Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 11:13:01, 19.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

МҮРӘЖАТТЫ ҮЙРЕНИЎ ҲӘМ ОРЫНЛАЎ ­ БАСЛЫ ЎАЗЫЙПАМЫЗ

Президентимиздиң Олий Мажлис ҳәм Өзбекстан халқына жоллаған Мүрәжаты көпшилик ўатанласларымыз қатары мениң де қәлбимди толқынландырып, кеўлиме йош, денеме және де қуўат бағышлағаны ҳақ гәп.

Себеби, онда билдирилген ҳәр бир пикир, алды­мызға қойылып атырған анық ўазыйпалар, келешек режелердиң түп негизинде, инсан мәпи ҳәм оның қәдир-қымбатының турғанлығын және бир мәрте терең аңладық.

Мәмлекетимиз басшысы өтип атырған 2022-жылда қолға киргизилген нәтийжелерде машақатлы мийнеттиң, елимиздеги тынышлықтың турғанлығын айрықша атап өтти.

Президентимиздиң «Раўажланыў тек ғана жигерли мийнет арқалы болады» деп атап өткениндей, ҳәр қандай тараўда көрсеткишлердиң жоқарылаўында, жигерли мийнет, тынымсыз изленис тийкар болып хызмет етеди.

Ең тийкарғысы, мәмлекетимизде барлық тараўларда жүргизилип атырған реформаларда, Қарақалпақстан Республикасында жасаўшы халықтың турмыс пәраўанлығын арртырыў мәселесине айрықша итибар қаратылмақта.

Ҳүрметли Президентимиздиң «Қарақалпақстанның жетискенлиги — пүткил Өзбекстанның жетискенлиги, Қарақалпақстан тәшўиши — пүткил Өзбекстан тәшўиши» деп айтқан сөзин қарақалпақ халқына болған шексиз ҳүрмет ҳәм исеними сыпатында қабыл етиўимиз керек.

Усылар менен қатар, «Бизиң ийгиликли мақсетимиз — биргеликтеги мийнетимиз бенен Жаңа Өзбекстанда ҳәр тәреплеме раўажланған, абат ҳәм абадан Жаңа Қарақалпақстанды қурыў болып табылады. Әсирлер даўамында ет ҳәм тырнақ сыяқлы бир болып кеткен халықларымыздың дослығына ҳеш қандай күш тәсир ете алмайды. Себеби, бизиң өтмишимиз бир, бүгинимиз де, келешегимиз де бир!» деген кең мәнидеги бийбаҳа пикирлер, елимиздиң ҳәр бир азаматының ел-журт ийгилиги жолындағы пидәкерли ислеринде күш-ғайрат бағышлап, және де беккем аўызбиршилик пенен мийнет етиўге ийтермелейди.

Мәмлекетимизде ҳәр жылы Президентимиз Мүрәжаты тийкарында, келеси жылға атама бериў мәселеси өз сәўлелениўин таўып келмекте. Мине, усы тийкарда 2023-жылды елимизде «Инсанға итибар ҳәм сапалы билимлендириў» жылы деп жәриялаў ҳүрметли Президентимиз тәрепинен усыныс етилди.

Мәмлекеттиң тийкарғы байлығы есапланған инсан­ға итибар, сол мәмлекеттиң ертеңги жарқын келешегинен дәрек береди. Мәмлекет итибарын терең сезинген ҳәр бир инсан, оның келешегине бийпарық болыўы мүм­кин емес. Ҳәр қандай раўажланыўдың түп-тийкары сапалы билимлендириўге барып тақалатуғынлығы, дүнья тәжирийбесинен жақсы мәлим. Соның ушын да мәмлекетимиз басшысы өз Мүрәжатында «Билимлендириў сапасын арттырыў — Жаңа Өзбекстан раўажланыўының бирден-бир туўры жолы болып табылады!» деп айрықша келтирип өтти.

Информациялық тех­ноло­гиялар раўажланған, дүньяда түрли қарама-қарсылықлар ҳәўиж алып атыр­ған бир мәўритте, муғаллим ҳәм ата-ана қолды-қолға берип, бирин-бири қоллап-қуўатласа, биз алдымызға қойған жоқарыдағы ийгиликли мақсетлеримизге, әлбетте, ерисемиз.

Мәмлекетимиз басшысының «Биринши гезекте, итибарды Жаңа Өзбекстан ушын ең үлкен инвестиция болған билимлендириўди қоллап-қуўатлаўға қаратамыз» деп атап өтиўи, тараўда нәтийжеге бағдарланған реформалар әмелге асыўынан дәрек береди.

Ҳәр жыл сайын халқымыз санының артыўы, жаңа әўладлардың қатарымызға қосылып атырғаны, билимлендириў тараўы ушын, жаңа имканиятларды кеңейтиў ўазыйпасын қояды.

Усыларды есапқа алып, келеси жылы 70 жаңа мектеп қурыў, 460 мектепти кеңейтиў, сондай-ақ, жеке инвестициялар қатнасында 100 мектеп қурыў жойбарларын баслаў, кейинги бес жылда олардың санын мыңға жеткериў мақсетлери атап өтилди.

Мектеп питкериўшилерин кәсипке бағдарлаў, олар­ға заманагөй кәсип сырларын үйретиў, перзентлеримиздиң келешекте өмирден өз жолын таўып кетиўинде үлкен әҳмийетке ийе.

Сонлықтан да, Президентимиз мектеп питкериўшилериниң 50 проценти мийнет базарына ҳеш қандай кәсипке ийе болмастан кирип киятырғаны ҳәммемизди ойландырыўы керек деген мәселени ортаға таслап, оның шешими бойынша анық ўазыйпалар белгиледи.

Қулласы, елимиз раўажланыўында айрықша әҳми­йетке ийе болған, терең мазмунға бай, мәмлекетимиздиң дерлик барлық тараўларын раўажландырыў бойынша әҳмийетли ўазыйпаларды өз ишине қамтыған бул Мүрәжатты толық үйрениў, онда белгиленген ўазыйпаларды әмелге асырыўда белсендилик көрсетиў ҳәр бир пуқараның әдиўли ўазыйпасы болыўы тийис.

 

Раўаж ОТАРБАЕВ,

Өзбекстан «Адолат» социал-демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси
баслығының орынбасары, Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиниң депутаты.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF