Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 14:39:52, 08.10.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

«МЕҲИР ҲӘРЕКЕТИ» ШЕҢБЕРИНДЕ КӨПЛЕГЕН ПУҚАРАЛАРДЫҢ ЖАҒДАЙЫ ЖАҚСЫЛАНБАҚТА

Республикамыздағы аўыр шараятта жасап атыр­ған, хатлаўдан өткерилген пуқаралардың турақ жайларын орнына барып көриў, оларға әмелий жәрдем көрсетиў, үйлерин оңлап бериў бағдарында жумысларды нәтийжели жолға қойыў мақсетинде тийисли тараў басшыларынан дүзилген жумысшы топарлар тәрепинен аўыр шараятта жасап атырған пуқаралардың жасаў шараятларын жақсылаў, олардың турмыс абаданлығын тәмийинлеў бойынша ийгиликли баслама ямаса «Меҳир ҳәрекети» шеңбериндеги қа­йырқомлық илажлар даўам етпекте.

Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик салық басқармасының баслығы Х.Бекчанов ҳәм Хожели районы ҳәкими Ж.Ермашевлар районның 4-секторы аймағындағы «Жайҳун» аўыл пуқаралар жыйынында жасап атыр­ған шараяты аўыр, кем тәмийинленген, социаллық жәрдемге мүтәж пуқаралардың жағдайларынан хабар алды.

Олар дәслеп «Байтерек» мәҳәллесинде болды. Олар тәрепинен усы аўыл тур­ғыны С.Тлеўмуратовқа ҳәр қыйлы азық-аўқатлық өнимлер тапсырылды. Буннан тысқары оған турақ жайын оңлаўы ушын зәрүр жәрдемлер көрсетилетуғынлығы мәлим етилип, бул бойынша исленетуғын жумыслар белгилеп алынды.

Буннан  соң олар ра­йондағы «Қум аўыл» көшесинде жасаўшы Е.Көптилеўовтың   шаңарағында болды. Бул шаңараққа да 4-сектор тәрепинен имаратын қайта тиклеўге жәрдем берилетуғын болды.

Илаж даўамында Хожели районының ең шетки аймақларының бири болған 4-сектор аймағындағы «Жайҳун» аўыл пуқаралар жыйынынан да хабар алынды.

Үйлерди бирме-бир аралаў даўамында социаллық жәрдемге мүтәж Ж.Төребаевтың шаңарағынан хабар алынып, оған ҳәр қыйлы азық-аўқатлық өнимлер тапсырылды. Соның менен бирге, оған тийисли турақ жайды оңлаўға ҳәм үйлерине газ тартыўға жәрдем берилетуғын болды.

Cондай-ақ, Мәмлекетлик салық басқармасы басшылары тәрепинен Хожели районындағы  шетки аймақлардан есаплан­ған «Шағалакөл» мәкан пуқаралар жыйыны тур­ғыны Лалахан Нурмуханованың жасаў жағдайынан да хабар алынды. Оның маш­қалалары үйренилип, оған азық-аўқатлық өнимлер тапсырылып, қыста қыйналмаўы ушын жайының бир бөлмеси поллап берилди. Соның менен бирге, усы мәҳәлледеги Мақпал Аметованың жасаў жағ­дайынан да хабар алынып, оған да ҳәр қыйлы азық-аўқатлық өнимлер ҳәм жыллы ки­йимлер алып берилди. Сондай-ақ, қыс мәўсимин қәўетерсиз өткериўи ушын ысытыў үскенеси қурып берилди.

Бундай илажлар 4-сектор тәрепинен тийисли тараў басшыларының қатнасыўында Қоңырат, Шымбай, Нөкис районларында да өткерилди.

Қайырқомлық илажлардан гөзленген тийкарғы мақсет — инсанлардың бүгинги турмысынан разылығын тәмийинлеў, олардың жасаў шараятларын жақсылаў болып есапланады.

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF