Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 11:10:48, 19.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ӘСКЕРИЙ ХЫЗМЕТКЕРЛЕР МОЙНАҚ РАЙОНЫНДА БОЛДЫ

Жаңа жыл байрамы алдында алыс аймақлардағы социаллық-экономикалық раўажланыўы төмен болған аўыллардың халқына әмелий жәрдем көрсетиў, олардың жағдайынан хабар алыў, материаллық ҳәм руўхый жәрдем бериў мақсетинде  Арқа-батыс әскерий округиниң басшылығы тәрепинен гезектеги «Армия ҳәм жаслар» қайырқомлық илажы Мойнақ районының ^шсай аўыл пуқаралар жыйыны аймағында өткерилди.

Үшсай аўылы бир ўақытлары балықшылық раўажланған ра­йонның ең шетки аймағы есапланып, Нөкис қаласынан 220 километр узақта жайласқан. Аўылда қазақ тилине қәнигелескен 6-санлы улыўма орта билим бериў мектеби болып, онда 250 оқыўшы билим алады. Жақында ғана капитал оңлаўдан шығарылған мектеп жаңа имканиятларға ийе болып, оқыўшылардың терең билим алыўы ушын барлық шараят жаратылған.

Арқа-батыс әскерий округи сәркардасының басшылығында Нөкис қаласынан Мойнаққа жол алған әскерий хызметкерлердиң «Ўатанды сүйиўшилик ҳәм қайыр-сақаўат кәрўаны» мәнзилине жетип келиўи менен жаслар ҳәм халықтың кеўиллерине қуўаныш алып келди. Мектеп оқыўшылары әскерий хызметкерлердиң көргизбели шығыўларын тамаша етти, қурал-жарақ ҳәм әскерий техникалар менен жақыннан танысты. Нөкис гарнизонының әскерий оркестри атқарыўындағы Ўатанды жырлаўшы қосықлар бәршеде айрықша қызығыўшылық оятты.  Балалар арасында жәмәәтлик ойынлар шөкемлестирилип, жеңимпазлар китаплар топламы ҳәм естелик саўғалар менен сыйлықланды.

Усы күни әскерий округ басшылығы тәрепинен мектептиң шақырыққа шекемги басланғыш таярлық класслары ушын көргизбе ҳәм оқыў қураллары, Қураллы Күшлер туўралы мағлыўмат беретуғын баннерлар саўға етилди.

Нөкис әскерий госпиталының қәнигели шыпакерлеринен ибарат медициналық бригада тәрепинен аўыл халқы терең­лестирилген медициналық тексериўден өткерилип, керекли мәсләҳәтлер берилди.

Арқа-батыс әскерий округи ҳәм район басшылары тәрепинен «Үшсай» аўыл пуқаралар жы­йынында жасаўшы социаллық жәрдемге мүтәж төрт шаңарақтың ҳал жағдайынан хабар алынды. Оларға азық-аўқат өнимлери, кийим-кеншеклер, үй ҳәм асхана мебельлери тапсырылды.

Жаңа жыл алдында өткерилген бундай қайырқомлық илажлары ушын аўыл халқы әскерий хызметкерлерге миннетдаршылық билдирди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF