ЕКИНШИ МӘЎСИМ ЖЕҢИМПАЗЛАРЫ СЫЙЛЫҚЛАНДЫ
Усы жыл 29-декабрь күни Нөкис қаласы 1-санлы балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебинде «Бес баслама олимпиадасы»ның екинши мәўсими Қарақалпақстан Республикасы басқышының жеңимпазларын сыйлықлаў мәресими болып өтти.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев қатнасып, «Бес баслама параолимпиадасы» шеңберинде өткерилген «пара шахмат», «пара шашка», спорттың «пара жеңил атлетика», «пара стол тенниси», «пара киберспорт» ҳәм басқа да спорт түрлери бойынша жеңимпазларды қутлықлап, оларға саўғалар тапсырды.
Атап өтилгениндей, Президентимиздиң басламасы менен өткерилген олимпиада шын мәнисинде шетки аймақлардан ең күшли спортшы, ең талантлы ҳәм билимли жасларды жүзеге шығарыўда әҳмийетли басламаға айланды. «Бес баслама олимпиадасы»ның екинши мәўсиминде Қарақалпақстан Республикасы бойынша барлық пуқаралар жыйынларынан 300 мыңнан аслам жаслардың қатнасқанын буның айқын мысалы сыпатында келтириўимиз мүмкин. Соннан олимпиаданың Өзбекстан Республикасы басқышында қарақалпақстанлы жаслар спорт жарысларында әә алтын, 8 гүмис ҳәм 15 қола медалды қолға киргизди. Буннан тысқары, таңлаўлар бойынша жеке ҳәм командалық бағдарларда 5 биринши, 4 екинши ҳәм 10 үшинши орынды қолға киргизди.
Буннан кейин 16-21, 22-26 ҳәм 27-30 жас категорияларында ер балалар ҳәм қызлар арасында миллий кураш, стритворкаут, стол тенниси, волейбол, шахмат, шашка, киберспорт, стритбол, жеңил атлетика спорт жарыслары, «Қуўнақлар ҳәм зийреклер», миллий ҳәм заманагөй саз әсбаплары, жаслар аяқ ойыны таңлаўлары бойынша жеңимпазлар да сыйлықланды.
Жеңимпазларға ҳәм сыйлы орын ийелерине шөлкемлестириўшилер тәрепинен диплом ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.
Сыйлықлаў мәресимине Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов қатнасты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги