Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 06:04:50, 29.03.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ӘСКЕРИЙ ПСИХОЛОГИЯ — ӘҲМИЙЕТЛИ БАҒДАР

Президентимиздиң усы жыл 8-сентябрьдеги қарары менен тастыйықланған «Жол картасы»ның 3-бәнтине муўапық 2023-2024-оқыў жылынан баслап жоқары оқыў орынларының екинши басқышын тамамлаған студентлердиң арасынан талабанларды таңлап алған ҳалда Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлериниң академиясында «Психология (әскерий психолог)» тәлим бағдары бойынша офицер қәнигелерди таярлаў сис­темасы енгизиледи.

Усы қарардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Арқа-Батыс әскерий округиниң  басшылығы тәрепинен Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде үгит-нәсият илажы өткерилди.

Жоқары оқыў орнының «Әмелий психология» қәнигелиги бойынша билим алып атырған студентлердиң қатнасында өткерилген  дөгерек сәўбети даўамында Өзбекстан Республикасы Қорғаныў министрлигиниң әскерий бөлимлеринде әскерий психологлардың хызмети, олардың әскерий бағдары, армия турмысы ҳәм Қураллы Күшлер акаде­миясында енгизилип атыр­ған жаңа билимлендириў системасы ҳаққында толық мағлыўмат берилди. Әскерий хызмет тараўына қызыққан студент-жаслардың барлық сораўларына толық жуўап берилип, олардың бул бо­йынша билимлери байытылды.

Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлериниң академиясында «Психология (әскерий психолог)» тәлим бағдарында билим алыў ушын талабанлар жоқары оқыў орынларының екинши басқышын тамамлаған, денсаўлығы жарамлы, 26 жасқа шекемги болған талабанлардың арасынан таңлап алынады. Әскерий акаде­мияда оқыў тилегин билдирген талабанлар таңлап алыў ҳәм қабыл етиў системасына қарай үш басқышлы сынақлардан өтиўи ти­йис. Таңлап алынған талабанлар Қураллы Күшлер академиясында 3-курстан билим алыўын даўам етеди ҳәм оларға «курсант» әскерий дәежеси бериледи. Улыўма оқыў 4 жылдан ибарат болған бул жаңа бағдарды тамамлаған жасларға «лейтенант» әскерий дәрежеси берилип, кейинги әскерий хызметти әскерий психолог лаўазымларында өтеў ушын Қураллы Күшлер күш структураларының әскерий бөлимлерине жибериледи.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 4-августтағы «Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери әскерий хызметкерлериниң руўхый-ағартыўшылық дәрежесин арттырыў сис­темасын түп-тийкарынан жетилистириў ҳаққында»ғы   қарары менен Қураллы Күшлердиң қурамында әскерий психолог лаўазымлары енгизилип, олардың хызмет бағдары белгиленген еди. Бирақ, «Әскерий психология» бойынша тәлим бағдары бүгинге шекем елимизде енгизилмеген. Жаңа система, әлбетте, армия қатарында ҳәр тәреплеме шыныққан, әскерий турмысқа бе­йимлескен, ҳақыйқый әскерий  психолог кадрларды сапалы таярлаўға хызмет етеди.

Илаж даўамында студент-жасларға үгит-нәсият материаллары тарқатылып, тема бойынша видеокөринис көрсетилди.

Сондай-ақ, елимизде «Психология (психология ҳәм педагогика)» бағдары бойынша жоқары оқыў орынларының студент-жаслары арасында да үгит-нәсият илажларын өткериў режелестирилген.

Қарақалпақтан хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF