Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 11:25:03, 29.03.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ҚАРАӨЗЕКТЕ 76 ШАҢАРАҚҚА БАЙРАМ САЎҒАЛАРЫ

Жаңа жыл байрамы алдында қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев қараөзек районында болып, жәрдемге мүтәж шаңарақлардың ҳал-жағдайынан хабар алды.

Оларды байрам менен қутлықлап, 76 шаңараққа азық-аўқат өнимлери, кийим-кеншеклер, балалар ушын саўғалар тапсырылды. Усы күни майыплығы болған ҳәм жумысқа жарамсыз еки пуқараға жәрдем сыпатында саўын сыйыр алып берилди.

Өз гезегинде район турғынлары көрсетилип атырған айрықша жәрдеми ҳәм итибары ушын Президентимизге, республикамыздың басшыларына миннетдаршылық билдирди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF