Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 08:56:13, 21.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

БИЛИМЛЕНДИРИЎ ХАЛЫҚАРАЛЫҚ БАҒДАРЛАМАЛАР ТИЙКАРЫНДА РЕФОРМАЛАНАДЫ

Мәмлекетимиз Президенти Олий Мажлиске ҳәм халқымызға гезектеги Мүрәжатын халқымыз үлкен қызығыўшылық пенен қарсы алды. Мүрәжатты тыңлап, айрықша толқынланып отырдым.

Себеби, онда билимлендириў системасының хызметкерлерине болған итибар көлеми жылдан-жылға артып баратырғаны және бир мәрте анық көринди. Ең әҳмийетлиси, билимлендириўдиң барлық басқышлары менен байланыслы тийкарғы ўазыйпалар белгилеп берилген. Әсиресе, Президентимиз Олий Мажлиске жоллаған Мүрәжатында «2023-жылдан мектеп билимлендириўин халықаралық билимлендириў бағдарламалары тийкарында пүткиллей реформалаў басланады», деп атап өтиўи пүткил халық билимлендириў тараўының хызметкерлери менен педагогларды руўхландырыў менен бирге оғада үлкен ҳәм мақтанышлы ўазыйпаларды белгилейди. Жақын жылларға шекем бул тараў бираз итибардан шетте қалып келгенин тән алыўымыз керек. Кейинги жыллары болса, бул тараўға ҳүрметли елбасшымыздың басшылығында айрықша итибар қаратылмақта.

Әлбетте, тәлим-тәрбия процесин түпкиликли реформалаў ҳәзирги күнниң әҳмийетли мәселеси сыпатында тән алынып, педагог кадрларға илимли ҳәм мәрипатлы келешек әўладты тәрбиялаўдай үлкен жуўапкершиликти жүклейди.

Әсиресе, Президентимиз Олий Мажлиске жоллаған Мүрәжатында биринши гезекте, итибар Жаңа Өзбекстан ушын ең үлкен инвестиция болған билимлендириўди қоллап-қуўат­лаўға қаратылыўы ҳәм муғаллимлердиң статусын, олардың абырайы ҳәм қәдирин қорғаўды Конституцияда айрықша белгилеў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Мүрәжатта мәмлекетимиз басшысы тәрепинен 2023-жылды «Инсанға итибар ҳәм сапалы билимлендириў жылы» деп атаў усыныс етилди. Бул болса, өз гезегинде, билимлендириў тараўының қәнигелери ушын кең имканиятлар есигин ашады сондай-ақ, жасларымыздың интеллектуаллық, заманагөй билим потенциалларын арт­тырыў жолында әҳмийетли қәдем болып табылады.

Сондай-ақ, Президентимиз Мүрәжатта: балаларымыз мектептен ана тили ҳәм шет тиллерин пуқта өзлес­тирип, компьютерде ислеўди үйренип шығыўы зәрүр екенлиги ҳәм перзентлеримизди кәсип-өнерлерге, көркем өнер ҳәм мәдениятқа қызықтырыўымыз керек, деп айрықша атап өтти. Олардың жетик шахс болып камалға келиўи ушын бүгиннен жетерли итибар бериў, билимлендириўге ерте бағдарлаўымыз зәрүр болады.

Мәмлекетимиз басшысы тәрепинен билимлендириў системасына соншелли итибар берилип атырған екен, биз де, өз гезегинде, бул шақырықларға ҳадал мийнетимиз бенен мүнәсип жуўап бериўимиз керек.

Себеби, Ўатанымыздың келешегине байланыслы болған бул Мүрәжатта жәмийетимиз турмысының ҳеш бир тараўы итибардан шетте қалмаған. Онда көтерилген мәселелер, белгилеп берилген тийкарғы ўазыйпалар хал­қымыздың турмыс дәрежеси ҳәм сапасын арттырыўға қаратылғанлығы менен оғада әҳмийетли. Барлық тараўдағы жағдай, қысқа ўақыт ишинде елимиздиң абырайы, сондай-ақ, потенциа­лын жаңа басқышқа көтериў жолында әмелге асырылған кең көлемли жумыслар, гөзленип атырған шеклер ҳәм оларға ерисиў жолларын, таллаўларға сүйенген санлар менен усынысларды қамтып алған Мүрәжат халықшыллығы ҳәм әпиўайы адамлардың жүрегиндеги арзыў-әрманларды сәўлелендиргени менен де барлық ўатанласларымызда келешекке исеним оятады.

 

Мухтар ИБРАГИМОВ,

Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутаты,

Илим, билимлендириў, мәденият ҳәм спорт мәселелери комитетиниң ағзасы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF