ХАЛЫҚТЫҢ ТУРМЫСЛЫҚ МАШҚАЛАЛАРЫН ШЕШИЎ ЖОЛЫНДА
Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасының басқарма баслығы М.Абдухакимов басшылығындағы жумысшы топар Қараөзек районында болып, районның экономикалық тармақлары, социаллық объектлери ҳәм аймақларда жасаўшы халықтың қыс мәўсиминде ушырасатуғын турмыслық қыйыншылықлардан шығысыў ҳәм азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў, базарларда баҳалардың тийкарсыз көтерилип кетиўиниң алдын алыў жумыслары менен танысты.
Танысыў барысында ол район орайындағы «Дийқан базары»нда болып, саўда ярмаркасында азық-аўқат өнимлериниң баҳалары, олардың алып келиниўи ҳәм арзан баҳаларда сатылыўы, аймақ халқының газ, электр энергиясы ҳәм ишимлик суўға болған машқалаларын үйренип шықты.
Усы күни жумысшы топар райондағы «А.Досназаров» аўыл пуқаралар жыйыны турғынлары менен ушырасты. Ушырасыў даўамында аўылдың жасаў шараятлары үйренилип, аймақтағы 23 хожалықты тәмийинлеўши жаңадан қурылған трансформатор ҳәм усы жердеги халықты тәбийғый газ тармағына жалғап бериў бойынша исленип атырған жумысларды көзден өткерди. Аймақ халқының газ тармағына жалғап бериў бойынша машқалаларын көрип шығып, тез күн ишинде бул мәселени шешип бериў илажларын көретуғынлығын билдирип өтти.
Соның менен бирге, үйрениўлер даўамында аймақтағы социаллық жәрдемге мүтәж шаңарақлардың ҳал-жағдайларынан хабар алынып, олар азық-аўқатлық өнимлери менен тәмийинленди.
Сондай-ақ, жумысшы топар ағзалары электр энергиясы ҳәм тәбийғый газ машқалалары бар аймақлардағы үзилислерди өз ўақтында сапластырыў бойынша тийисли тараў басшыларына тапсырмалар берди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.