ТАРАЎДАҒЫ ЖАҢА РЕЖЕЛЕР БЕЛГИЛЕП АЛЫНДЫ
Жақында Әмиўдәрья районы ҳәкимлигиниң мәжилислер залында район ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети тәрепинен «Район фермер, дийқан хожалығы ҳәм қыйтақ жер ийелериниң халықтың бәнтлигин тәмийинлеўге ҳәм район экономикасының артыўына қосып атырған үлеси» темасында баспасөз конференциясы өткерилди. Оған районлық аўыл хожалығы бөлими қәнигелери, фермер, дийқан ҳәм қыйтақ жер ийелери ҳәм ғалаба хабар қурал ўәкиллери қатнасты.
Мәжилис барысында район фермерлери тәрепинен 2022-жыл даўамында ерисилген жетискенликлер талқыланды. Атап өтилгениндей, быйылғы жылда райондағы 352 фермер хожалықларының 13900 гектар жер майданына шигит егилген. Егилген шигитлерден режедеги 44755 тонна орнына 44844 тонна өним алынып, бул бойынша реже 100,2 процентке орынланған.
Жуўмақланып атырған жылда район бойынша жәми 6 мың гектар майданға ғәлле егилген болып, ғәллешилик кластерлери ҳәм фермер хожалықлары арасында 8960 тонна ғәлле жетистириў бойынша шәртнамалар дүзилген. Ғәлле егилген майданларда бир тегис өнип шыққан нәллердиң өз ўақтында агротехникалық қағыйдалар тийкарында тәрбияланыўы, минерал өнимлер менен азықландырыўы ҳәм орым-жыйын жумыслары өз ўақтында алып барылғанлығы себепли белгиленген реже 143,2 процентке артығы менен орынланып, район дийқанлары мәмлекетке шәртнамадағы 8960 тонна ғәлле орнына 12832,2 тонна ғәлле тапсырған.
Баспасөз конференциясы жуўмағында аўыл хожалығы тараўындағы жаңалықлар, 2023-жылдағы режелер ҳаққында да сөз етилди.
Сағынбай ОРАЗЫМБЕТОВ,
өз хабаршымыз.
Әмиўдәрья районы.
СҮЎРЕТТЕ: баспасөз конференциясынан көринис.