Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 11:12:03, 24.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

МОЙНАҚҚА МӘРҲАМАТ, МИЙМАНЛАР!

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң протоколына муўапық, усы жыл 21-декабрь күни Мойнақ районында «Karakalpakstan Tourism Forum»  форумы өткериледи.

Бәршемизге белгили, соңғы жылларда Президентимиздиң басламасы менен Мойнақ районының жоқары туристлик потенциалынан пайдаланыў, районды «Саҳра мерўерти»не айландырыў бойынша бир қанша унамлы жумыслар әмелге асырылмақта. Атап айтқанда, усы жылдың өзинде Мойнақта «Наврўз» этнофестивалы, миллий ат ойынлары фестивалы, «Стихия» халықаралық электрон музыка фестивалы, «RALLY MUYNAK» экстремал автомобиль жарыслары, «Арал балықларынан 99 түрли тағам» гас­трономиялық фестивалы, Ҳәким ата — Сулайман Бақырғанийдиң 900 жыллығына арналған илимий-әмелий конференция сыяқлы бир қатар мәдений ҳәм кеўилашар ғалабалық илажлар шөлкемлестирилди.

Буннан тысқары, жаңаланған Мойнақ аэропорты иске түсирилип, Қарақалпақстан Республикасы Туризм ҳәм мәдений мийрас министрлигиниң басламасы менен «Наврўз» этнофестивалы шеңберинде Ташкент-Мойнақ биринши жолаўшылар авиарейси шөлкемлестирилди.

Усы жыл 21-декабрь күни Мойнақ районында өткерилетуғын «Karakalpakstan Tourism Forum»  форумы Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасының басламасы менен Қарақалпақстан Республикасы Минис­трлер Кеңеси, Туризм ҳәм мәдений мийрас министрлиги ҳәм Мойнақ районы ҳәкимлиги тәрепинен шөлкемлестирилмекте.

Биринши мәрте шөлкемлестирилип атырған усы форум шеңберинде төмендеги бағдарларда илажлар әмелге асырылыўы белгиленген:

  1. Қарақалпақстан Республикасы қала ҳәм районларының туризм имканиятлары презентациялары;
  2. Мойнақ районы мысалында регионларда туризмди раўажландырыў имканиятлары, жаңа туристлик маршрутларды ислеп шығыў бойынша «Karakalpakstan Travel Hub» программасы презентациясы;
  3. Қарақалпақстан Республикасында туризм тараўында жумыс алып барыўшы исбилерменлик субъектлериниң көргизбели шығыўлары;
  4. Туризм тараўындағы соңғы жаңалықлар, тараўда жүз берип атырған машқалалар ҳәм оларды шешиў жоллары бойынша дөңгелек стол сәўбети ҳәм ушырасыўлар;
  5. Қарақалпақстан Республикасында туризм тараўында 2022-жыл даўамында әмелге асырылған жумыслар ҳәм жақын келешекте әмелге асырылыўы белгиленген жумыслар бойынша Туризм ҳәм мәдений мийрас минис­трлигиниң пресс-конференциясы ҳәм тағы басқалар.

Буннан тысқары, туризм тараўына санлы экономика принциплерин енгизиў бойынша Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасының басламасы ҳәм көмеги тийкарында ислеп шығылған «Welcomе to Muynak» интерактив туристлик картасы ҳәм www.yurtashop.uz онлайн сувенир дүканының презентациясының да болып өтиўи режелестирилмекте.

Бәршеңизди «Karakalpakstan Tourism Forum»  форумына қатнасыўға мирәт етемиз!

Сағынбай ОРАЗЫМБЕТОВ.  

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF