Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 11:57:23, 12.10.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

РЕФОРМАЛАР ХАЛҚЫМЫЗ УШЫН ХЫЗМЕТ ЕТЕДИ

Елимиз басшысының Олий Мажлиске ҳәм Өзбекстан халқына Мүрәжатын  кең жәмийетшилик пенен бирге ғалаба хабар қураллары арқалы көрип тыңладық.

Мүрәжатта жуўмақланып атырған 2022-жыл оғада қыйын ҳәм сынаўлы жыл болғанлығын, усы дәўирде топлаған тәжирийбемиз бир ҳақыйқатты, раўажланыў — тек ғана жигерли мийнет арқалы  болады - деп атап өтти. 

Мүрәжатта жыл даўамында барлық тараўларда әмелге асырылған жумыслар атап өтилип, келеси жыл ушын режелер, ислениўи керек болған баслы ўазыйпалар белгилеп берилди. Президентимиз 2023-жылды елимизде «Инсанға итибар ҳәм сапалы билимлендириў жылы» деп атаўды усыныс етти.  Бул болса, өз гезегинде  елимизде  алып барылып атырған мәмлекетлик сиясаттың орайында инсан ҳәм оның мәплерин тәмийинлеўди әҳмийетли ўазыйпа етип белгиледи. Сондай-ақ, барлық тараўлар сыяқлы исбилерменлик  тараўын қоллап-қуўатлаў бағдарындағы жумысларымызды даўам еттириўимиз керек екенлиги айтып өтилди.

Өткен дәўир ишинде елимизде исбилерменлерге оғада үлкен итибар қаратылып, имканиятлар жаратылды. Соның нәтийжеси болса керек,  елимизде исбилерменлердиң саны жылдан-жылға артып бармақта, экономикамыз да раўажланбақта.

Басланған реформаларды даўам еттириў ҳәм исбилерменлерди қоллап-қуўатлаў мақсетинде 2023-жыл 1-январьдан баслап қосымша қун салығы  ставкасын 15 проценттен 12 процентке азайтыў есабынан исбилерменлердиң ықтыярында жылына кеминде 14 трил­лион сум дәрамат қалады.        Бул болса, өз гезегинде ӨзЛиДеПтиң электораты болған исбилерменлерди ҳәр тәреплеме  қоллап-қуўатлаў  ҳәм оларға қаратылып атырған  итибардың  жоқары екенлигин аңлаў қыйын емес.      

  Бир сөз бенен айтқанда, Мүрәжатта белгиленген реже ҳәм бағдарламалар, баслы ўазыйпалар елимиз экономикасын раўажландырыўға ҳәм халқымыздың абаданлығын тәмийинлеўге  хызмет етеди.

 

Казбек Артыков,

ӨзЛиДеП Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси

баслығының биринши орынбасары -  аппарат баслығы.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF