлиминиң туқым алыў ҳәм музлатыў бас технологы, реализация етиў қәнигеси, 2018-2020-жыллары Ташкент мәмлекетлик аграр университети Нөкис филиалы «Нәсилшилик иси» жөнелиси бойынша магистр, 2020-жылдан ҳәзирге шекем Самарқанд ветеринария институты Нөкис филалы Зооинженерия кафедрасы ассистенти. Ол 2016-2017-жыллары Өзбекстан Республикасы Президентиниң мәмлекетлик стипендиясы жеңимпазы болды.

— Бүгинги күнде жәҳән 1,2 миллиард қой бас санына ийе болып, олардан жүн, гөш, тери ҳәм басқа да қосымша өнимлер алынады. Қойлар басқа ҳайўан­ларға қарағанда өзиниң сырт­қы орталық факторлары, шыдамлылық қәсийетлери менен жайлаў ықлым шараятларына жақсы бе­йимлесиўи менен бирге ҳәр қыйлы өнимлер береди,-дейди жас алым Юсупбек Султанов.

— Европа, Австралия, Жаңа Зеландия мәмлекетлеринде гөш, жүн ҳәм жүн-гөш бағдарындағы қой нәсиллери өршитиледи. Африка ҳәм Азия мәмлекетлеринде қойлардың тийкарғы бөлеги дағал жүнли ҳәм гөш жөнелисиндеги қой нәсиллерине туўра келеди. Қойлардың гөш өнимдарлығын арттырыў ҳәм де сапасын жақсылаў, арзан қой гөшин жетис­тириўде заманагөй техно­ло­­гияларды қолланыў бағдарлары актуал болып қалмақта.

Орта Азия мәмлекетлеринде қой нәсиллери айрықша орын тутады. Олардың өзине тән тийкарғы өзгешеликлери норма дәрежесинде азықланыў шараятында омыртқалары әтирапында жетерли май топланыўы гөш, май өнимдарлығының жоқары дәрежеде қәлиплесиўи менен ажыралып турады. Олар гөш, май өнимдарлығы менен бирге ярым жумсақ (Дегресс) ярым дағал (Сараджа, тәжик, алай) ҳәм дағал жүнли нәсиллер — Гиссар, Жайдары ҳәм бас­қалар. Олардың өсиў ҳәм раўажланыў интенсивлиги жемди өнимге нәтийжели айландырыў қәбилети ҳәм жас ҳайўанлардан ерте жаста нәтийжели гөш ислеп шығарыўда пайдаланыў имканияты бар.

Өзбекстан Республикасында, соның ишинде Қарақалпақстанда қойшылық саласы шөл аймақларында басқа ҳайўанлар пайдаланыў имканияты шекленген үлкен көлемдеги тәбийғый от-жем майданларында раўажланады. Аймақта өршитилетуғын қойлар өнимдарлығы да, нәсили де көп түрлилиги менен ажыралып турады. Соның менен бирге, азық-аўқат қәўипсизлиги тәмийинленип, халықтың турмыс дәрежесин көтериў, жаңа жумыс орынларын жаратыўда қойлар өнимлерин жетистириўдиң нәтийжелилик технологияларын ислеп шығыў ҳәм әмелиятқа енгизиў оғада әҳмийетли. 2022-2026-жылларға мөл­шерленген Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясында «...32-мақсетF шарўашылық өнимлери көлемин 1,5-2 есеге арттырыў, шарўа малларының бас санын көбейтиў ҳәм нәтийжелилиги бойынша жаңа жойбарларды әмелге асырыў» ўазыйпасы белгиленген. Усыннан келип шығып, мәмлекетимизде азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў, қойларды нәтийжели семиртиў технологиясын ислеп шығыў арқалы гөш өндирисин раўажландырыў бағдарында изертлеўлер оғада әҳмийетли.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 7-ноябрьдеги «Қарақалпақстан Республикасында шарўашылық тармақларын жедел раўажландырыў ҳаққында»ғы, қарары 2020-жыл 3-июльдеги «Қарақалпақстан Республикасында шарўашылық тармақларын жедел раўажландырыў бойынша қосымша илажлары ҳақ­қында»ғы ҳәм 2021-жыл 3-марттағы «Шарўашылық тараўларын мәмлекет тәрепинен және де қоллап-қуўатлаўға тийисли қосымша илажлары ҳаққында»ғы қарарлар ҳәм усы искерликке тийисли басқа норматив ҳүжжетлерде белгиленген ўазыйпаларды әмелге асырыўда усы диссертация изерт­леўлери мәлим дәрежеде хызмет етеди.

Юсупбек Файзуллаевич, сизиң бул диссертацияңыз оғада әҳмийетли ҳәм зәрүр бағдарға арналған екен. Бул бойынша маш­қалалар бар екенлигиде сыр емес. Бул бағдарда бизде қандай жумыслар исленген?

— Ҳақыйқатында да, бул ислер бойынша машқалалар баршылық. Деген менен бул тараў бойынша белгили алымлар С.Г.Азаров (1930), Дж.Хэмонд (1937), А.Э. Гребенюк (1971) қойлардың өсиўи ҳәм раўажланыўы ҳәм де олардың гөш-жүн өнимдарлығына тәсир етиўши генетик факторлар, азықландырыў ҳәм сақлаўдың тәсир етиўин анықлаған. Бүгинги күнде АҚШ ҳәм Европа мәмлекетлеринде өнимдарлықтың усы жөнелистеги жоқары қәнигелескен қошқарлар менен шатыстырыў арқалы өнимдарлығын арттырыў бойынша кең көлемли жумыслар алып барылмақта.

Сондай-ақ, республикамызда қаракөл нәсилли қойлардың өнимдарлығын арттырыў бойынша И.А.Тапильский, М.Б.Саидгазиева (1975), С.Ю.Юсупов, А.Газиев, У.Т.Фазилов, С.Р.Базаров (2018) тәжирийбелер алып барған.

Заманагөй шараятта қойшылықтың экономикалық нәтийжелилигин арттырыў ҳәм қой гөшине болған талапты қанаатландырыў ушын гөш жөнелисинде  қойшылық тараўын раўажландырыў зәрүр. Бунда тараў алымлары Ю.А.Юлдашбаев, А.Н.Арилов, В.Ф.Неговора, Б.Ц.Бачаев (2010), А.И.Ерохин (2015), С.Ю. Юсупов, А.Газиев, У.Т.Фазилов, С.Р.Базаров (2018),  Э.С.Шаптаков (2020),        Д.Ю.Аб­дизоирова (2021) ҳәм басқалардың тәжирийбе жумыслары тастыйықлады.

Қарақалпақстан шараятында салыстырмалы жақтан қой нәсиллерин өршитиў, бағыў технологиясы, нәтийжелиги жетерлише үйренилмеген, олардың өнимлер муғдары нәтийжесиниң дәрежеси ҳәм бәсекилесин арттырыў бойынша анық жумыслар ислеп шығылмаған.

Қойлардың бар генофондын сақлаў, көбейтиў ҳәм оннан ақылға уғрас пайдаланыў, сондай-ақ, тәбийғый жайлаўлардан максимал дәрежеде пайдаланған ҳалда қойшылықты раўажландырыўдың ҳәзирги басқышында ислеп шығарыў технологияларының жаңа элементлерин ислеп шығыў жүдә әҳмийетли ўазыйпалардың бири.

Усыларды есапқа алып мен «Қарақалпақстанда қойлардың өнимдарлық ҳәм биологиялық өзгешеликлери» деген темада кандидатлық жумысын ислеўге кирис­тим ҳәм Философия докторы (РhD) болдым. Илимий жумысымның табыслы әмелге асырылыўында илимий басшым, устазым, аўыл хожалығы илимлериниң докторы, профессор Р. Турғанбаев жақыннан жәрдем берди.     

Юсупбек Файзуллаевич, бул изерт­леўдиң илимий жаңалығы нелерден ибарат?

— Илимий жаңалығы — туң­ғыш рет Қарақалпақстан шараятында түрли генотипли қой нәсиллери ҳәм оның қоспақ койларды жедел семиртиў тийкарында гөш-май өнимдарлығын арттырыў мүмкинлиги анықлан­ғанлығы.

Қойлар Қарақалпақстан шараятына жақсы бейимлескенлиги себепли олардың жасаў өзгешеликлери 2,5 жас ўақтында 96,7-100 процентти қурайды.

Қарақалпақстан шараятында 7 айлық жасына қарағанда 18 айлық жасында семириў өзгешеликлериниң қәлиплесиў есабына 0,13-0,39 бирликке жоқары болғаны анықланды.

Илимий-изертлеў нәтийжелериниң илимий әҳмийети сонда, түрли генотипли жас ҳайўанлар өсиў жеделлиги, гөш-май өнимдарлығының қәлиплесиўиниң ҳәм де жүн өнимдарлығының раўажланыў дәўирлерине көре парық ететуғыны анықланды.

Илимий исти алып барыўда әлбетте, тәжирийбе алып барыў оғада әҳмийетли. Сонлықтан Республикамыздың Хожели районында «Султанов Тоқтабай» фермер хожалығында соңғы үш жыл даўамында тәжирийбе әмелге асырылды. Изертлеў обьекти сыпатында нәсилли қойларды жергиликли жайдары Ҳисори нәсиллерине тийисли ҳәм оларды қосыўдан алынған дүрагайлардың биологиялық көрсеткишлери гөш ҳәм жүн өнимлери таңланған.

Ислеп шығылған әмелий усыныслардың өндириске енгизилиўи жас ҳайўанлардың гөш ҳәм май өнимдарлығын арттырыўға, оларды сойыўдан алдын таярлаў ҳәм туўылған жылында сойыў, паданың дүзилисин оптималластырыў, қысқы жайлаўлардан пайдаланыўды қысқартыў мүмкиншилигин береди. Өнимлер бирлигин өндиристиң өзине түсер баҳасын кемейтиў ҳәм улыўма тараўдың экономикалық нәтийжелилигин арттырыўға қаратылған.

Бул изертлеўди алып барыў тийкарында түрли генотипли қозылар туўылған жылында қосымша азықландырып бағыў ҳәм гөш-жүн, сойыў усылы «Султанов Тоқтабай» фермер хожалығында енгизилген. Жети айлық бир бас жайдары нәсиллик қозылардан 384,9 мың сум, Ҳисори нәсилинен 522,3 мың сум, қоспақ қойлардан 438,6 мың сум пайда алынған. Рентабеллик дәрежеси жайдары қой нәсилинен 32,8 процент, Ҳисори қой нәсилинен 39,8 процент ҳәм дурагай әўладлардан 35,7 процентти қурады.

Бул усыл Шоманай ра­йонындағы «К.Юсупов» фермер хожалығында қол­ланғанда да жоқарыдағы көрсеткишлер қолға киргизилди. Сондай-ақ, усындай көрсеткиш Хожели районы «Дўрмон-Рашид» фермер хожалығында да өз нәтийжелерин берди. Бул бизлердиң баслаған исимиздиң оғада перспективалы екенлигин көрсетти.

Әлбетте, бул нәтийжелер республикамызда жоқарыдағы тәжирийбени кең ен жайдырыўға ҳәм аўыл хожалығында усы усылды кең қолланыўға имканият береди. Бизиң шараятымызда Ҳисори нәсилге тийисли қойлар өзиниң жақсы қәлиплесиўи ҳәм тез семириўи менен ажыралып турады. Жайдары нәсилли қойлар ҳисори нәсилине тийисли қош­қарлар менен қосыў арқалы алынған әўладлар семиз­лик өзгешелиги бойынша аралық жағдайын ийелеп, өзлери менен тең туўылған жергиликли жайдары нәсилли ҳайўанлардан үстинлигин көрсетеди. Солай екен, бул мәселеде алымларымыз тереңирек изертлеп жумысларын даўам етсе, шарўашылықта буннан да үлкен нәтийжелер болады ҳәм азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў, халықтың турмыс дәрежесин жақсылаў, жаңа жумыс орынларын жаратыўда унамлы нәтийжелерге ериўимиз сөзсиз.

— Сизиң бул баслаған ийгиликли исиңиз республикамызда шарўашылық тараўының раўажланыўына сезилерли тәсир жасайды, деп үмит етемиз. Табыстан табыс­қа талпыныўда күш-қуўат бола бергей!

Сәўбетлескен: Қ.РЕЙМОВ.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF