Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 14:46:23, 08.10.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

«ИБРАТЛЫ СУДЬЯ» СЫЙЛЫҒЫ ТАПСЫРЫЛДЫ

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 7-декабрьдеги «Судьялардың ҳақыйқый ғәрезсизлигин тәми­йинлеў ҳәм суд системасында коррупцияның алдын алыў нәтийжелилигин арттырыў илажлары ҳаққында»ғы пәрманы, «Өзбекстан Республикасы Судьялар жоқарғы кеңеси ҳаққында»ғы нызамның тийисли статьялары ҳәм Судьялар жоқар­ғы кеңесиниң қарары менен мәмлекетимиздеги бир қатар судьялар «Ибратлы судья» сыйлығы менен сыйлықланып келинбекте.

Өзбекстан Республикасы Судьялар жоқарғы кеңесинде «Ибратлы судья» сыйлығы менен сыйлықлаў мәресими болып өтти.

Илажға Қарақалпақстан Республикасы судлары судьялары ҳәм суд хызметкерлери онлайн видеоконференцбайланыс режиминде қатнасты.

Сыйлықланғанлар қатарында Қарақалпақстан Республикасы судының жынаят ислери бойынша судлаў коллегиясы судьясы Султанмурат Давлетмуратов та бар. 

Онлайн видеоконференцбайланыс режиминде өткерилген сыйлықлаў мәресиминде Қарақалпақстан Республикасы судының баслығы К.Тарихов сыйлықты өз ийесине салтанатлы жағдайда тапсырды.

— Бүгинги илажда Өзбекстан Республикасы Судьялар жоқар­ғы кеңесиниң қарары менен 2022-жылдағы рейтинг көрсеткишлери бойынша ең жақсы жоқары нәтийже көрсеткен 20 судья «Ибратлы судья» сыйлығы менен сыйлықланды,-дейди Қарақалпақстан Республикасы судының жәмийетшилик ҳәм ғалаба хабар қураллары менен байланыслар бойынша бас консультанты Гулзар Джумагулова. — Солардан 5 судья Жоқарғы суд судьялары болса, 15и аймақлық судлардың судьялары есапланады.

Ең биринши мәрте 2020-жылдың жуўмағы менен 16 судья «Ибратлы судья» сыйлығына мүнәсип көрилген еди. 

Профессионализм, әдеп-икрамлылық қағыйдаларына бойсыныў, мүрәжатлар менен ислесиў, билим дәрежеси, қабыл етилген суд қарарларының сапасы жәмленген рейтинг тийкарында ҳәр жылы дәстүрге ай­ланған бул сыйлықлаў ҳәр бир судьяның әдилликти ҳәм нызам үстинлигин тәмийинлеўинде үлкен жуўапкершилик жүклейди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF