Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 08:34:17, 21.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

«ХОШАМЕТ — 2022» СЫЙЛЫҒЫ  ТАПСЫРЫЛДЫ

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында «Хошамет-2022» сыйлығын тапсырыў мәресими болып өтти.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев қатнасып, қатнасыўшыларды ҳәм сыйлықланғанларды Жаңа жыл байрамы менен қутлықлады.

Атап өтилгениндей, елимизде жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясаттың нәтийжелилигин арттырыўға қаратылған жумысларды буннан былай да жетилистириў,  жас әўлад ўәкиллерин руўхый ҳәм физикалық жақтан саламат етип тәрбиялаўда мәмлекетлик, соның ишинде, мәмлекетлик емес, коммерциялық емес шөлкемлер тәрепинен көплеген илажлар өткерилмекте.

Бүгинги күни барлық тараўларда ҳәм оқыў орынларында теңлеслерине терең билими, хызмети ҳәм басламалары менен өрнек болып киятырған жасларымыз мәмлекетимиздиң раўажланыўында келешектиң қурыўшылары сыпатында қаралмақта. Елимизде түрли тараўларда жоқары нәтийжелерге ерисип киятырған жасларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў мақсетинде мәмлекетлик сыйлықлар,  стипендиялар ҳәм түрли грантлар енгизилмекте.

Жаслар ислери агентлигиниң Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен мәденият, көркем өнер, дөретиўшилик,  журналистика, спорт тараўларында ҳәм исбилерменликти кеңнен раўажландырыў, тынышлықты тәмийинлеў, сондай-ақ, усы тараўларда жеңиске ерискен ең пидайыларды қоллап-қуўатлаў мақсетинде 2017-жылдан бери «Хошамет» сыйлығын салтанатлы түрде тапсырыў мәресими өткерилип келинбекте.

Илажда өзиниң хызмет ўазыйпасын атқарыўда пидайылық көрсетип, жоқары нәтийжелерге ерисип киятырған, жәми­йетте үлкен абырайға ийе, Өзбекстан жаслар ислери агентлиги, Жаслар аўқамының  мақсет ҳәм ўазыйпаларын әмелге асырыўда пидайылық көрсеткенлер сыйлықланады. Бул рет «Жылдың ең белсенди жаслар устазы», «Жылдың ең белсенди ҳәкими», «Жылдың ең белсенди секторы», «Жылдың ең белсенди бирге ислесиўши шөлкеми», «Бес баслама олимпиадасының республика басқышында ең көп орын алған жаслар жетекшиси», «Жылдың ең белсенди сәрдары», «Жылдың ең белсенди жас исбилермени», «Жасларды тәр­биялаўдағы белсендилиги ушын», «Камалак балалар шөлкеминиң пидайысы», «Мийрим-шәпәәт тымсалы» сыяқлы 22 номинация бойынша жеңимпазлар анықланды.

— Елимизде қәбилетли жасларды қоллап-қуўатлаўға айрықша итибар қаратылмақта,-дейди «Жылдың ең белсенди жаслар устазы» номинациясының жеңимпазы, Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы Қарақалпақстан кеңесиниң баслығы, сенатор Улығбек Жәлменов. —Кәсиплик аўқамлары ҳәмийше жасларды қоллап-қуўатлап келмекте. Соның ишинде, жоқары оқыў орынларында билим алып атырған социаллық жәрдемге мүтәж, қәбилетли жасларды қоллап-қуўатлаў мақсетинде «Кәсиплик аўқамлары стипен­диясы» енгизилди. Алдағы ўақытларда  бул бағдардағы жумысларымызды даўам етемиз...

Сыйлық ийелерине Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасының арнаўлы дипломы, статуэтка ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.

Мәресим көркем өнер шеберлериниң гала концерти менен даўам етти.

Илажға Қарақалпақстан Республикасы Министрлер  Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов қатнасты.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF