Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 01:05:06, 18.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЖАҢА КЛИНИКА ИСКЕ ТҮСТИ

Жақында Хожели районы «Шағала көл» МПЖ аймағында жайласқан «LEGENDARY XOJELI» ЖШЖне қараслы «Разы» жеке меншик клиникасы жаңа имаратының ашылыў мәресими болды.

Оған район ҳәкими Ж.Ермашев, төрт сектор басшылары ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты. Онда сөзге шыққанлар Президентимиз тәрепинен медицина тараўына қаратылып атырған айрықша итибарды жоқары баҳалап, жыйналғанларды жаңа клиниканың ашылыў салтанаты менен қызғын қутлықлады.

«Разы» жеке меншик клиникасына исбилермен А.Разатдинов өз қаржысы ҳәм банк кредити есабынан жәми 2,5 млрд. сум муғдарында қаржы сарплап, оған Корея Республикасының 1,2 млрд. сумлық заманагөй медициналық әсбап-үскенелерин алып келип орнатты ҳәм медицина хызметкерлери ушын 15 жаңа жумыс орынларын жаратты.  

— Жақында өз жумысын баслаған «Клиника шөлкемлестириў» жойбарымыз бойынша «Разы» жеке меншик клиникамыздың қурылыс жумысларын усы жылдың март   айында баслаған едик. Клиникамыздың жәми жер майданы 0,03 га болып, соннан бина ҳәм имаратлар ийелеген жер майданы 300 кв.м.ди қурайды. Ҳәр жылы 240 миллион сумлық жумыс көлемин орынлайтуғын клиникамызда хал­қымызға медициналық лаборатория, УЗИ, физиотерапия, стоматология, гинекология, эхокардиограмма ҳәм терапия бойынша заманагөй сапалы медициналық хызметлер көрсетиледи, - дейди исбилермен А.Разатдинов биз бенен сәўбети барысында.

 

Сағынбай ОРАЗЫМБЕТОВ,

өз хабаршымыз.

Хожели районы.

СҮЎРЕТТЕ: жаңа клиниканың сыртқы көриниси.

 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF