ШАХЗОДАНЫҢ ЖӘНЕ БИР ТАБЫСЫ
Өзбекстан мәмлекетлик денетәрбия ҳәм спорт университети Нөкис филиалының «Көркем гимнастика» бағдары студенти Шахзода Ибрагимова Қарақалпақстан спорты тарийхында биринши мәрте көркем гимнастика бағдары бойынша Халықаралық дәрежедеги Өзбекстан спорт шебери болды.
Дерлик 5 жылдан берли көркем гимнастика спорт түри бойынша Өзбекстан Республикасы сайланды командасына сәрдарлық етип киятырған Шахзода бир неше мәрте қалалық, республикалық, Азия чемпионаты дәрежесиндеги беллесиўлерде қатнасып, сыйлы орынларды ийелеп келмекте.
Спорттың көркем гимнастика түри менен 7 жасынан берли турақлы шуғылланып киятырған Шахзоданың тынымсыз шынығыўлары, турақлы түрде өз үстинде ислеўи, гимнастика менен шуғылланыўдан жалықпаўы өзиниң нәтийжелерин берди. 2020, 2021, 2022-жыллары үш жыл бойы Ташкент қаласында болып өткен Өзбекстан чемпионатында биринши орынды ийеледи. Быйыл Ш.Ибрагимова Таиландтың Паттая қаласында болып өткен Азия чемпионатында қатнасып, барлық қарсыласларын жеңди ҳәм Азия чемпионы болды. Шахзода Туркияның Конья қаласында өткерилген Ислам тилеклеслиги ойынларында Азия чемпионы сыпатында Өзбекстан миллий сайланды командасы қурамында барып, теңсиз екенлигин дәлийллеп, бириншиликти қолға киргизди.
Сондай-ақ, филиалдың көркем гимнастика бағдарының 2-курс студенти Н.Жуманиязова да жас болыўына қарамастан бир қатар чемпионатларда жеңиске ерискени ушын «Халықаралық дәрежедеги Өзбекстан спорт шебери» дәрежесин алды. Филиалдың профессор-оқытыўшысы А.Жолдасбаеваға, тьютор М.Юлдашева ҳәм студентлерден О.Шарашенидзе, А.Жумақанов, А.Бектасовларға «Өзбекстан спорт шебери» дәрежеси берилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.