Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 06:19:24, 27.07.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

БАЛАЛАРҒА ПРЕЗИДЕНТ САЎҒАСЫ ТАПСЫРЫЛДЫ

Усы жыл 29-декабрь күни Бердақ атындағы мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында жетим ҳәм ата-аналар қарамағынан айрылған балаларға Президент саўғасы тапсырылды.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев балаларды ҳәм олардың қәўендерлерин жаңа жыл байрамы менен қутлықлады.  Шырайлы етип безелген шырша әтирапында Қар баба ҳәм Қар қызы, ертек қаҳарманларының қатнасында театрластырыл­ған байрам тамашалары даўамында 64 балаға қурамында Өзбекстан Республикасы Президентиниң балаларға жоллаған Жаңа жыл байрам қутлықлаўы, 14 түрдеги мазалы кондитер өнимлери, 3 түрдеги оқыў қуралы, электрон китап, термос ҳәм шахмат тахтасынан ибарат Президент саў­ғасы тапсырылды.

Көркем өнер шеберлериниң атқарыўындағы қосықлар, театр жәмәәтлериниң атқарыўындағы сахналық көринислер балаларға айрықша заўық бағышлады. Быйыл республикамыздан шаңарақлық балалар үйинен, ата-анасының қарамағынан айрылған, Ўатанымыз шегараларын қорғаўда қурбан болған әскерий хызметкерлердиң ҳәм социаллық қорғаўға мүтәж болған шаңарақлардан 536 балаға Президент саўғасы тапсырылмақта.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев усы күни Нөкис қаласындағы шаңарақлық балалар үйлеринде болып, Президент саўғасын тапсырды.

Илажларға Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов қатнасты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF