«ШЫМБАЙ ГҮЗАРЫ»НДА ЖАҢА БАҚША
Нөкис қаласы «Шымбай гүзары» мәкан пуқаралар жыйынында 120 орынға мөлшерленген 58-санлы мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми пайдаланыўға тапсырылды.
Бүгинги күнге шекем мәҳәлледе тек 1 шаңарақлық мәмлекетлик емес мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми жумыс ислеп атырған болып, оған 200 бала қамтып алынған еди.
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2021-жыл 19-апрельдеги «2021-2022-жылларда Қарақалпақстан Республикасының Нөкис қаласындағы шараяты аўыр мәҳәллелерде социаллық-экономикалық, турмыслық ҳәм инфраструктуралық жағдайы менен байланыслы машқалаларды шешиў илажлары ҳаққында»ғы қарары тийкарында 4 миллиард 657 миллион сумнан аслам қаржы есабына «Профиль — Тақыятас» жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен жаңа 120 орынлы заманагөй мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминиң имараты бой тикледи. Жаңа бақшада усы аймақта жасайтуғын 28 пуқара жумыс пенен тәмийинленди. Бақшаның жазғы ойын майданшалары газон менен қапланған. Онда балалар аўқатланатуғын, ойнайтуғын, жататуғын ханалар, медицина ханасы, музыка залы, сабақ өтиўханасы, кир жуўыў ханасы, футбол майданшасы салынған.
Мағлыўмат орнында, Нөкис қаласында балаларды мектепке шекемги билимлендириўге қамтып алыў 89 процентти қурайды. Жақын жылларда бул көрсеткишти 100 процентке жеткериў режелестирилген.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.