Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 12:07:07, 12.10.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

МОЙНАҚТА «KARAKALPAKSTAN TOURISM FORUM» ФОРУМЫ БОЛЫП ӨТТИ

Усы жылдың 21-декабрь күни Мойнақ районында Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасының басламасы менен Қарақалпақстан Республикасы Минис­трлер Кеңеси, Туризм ҳәм мәдений мийрас министрлиги ҳәм Мойнақ районының ҳәкимлиги тәрепинен биргеликте шөлкем­лестирилген “Karakal­pakstan Tourism Forum” форумы болып өтти.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Ми­нис­трлер Кеңеси Баслығының орынбасары, Туризм ҳәм мәдений мийрас министри Р.Зарикеев, Мойнақ районының ҳәкими Б.Менглибеков, Туризм тараўында халық­аралық жойбарлар бо­йынша эксперт Н. Шаббозова, “Ayim Tour” турист­лик кәрханасының директоры А.Таубалдиевалар шығып сөйлеп, Президентимиздиң басшылығында республикамызда, соның ишинде Мойнақ районында туризмди раўажландырыў, сырт елли мийманларды үлкемизге тартыў, оларға қолайлы шараят жаратыў ҳәм сапалы хызмет көрсетиў бағдарында әмелге асырылып атырған кең көлемли жумысларға тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, бүгинги күнде республикамызда елимизге келиўши туристлерге сапалы хызмет көрсетиў, хызметлер дәрежесин буннан былай да арттырыў мақсетинде бир қатар жергиликли ҳәм халықаралық шөлкемлер менен биргеликте жумыслар алып барылмақта. Әмелге асырылып атырған мине усындай илажлар өз гезегинде туристлик хызмет көрсетиў индустриясын раўажландырыў, елимизге келген туристлер ағымының санын арттырыўда әҳми­йетли орынға ийе.

Қарақалпақстан Республикасында 2022-жыл даўамында туризм ҳәм хызмет көрсетиў тараўларында бүгинги күнге келип жәми 133 миллиард  сумлық 72 жойбар әмелге асырылды ҳәм нәтийжеде 950ден аслам жумыс орны жаратылды. Усы жылдың январь-ноябрь айлары даўамында қала ҳәм районларда 6 шаңарақлық мийман үйи ҳәм 4 хостел шөлкемлестирилип, олардың  саны 61ге жетти.

Усы жылдың 30 ноябрь — 2 декабрь күнлери Ташкент қаласында өткерилген «Жипек жолында туризм» Ташкент халық­аралық туристик ярмаркасында Қарақалпақстан Республикасы туристлик стенди менен қатнасып, онда 4 миллиард 800 миллион сумлық шәртнама дүзилиўине  ерисилди.

Глобал пандемияға қарамастан, 2021-жыл даўамында Қарақалпақстанға 284 мың жергиликли ҳәм 25 мыңға шамалас шет елли турист келген болса, 2022-жыл  даўамында 600 мыңнан аслам жергиликли ҳәм 50 мыңнан аслам шет елли турист келди. Мийманларға хызмет көрсетиўде туризм инфраструктурасы да өз алдына әҳмийетке ийе болып, бүгинги күнде Қарақалпақстан Республикасында 50 туристлик кәрхана, 91 жайластырыў орны, соның ишинде 30 мийманхана, 41 мийман үйи ҳәм 20 хостел өз жумысын алып бармақта. Буннан тысқары, 11 микроавтобус, 46 жол таңламас автотранспорт, 14 квадроцикл ҳәм 15 гид-экскурсовод хызмет көрсетип келмекте.

Соңғы жылларда көп санлы туристлер ағымын тартыў мақсетинде Мойнақта бир қатар мәдений ҳәм кеўилашар илажлар шөлкемлестирилип атыр. Атап айтқанда, 2022-жыл даўамында республикамызда өткерилетуғын мәдений-кеўилашар ҳәм ғалабалық спорт илажларының календарь жобасы ислеп шығылған болып, онда  Мойнақ районында “Navruz” этнофестивалы,  миллий ат спорты фестивалы,  “СТИХИЯ“ халық­аралық электрон музыка фестивалы,  Үстирт тегислиги бойлап «Rally Muynak» экстремал жарыслары,  «Арал ҳәм Мойнақтың қайта тиклениўи» халықаралық экофестивалы, «Арал балықларынан 99 түрли тағам» гастрономиялық фестивалы шөл­кемлестирилди.  Бул илажлар үлкемизге көп санлы мийманларды тартыў менен бирге, Арал экологиялық апатшылығына дүнья итибарын қаратыўда үлкен әҳмийетке ийе болды.

Илаж даўамында Қарақалпақстан Республикасының қала ҳәм районларының туризм имканиятларын таныстырыў мәресими, республикамызда туризм тараўында жумыс алып барыўшы исбилерменлик субъектлериниң көргизбелери, тараўдағы соңғы жаңалықлар, ушырасып атырған машқалалар ҳәм оларды шешиў бойынша сәўбет ҳәм ушырасыўлар шөл­кемлестирилди. Буннан тыс­қары, туризм тараўына заманагөй технологияларды енгизиў бойынша Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасының басламасы ҳәм жәрдеминде ислеп шығылған “Welcome to Muynak” интерактив туристлик картасы ҳәм www.yurtashop.uz онлайн сувенир дүканы презентациясы болып өтти.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF